Пәрманға муўапық, төмендегилерди нәзерде тутатуғын салық қарыздарлығы ҳәм машқалалы кредитлерди өндириўдиң жаңа тәртиби енгизилмекте:
өндириўши тәрепинен рәсмийлестирилген процессуал ҳүжжетлер ҳәм мәмлекетлик орынлаўшының қарары тийкарында орынлаў ҳүжжетлери бойынша мүлкти электрон онлайн-аукцион арқалы сатыў имканиятын жаратыў;
юридикалық шахслардың мүлклерин қамаққа алыў ҳәм тексериўге байланыслы процессуал ҳүжжетлерди рәсмийлестириў бойынша жумысларды орынлаў:
салық қарызын өндириў ҳаққындағы орынлаў ҳүжжетлери бойынша - салық уйымының лаўазымлы шахсы тәрепинен;
гиреў менен тәмийинленген миннетлемелердиң орынланыўы ҳаққындағы ҳүжжетлер бойынша мәмлекетлик орынлаўшының тапсырмасына тийкарланып - коммерциялық банктиң ўәкилликли шахысы тәрепинен;
саўдаларды шөлкемлестириўге байланыслы ҳүжжетлерди (гиреў ҳүжжетлери, қамаққа алыў ҳәм тексериў актлери) электрон платформалар арқалы жибериў;
мүлкти рәсмийлестириў менен байланыслы қәўип-қәтерлерди оларды рәсмийлестирген уйымларға (салық уйымлары ямаса коммерциялық банклерге), егер қамаққа алыў ҳәм көзден өткериў олардың хызметкерлери тәрепинен өткерилген болса, жүклеў.