Нәтийжеде логистика үзилислери, транспорт жөнелислеринде кешигиўлер, бажыхана рәсмийлестириўиндеги қыйыншылықлар, халықаралық төлемлерди әмелге асырыўдағы қыйыншылықлар бақланбақта.

Усы мүнәсибет пенен Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги тәрепинен сыртқы саўда жумысын әмелге асырып атырған кәрханаларды жедел қоллап-қуўатлаў механизми енгизилди.

Бул механизм шеңберинде исбилерменлер тиккелей @miit_tashqisavdo_bot телеграмм-боты арқалы, сондай-ақ, Республикалық експорт штабы жанындағы Call-орайының 24/7 режиминде ислейтуғын +998 (71) 238-52-52 телефоны арқалы мүрәжат етиўи мүмкин.