Президенттиң 26.12.2025-жылдағы ПП-258-санлы Пәрманына муўапық, 2026-жыл 1-февральдан "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" ҳәм Кәмбағал шаңарақлар реестри тийкарында Бирден-бир социаллық реестр жумыс алып барады.
Социаллық реестр социаллық жәрдем көрсетилетуғын шаңарақларды (адамларды) анықлаў ҳәм олардың социаллық-экономикалық жағдайын баҳалаў ўазыйпаларын орынлайтуғын "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АТда жүргизиледи. Социаллық реестрде олар "мәмлекет тәмийнатындағы шаңарақ", "кәмбағал шаңарақ" ҳәм "кәмбағаллық шегарасындағы шаңарақ" сыяқлы категорияларға ажыратылады.
Ҳүжжет пенен төмендеги тәртиплер ҳаққындағы реже тастыйықланды:
Социаллық реестрди жүргизиў;
Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлар ушын индивидуал реже дүзиў ҳәм оның орынланыўын тәмийинлеў;
Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларға балалар напақасы ҳәм материаллық жәрдемди тайынлаў ҳәм төлеў;
район (қала) ҳәкимликлериндеги келиспеўшиликлерди шешиў бойынша апелляция кеңеслериниң жумысы.
Ҳүжжетке бола, 2026-жыл 1-февральға шекем "Социаллық қорғаўдың бирден-бир реестри" АТ арқалы балалар напақасы ҳәм финанслық жәрдем алыўшы "жасыл" категориядағы шаңарақлар, сондай-ақ, "Кәмбағал шаңарақлар реестри"не киргизилген шаңарақлардың социаллық-экономикалық статусы "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АТға автоматластырылған түрде өткериледи.
Онда, Социаллық реестрге киргизиў талапларына жуўап беретуғын шаңарақлар қосымша арза берместен оған өткериледи.
Социаллық реестрге киргизилген шаңарақлар бойынша индивидуал режелердиң орынланыўы район (қала) ҳәкимлериниң жумыс нәтийжелилигиниң ең әҳмийетли көрсеткишлеринен бири сыпатында есапқа алынады.
Социаллық қорғаў миллий агентлиги пуқараларды социаллық реестрге киргизиў ямаса оннан шығарыўға байланыслы тәртип-қағыйдалардың нәтийжелери ҳаққында олардың мобил телефонларына бийпул қысқа SMS-хабар жибериў арқалы мағлыўмат береди.
Сондай-ақ, дизимлер тастыйықланған:
"Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" мәлимлеме системасындағы уйымлараралық электрон мәлимлеме алмасыў шеңбериндеги мағлыўматлар;
Социаллық реестрге киргизилген шаңарақларды социаллық қоллап-қуўатлаў бойынша мәмлекетлик илажлар;
- мәмлекетлик социаллық қоллап-қуўатлаў илажлары шеңберинде "Санлы ҳүкимет" системасының уйымлараралық интеграция платформасы арқалы "Бирден-бир миллий социаллық қорғаў" АЖға усынылатуғын мағлыўматлар топламы;
Ҳүжжет Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында жәрияланған ҳәм 02.02.2026-жылдан күшке кирди, деп жазады «Norma».