Uzbekistan Airports баспасөз хызметиниң хабар бериўинше, жолаўшы биометрикалық паспортын үскенеге қойыўы ҳәм жүзди таныў процесинен өтиўи жеткиликли - шахсы тастыйықланғаннан соң, турникет автомат түрде ашылады. Барлық процесс шама менен 15-20 секунд даўам етеди.
E-Gate системасы биринши мәрте Ташкент аэропортында 2023-жылы - халықаралық терминалдың ушып кетиў залында енгизилген еди. Жаңа участканы есапқа алған ҳалда пайтахт ҳаўа портында автоматластырылған өткериў линияларының улыўма саны 20 ға жетти.
E-Gate технологиясының енгизилиўи паспорт қадағалаўынан өтиў ўақтын сезилерли қысқартыў, қадағалаў пунктлериниң өткериўшеңлик қәбилетин арттырыў ҳәм жолаўшыларға қосымша қолайлықларды тәмийинлеў имканиятын береди.








