Экономикалық изертлеўлер ҳәм реформалар орайы усы жылдың январь айы жуўмақлары бойынша Өзбекстан бирлемши автомобиль базарының динамикасы ҳәм аймақлық структурасының жаңаланған анализин усынды. Таллаўлар базар сегментлери, соның ишинде, электромобиллер базарындағы өзгерислерди де көрсетпекте.

Аймақлар кесиминде Бухара, Қашқадәрья, Ферғана ҳәм Сурхандәрья ўәлаятларында ең үлкен белсендилик бақланды.

Соның менен бирге, Самарқанд ҳәм Хорезм ўәлаятлары және Ташкент қаласында жаңа жеңил автомобиллерди сатыў көлеми өткен жылға салыстырғанда азайды.

Өзбекстанда ислеп шығарылған жаңа автомобиллер сегментинде саўдалар өткен жылдың январь айына салыстырғанда 11 проценттен көбирек өсип, 24 мыңнан асты.

Соның менен бирге, сырт елде ислеп шығарылған жаңа автомобиллердиң сатылыўы өткен жылдың январь айына салыстырғанда 10 процентке төменлеп, дерлик 4,4 мыңды қурады.

Электромобиллер базар өсиўиниң тийкарғы драйверине айланды.

Январь айында электромобиллерди сатыў дәрежеси 9 процентке өсип, 6,1 мың данаға жетти.

Аймақлар кесиминде көрсетилиўинше, январь айында саўданың тийкарғы көлеми Ташкент қаласына туўра келип, ол жерде 3,7 мың электромобиль сатылған ямаса улыўма көлемниң 62 процентинен асламы сатылған.

Кейинги орынларда Самарқанд (3,5 есе), Наманган (2,4 есе), Сурхандәрья (5 есе) ҳәм Хорезм (3 есе) ўәлаятлары турады.

Соның менен бирге, электромобиллердиң басланғыш базары рекорд дәрежеде 45,3 процентке өсип, 4,7 мың электромобилди қурады.