Олардың көлеми хожалық категориялары бойынша төмендегише бөлистириледи:
фермер хожалықларында - 14,9 мың тонна;
дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкаларында - 42,8 мың тонна;
аўыл хожалығы жумысын әмелге асырыўшы шөлкемлерде - 3,8 мың тонна.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2024-жылы республикамыздың барлық категориядағы хожалықлары тәрепинен 61,5 мың тонна әнар жетистирилген.
Олардың көлеми хожалық категориялары бойынша төмендегише бөлистириледи:
фермер хожалықларында - 14,9 мың тонна;
дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер участкаларында - 42,8 мың тонна;
аўыл хожалығы жумысын әмелге асырыўшы шөлкемлерде - 3,8 мың тонна.
2025-жыл 1-октябрь жағдайына бола, Өзбекстанда физикалық тәреплерге тийисли 4 725,9 мың автотранспорт қураллары дизимнен өткерилген. Бундай мағлыўматларды Миллий статистика комитети келтирип өтпекте.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда жәми қамсызландырыў хызметлериниң көлеми 10 триллион сумды қураған. Бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 2,6 триллион сумға көп.
Миллий статистика комитети мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў көлеми 114,8 триллион сумды қураған.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстан 31 сырт мәмлекеттен улыўма баҳасы дерлик 28,9 миллион АҚШ долларына тең болған дерлик 12,2 мың тонна балық ҳәм теңиз өнимлерин импорт еткен.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың 1-январь жағдайына бола, Өзбекстанда халықтың шыпакерлер менен тәмийинлениў дәрежеси 10 мың халыққа 28,6 шыпакерди қурайды.
Миллий статистика комитетиниң мағлыўматларына бола, 2025-жылдың январь-октябрь айларында Өзбекстанда ири кәрханалар тәрепинен 34,3 триллион сумлық кийим-кеншек ислеп шығарылған. Бул 2024-жылдың усы дәўирине салыстырғанда 32,9 процентке көп.





