Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, бундай шараятта турақ жайлар ҳәм социаллық тараў объектлерин тәбийғый газ бенен үзликсиз тәмийинлеў тийкарғы ўазыйпа есапланады.
Сол себепли 10-март күни саат 16:00 ден баслап мәмлекетимиз аймағындағы барлық "метан заправка"ларының жумысына ўақтынша шеклеў киргизилмекте.
Соның менен бирге, социаллық тараў ҳәм жәмийетлик транспорт объектлерин газ бенен тәмийинлеў шеклеўлерсиз, турақлы түрде даўам етпекте.
Бул илажлар халықты ҳәм социаллық объектлерди үзликсиз газ бенен тәмийинлеўге қаратылған. Ўақтыншалық қолайсызлықлар ушын кеширим сораймыз.