Қарарға бола, 2026-жыл 1-марттан "мәҳәлле жетилиги"ниң жуўмағы тийкарында "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген ҳәм шаңарағының мийнетке уқыплы ағзалары болмаған I топар майыплығы болған шахслардың турақ жайларында дийўал ҳәм төбени изоляциялаў, энергияны үнемлейтуғын айна ҳәм есиклер, қуяш панеллери ямаса гелио коллекторлар орнатыў жумыслары әмелге асырылады.
2026-жыл 1-марттан баслап "аўыр" аймақларда шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде кредитлер жыллық 12 процент ставкада ажыратылады.
2026-жыл 1-марттан ҳаял-қызлар белсендилери ҳәм жаслар жетекшилери район ҳәм қала ҳәкимлери тәрепинен лаўазымға тайынланады ҳәм азат етиледи.
2026-жыл 1-июльдан 2028-жыл 1-январьға шекем Бәнтликке көмеклесиў мәмлекетлик қорының қаржылары есабынан профессионал билимлендириўдиң сапасын арттырыўға қаратылған төмендеги субсидия түрлери енгизиледи:
оқытыўшылар ҳәм өндирислик оқытыў шеберлерине халықаралық дәрежеде тән алынған кәсиплик билимлендириў бойынша сертификатлар, сондай-ақ, миллий сертификатларды (тастыйықланған дизим бойынша) алыў ушын жумсалған қәрежетлердиң 50 проценти, бирақ БЕМның 20 есесине шекемги бөлеги қаплап бериледи;
қәнигеликти баҳалаў орайларын шөлкемлестирген исбилерменлерге баҳалаў қуралларын сатып алыў қәрежетлериниң 30 проценти, бирақ БЕМниң 200 есесинен көп болмаған муғдарда компенсация төленеди.