Қарарға бола, 2026-жылдан баслап ҳәр жылы стартап жойбарға айландырыў имканияты жоқары болған идеяларды анықлаў бойынша "Ең инновациялық идея" республикалық таңлаўы өткериледи.
Таңлаў мәмлекетлик жоқары билимлендириў шөлкемлеринде өткерилип, жеңимпазларға 100 млн сум муғдарында грант бериледи.
Республикалық басқыш 10 бағдар бойынша өткерилип, сыйлық қоры Илимди қаржыландырыў ҳәм инновацияларды қоллап-қуўатлаў қорының қаржылары есабынан 10 миллиард сум етип белгиленбекте.
2026-жыл 1-сентябрьден баслап жоқары билимлендириў шөлкемлеринде "ЖООлар - стартаплар генераторы" бағдарламасы әмелге асырылады. Бунда:
IТ-парк ҳәм венчур фондлары менен биргеликте жоқары билимлендириў мәкемелеринде студентлер акселераторлары енгизиледи;
студентлер ушын абырайлы халықаралық акселераторлар ҳәм университетлер менен стажировка ҳәм алмасыў бағдарламалары жолға қойылады;
жоқары билимлендириў шөлкемлерине инкубация орайлары ҳәм студентлер акселераторлары арқалы студентлер ҳәм илимий хызметкерлердиң перспективалы стартап жойбарларына ҳәр бир жойбар ушын 20 мың АҚШ долларына шекемги эквивалентте өз қаржыларын инвестициялаў ҳуқықы бериледи;
студентлер акселераторларында "стартап-менеджер" ҳәм "стартап-трекер" лаўазымлары нәзерде тутылады.