EsyaSoft компаниясы 2014-жылы Дубайда шөлкемлестирилген болып, электр, суў ҳәм газ тармақларын санластырыў ҳәм модернизациялаўға қәнигелескен. Бүгинги күнде ол 10 нан аслам мәмлекетте жойбарларды табыслы әмелге асырмақта, 5 мыңнан аслам хызметкерди бирлестирмекте, жыллық дәраматы болса 2025-жылы дерлик 15 миллион АҚШ долларына жеткен.
Сөйлесиўлер жуўмағында жасалма интеллект тийкарындағы технологияларды қолланған ҳалда Өзбекстанның энергетика ҳәм суў тәмийнаты тараўларында кең көлемли жойбарларды баслаўға келисип алынды.
Бул басламалар экономиканың әҳмийетли тармақларының нәтийжелилигин арттырыў ҳәм мәмлекеттиң санлы инфраструктурасын жедел раўажландырыўға хызмет етеди.









