Венгрия менен саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, жаңа жойбарларды иске қосыўға келисип алынды

    Усы жыл 17-июльде Будапешт қаласында Өзбекстан-Венгрия арасындағы Ҳүкиметлераралық комиссияның Х юбилей мәжилиси болып өтти.

    Сөйлесиўлерде делегацияларға Өзбекстан инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов ҳәм Венгрия сыртқы ислер ҳәм сыртқы экономикалық байланыслар министри Пéтер Сзижжáртó басшылық етти.

    Тәреплер саўда-экономикалық бирге ислесиўди тереңлестириў, санаат, транспорт, энергетика ҳәм билимлендириў тараўларында жаңа жойбарларды иске қосыў мәселелерин додалады. Ташкент ўәлаятында қоспа санаат зонасын әмелге асырыў ҳәм Венгрия инвестицияларын кеңейтиў ушын зәрүр шараятлар жаратыўға айрықша итибар қаратылды.

    Сөйлесиўлер жуўмағында еки - Stipendium Hungaricum билимлендириў бағдарламасы ҳәм Basalt Group ҳәм де MOL арасындағы санаат кооперациясы бойынша меморандумларға қол қойылды.

    Мәжилис шеңберинде өткен бизнес-форумда Венгрия компанияларының "Жаңа Ташкент", санлы трансформация ҳәм инфраструктура жойбарларында қатнасыў перспективалары додаланды, деп хабар бермекте Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates