Мәжилис Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Ильзат Касимов ҳәм Вьетнам Социалистлик Республикасы санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Фан Тхи Тханг басшылығында өтти.
Ушырасыўда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы ҳәм оны раўажландырыў перспективалары додаланды. Саўда-экономикалық байланысларды кеңейтиў, сондай-ақ, аўыл хожалығы, транспорт ҳәм логистика, билимлендириў ҳәм туризм тараўларындағы бирге ислесиўди раўажландырыў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.
Мәжилис жуўмағында биргеликтеги жойбар ҳәм басламаларды әмелге асырыў бойынша келисилген илажлар комплексин нәзерде тутатуғын Өзбекстан - Вьетнам ҳүкиметлераралық комиссиясының 8-мәжилис протоколына қол қойылды.