Бул сорт узақ жолды басып өткен импорт мандаринлерди Өзбекстанның қолайлы климат шараятында жетистирилген жаңа «Mediana» мийўеси менен жергиликли базарларда басқышпа-басқыш алмастырыў имканиятын береди.

Жаңа сорт жергиликли топырақ-ықлым ҳәм суў шараятына жақсы бейимлескен. Сол себепли оны жетистириўде өсимликлерди қорғаўдың химиялық қуралларынан аз пайдаланыў мүмкин, бул болса экологиялық таза ҳәм қәўипсиз өнимди тәмийинлейди.

Мағлыўмат ушын, селекция жетискенлигин дизимге алыў "Селекция жетискенликлери ҳаққында"ғы нызам менен тәртипке салынатуғын ҳуқықый тәртип-қағыйда болып есапланады. Ол сорт авторына оннан пайдаланыўда айрықша ҳуқық береди.

Егер сорт жаңалық, айырмашылық, бир теклилик ҳәм турақлылық критерияларына жуўап берсе, селекция жетискенлиги нызам менен қорғалады.

Дизимнен өтиў ушын Әдиллик министрлигиниң im.adliya.uz  порталы арқалы онлайн арза бериў мүмкин.