Жуўмақлаўшы турда жерлеслеримиз Сингапур командасын 20:4 есабында исенимли жеңип шықты ҳәм жарыс жуўмағында үшинши орынды ийеледи.
Итибарлы тәрепи, бул нәтийже командамызға усы жылдың август айында Испанияда болып өтетуғын усы жас категориясындағы спортшылар арасындағы жәҳән чемпионатына жолламаны да алып келди.