2026/2027-оқыў жылынан баслаўыш класс муғаллимлери ҳәм педагоглардың
ҳуқық тараўы бойынша билим ҳәм педагогикалық көнликпелериниң дәрежесин анықлаў
ҳәм миллий сертификатлар бериў нәзерде тутылмақта.
Қытай, корейс, япон, испан, итальян, парсы, дарий, пушту, урду, ҳинд ҳәм
уйғыр шет тиллерин билиў дәрежесин көп дәрежели (Multi-level) тесттен
өткериў системасы енгизиледи.
Баслаўыш класс муғаллимлерине миллий сертификат бериў ушын маманлық
имтиханларын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже төмендеги тәртиплерди белгилейди:
баслаўыш класс муғаллимлериниң билим дәрежеси ҳәм педагогикалық
көнликпелерин тастыйықлаў ушын маманлық имтиханларын шөлкемлестириў;
имтихан тапсырмаларын ислеп шығыў;
баслаўыш класс
муғаллимлерине миллий сертификат бериў ҳәм олардың реестрин жүргизиў;
қәнигелик
имтиханларының нәтийжелери бойынша апелляцияны көрип шығыў;
мәмлекетлик
хызметлер көрсетилгенлиги ушын төлемлерди әмелге асырыў ҳәм қаплаў.
Ҳүжжет пенен
баслаўыш класс муғаллиминиң билим дәрежеси ҳәм педагогикалық компетентлиги
ҳаққындағы миллий сертификатының мәмлекетлик үлгиси тастыйықланды.
Маманлық
имтиханының нәтийжелери бойынша талапларды орынлаған баслаўыш класс муғаллимлерине
3 жыл даўамында әмел етилетуғын А+, А, В+, В, С+, С электрон сертификаты
бериледи.
2026/2027-оқыў
жылынан баслаўыш классларда сабақ берип атырған В+ ҳәм оннан жоқары миллий
сертификатқа ийе муғаллимлерге сертификаты әмел етиў мүддети даўамында барлық
пәнлер бойынша тийисли тилге муўапық олардың штат мийнет ҳақысының 15 проценти
муғдарында мәмлекетлик бюджет қаржылары есабынан ҳәр айлық үстеме төлеп
барылады.
Ҳүжжет Нызамшылық
мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 30.07.2026-жылдан күшке кирди,
деп жазады «Norma».