Ҳүжжеттиң мақсети исбилерменлердиң ҳәкимшилик қәрежетлерин 90 миллиард сумға шекем қысқартыў, сондай-ақ, олардың мәмлекетлик уйымлар менен өз-ара бирге ислесиў процесслеринде 15 күнге шекемги ўақытын үнемлеўден ибарат.
2026-жыл 1-январьдан баслап исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериўде төмендеги хызметлер "Бизнести 15 минутта баслаў" принципи тийкарында бир ўақыттың өзинде көрсетиледи:
электрон санлы имза гилтин бериў;
банк есап бетлерин ашыў ҳәм активлестириў ушын арза бериў;
айырым жумыс түрлери бойынша лицензия, рухсатнама ямаса хабарнама алыў ушын арза жибериў;
көшпес мүлк ижарасы шәртнамасын рәсмийлестириў;
қосымша қун салығын төлеўшиниң гүўалығын алыў (гүўалық салық қәўпи дәрежеси анықластырылмастан автомат тәртипте берилетуғын салық төлеўшилерге);
онлайн режиминде онлайн қадағалаў-касса машиналарын сатып алыў ҳәм оларды салық уйымларында дизимнен өткериў;
юридикалық шахстың басшысын тайынлаў ҳәм оны "Бирден-бир миллий мийнет системасы" уйымлараралық аппарат-программалық комплексинде есапқа алыў.
"Бизнести 15 минутта баслаў" принципи шеңберинде:
исбилерменлик субъекти ҳәр бир хызметтен өз таңлаўы тийкарында ықтыярлы түрде пайдаланады;
таңланған хызметлер бойынша бирден-бир ҚР-код арқалы төлемди әмелге асырыў имканияты жаратылады.
Сондай-ақ, 2026-жыл 1-январьдан жеке тәртиптеги исбилерменлерге фирма атамасына ийе болыўға руқсат бериледи. Исбилерменлик субъектлериниң дәслепки мағлыўматлары (аты, фамилиясы, әкесиниң аты, фирма атамасы, мәнзили, шөлкемлестириў-ҳуқықый формасы ҳәм басқалар) өзгергенде усы мағлыўматлар бойынша өзгерислер жеке тәртиптеги исбилерменлик гүўалығына, лицензия, рухсатнама ҳәм хабарнамаларға уйымлараралық электрон өз-ара бирге ислесиў арқалы автомат тәртипте бийпул киргизиледи. Бунда:
жеке тәртиптеги исбилерменниң аты, фамилиясы ҳәм әкесиниң аты өзгергени ҳаққындағы мағлыўматлар Ишки ислер министрлигиниң "ID-карта" автоматластырылған мәлимлеме системасы арқалы бериледи;
басқа мағлыўматлар Исбилерменлик субъектлерин мәмлекетлик дизимнен өткериў ҳәм есапқа алыўдың автоматластырылған системасынан "Лицензия" мәлимлеме системасына реал ўақыт режиминде белгиленген тәртипте усынылады.
Лицензиялаў ҳәм руқсат бериў тәртип-қағыйдаларын әпиўайыластырыў.
2026-жыл 1-марттан баслап лицензиялаў, руқсат бериў ҳәм хабардар етиў тәртип-қағыйдалары тараўында ҳуқықбузарлықлар ислегени ушын юридикалық тәреплерге жәрийма қолланыўда олардың лаўазымлы шахсларын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартыў тәртиби бийкар етиледи.
Сондай-ақ, лицензия ҳәм руқсат етиў характерине ийе ҳүжжетлерди алыўда "Лицензия" АТда ықтыярлы түрде дәслепки баҳалаў хызмети енгизилип, онда:
дәслепки баҳалаў шеңберинде имарат ҳәм объектлер, үскенелер, жумысшылар ҳәм басқалар ҳаққындағы мағлыўматлардың лицензия ҳәм рухсатнама алыў талапларына муўапықлығы үйрениледи және тийисли жуўмақ бериледи;
дәслепки баҳалаў хызмети 20 күннен аспаған мүддетте көрсетиледи, сондай-ақ, тийисли лицензия ямаса рухсат бериў характерине ие ҳүжжетти бериў ушын арза көрип шығылғаны ушын төленетуғын жыйым муғдарынан көп болмаған муғдарда төлем өндириледи.
Ҳүжжет пенен исбилерменлик жумысын мәмлекет тәрепинен тәртипке салыў жүгин азайтыў, сондай-ақ, бюрократиялық тосқынлықларды қысқартыў бойынша "Жол картасы" тастыйықланды.
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 2025-жыл 14-ноябрьден күшке кирген, деп жазады «Norma».