Бул ҳаққында Өзбекстан Республикасы Аўыл хожалығы министрлиги жанындағы Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў агентлиги хабар бермекте.
Қытайдан алып келинген мандарин ҳәм ананаслардың партияларынан үлгилер алынып, Орайлық фитосанитария лабораториясына экспертиза ушын жиберилди. Анализ нәтийжелери бойынша үлгилерде карантин зыянкеслер анықланды:
Цитрус аққанаты (Dialeurodes citri Ashmead),
Шығыс цитрус қалқаншасы (Unaspis yanonensis Kuwana),
Ананаслы ун тамшысы (Dysmicoccus brevipes Cockerell).
Мәлим етилиўинше, бул қәўипли организмлер түри 20 ға шамалас өним партияларында анықланған.
Зыянланған өним партиялары ҳаққында ҚХР Өсимликлер карантини ҳәм оны қорғаў миллий шөлкемине хабар берилди, барлық тийисли мағлыўматлар ҳәм ҳүжжетлер усынылды.
Қатаң қадаған етиў дәўиринде Қытайдан карантин рухсатнамасын рәсмийлестирип мандарин ҳәм ананасты алып кириў ўақтынша тоқтатылады.
Бул илаж Өзбекстан аймағына қәўипли карантин объектлериниң кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў мақсетинде ўақтынша енгизилген болып, қадаған етиў себеплери сапластырылғанша әмел етеди.