Ушырасыўда бизнести қаржыландырыўда альтернатив дәрек сыпатында венчур фондлардың әҳмийети айрықша атап өтилди ҳәм тараў ушын жаңа басламалар алға қойылды.
Кейинги жыллары тараўды раўажландырыўға мәмлекетлик сиясат дәрежесинде итибар қаратылып, исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаў, экономикада мәмлекеттиң үлесин басқышпа-басқыш азайтыўға қаратылған анық мәнзилли илажлар көрилди.
Салық ставкаларының азайтылыўы, тийкарсыз ҳәм нызамсыз тексериўлердиң сапластырылыўы, айырым финанслық жәриймалардың бийкар етилиўи мәмлекетте исбилерменлик орталығының унамлы тәрепке өзгериўине себеп болды. Жедел реформалар нәтийжесинде адамлар бизнес жүргизиўде ҳақыйқый еркинликти сезинип ғана қалмастан, өз жумысында көрип, билип, бул арқалы өз жумысына исеними артып бармақта. Нәтийжеде бул тараў жумыс орны, инвестиция, инновация, бәсеки, қосымша қун ҳәм экспортты көбейтиўге ең үлкен түртки берип атырған бағдарға айланды. Буны соңғы бес жылда киши ҳәм орта исбилерменлер санының еки есеге көбейгени, оларда 10 миллион 500 мың адам - жәми бәнт халықтың 74 проценти дәрамат таўып, шаңарағын бағып атырғаны мысалында да көриў мүмкин.
Кейинги бес жылда мәмлекетимизде венчур фондлардың қатнасыўында 145 миллион АҚШ доллары муғдарында 53 стартап жойбар әмелге асырылды. Өткен жылы декабрьде өткерилген видеоселектор мәжилисинде мәмлекетлик банклер мәҳәллелердеги стартап жойбарларды хошаметлеў мақсетинде венчур компаниялар дүзиўи ҳәм олар арқалы улыўма есапта 50 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы қаратылатуғыны белгиленген еди. Сондай-ақ, ҳәр бир банк жеке меншик шерик таўып, стартапларды бизнеске айландыратуғын акселераторлар жумысын жолға қойыўы нәзерде тутылған еди. Өткен ўақыт даўамында мәмлекетке тийисли 9 банк 3 венчур компания ашып, 50 миллион АҚШ доллары баҳасындағы фонд қәлиплестирди. Бул бизнес баслап атырған исбилерменлер ушын үлкен имканиятлар есигин ашты.
Бул баслама нәтийжесинде сийрек ушырасатуғын бизнес идеяларға ийе, бирақ жетерли қаржысы болмаған көплеген жаслар ҳәм исбилерменлердиң стартап жойбарлары турмысқа енгизилмекте. Онда тек ғана қаржылай хызмет көрсетиў емес, ал жойбарды ислеп шығыў, исбилерменлик стратегиясын дурыс бағдарлаў, базарға кирип барыў сыяқлы мәселелерде де жәрдемлесилмекте.
Мәмлекетимиз басшысы бундай жойбарлар экономикаға жаңа бағдар, технология, инновация ҳәм жоқары қосымша қун алып келетуғынын айрықша атап өтип, бул бағдардағы жумыслар еле жетерли емеслигин атап өтти. Венчур фондлар қаржысының бир бөлегин жасалма интеллект жойбарларына бағдарлаў усынысы қоллап-қуўатланды.
Мәмлекетимизде киши ҳәм орта бизнести раўажландырыў бойынша венчур фондларға итибар қаратылып атырғаны бийкарға емес. Себеби олар жаңа баслап атырған стартаплар ушын жүдә қолайлы болады. Венчур фондлары стартапларға басланғыш капиталды тәмийинлейди. Бул стартаптың өсиўи ҳәм раўажланыўы ушын зәрүр болған ең әҳмийетли фактор. Оларда стартаплар өсиўине жәрдем беретуғын тәжирийбели қәнигелер бар. Сол себепли, базар анализи, маркетинг, финанслық режелестириў ҳәм басқа да тараўларда мәсләҳәт бериўи мүмкин. Буннан тысқары, венчур фондларының кең байланыс тармағы бар. Олар стартапларға инвесторлар, қәнигелер ҳәм басқа да әҳмийетли шахсларды тартыўда жәрдем береди. Стартапқа инвестиция киргизиўи венчур фондтың басқа инвесторлар ушын тартымлылығын арттырады ҳәм стартап раўажланыўы ушын дурыс бағдар таңлаўда жәрдем береди.
Венчур фондлардың және бир әҳмийетли тәрепи жаңа жумыс орынларын жаратыў ҳәм экономикалық өсиўге үлес қосыў болып есапланады. Сондай-ақ, инновацияларды раўажландырыўға жәрдем береди. Жәмийетке пайда келтиретуғын жаңа технологияларды жетилистириўге имканият жаратады.
Президентимиз киши ҳәм орта бизнестиң раўажланыўын әҳмийетли деп билип, венчур фондлар бул тараўдың табысы ушын үлкен әҳмийетке ийе екенин уқтырмақта. Себеби, венчур фондлар стартапларға тек ғана пул емес, ал тәжирийбе ҳәм байланыс жағынан да жәрдем берип, еркин бизнеске айланыўына жәрдем береди.
Шаҳноза ХОЛМАҲАМАТОВА,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасының депутаты