Венгрияда Өзбекстан жаңалықларына қызығыўшылық артып бармақта

    Өзбекстан елшиси Ойбек Шахавдинов Венгрияның «Magyar Demokrata» газетасының тийкарын салыўшысы ҳәм бас редакторы Андраш Бенчик және Өзбекстандағы парламентлик сайлаўларда бақлаўшы сыпатында қатнасқан усы газетаның журналисти Жорж Сальм менен ушырасыў өткерди.

    «Magyar Demokrata» - гәрезсиз ҳәм Венгриянын ең абырайлы газеталарынан бири. Газетаның электрон басылымын ҳәр айда 1 миллионға шамалас адам оқыйды.

    Сөйлесиў даўамында, Венгрияда еки тәреплеме қатнасықлардың жедел раўажланыўы шеңберинде Өзбекстан ҳаққындағы жаңалықлар, әмелге асырылып атырған кең көлемли реформаларға қызығыўшылық артып атырғаны атап өтилди. Соның менен бирге, ҳәр еки мәмлекет Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң (ТМШ) белсенди ағзалары болып, басқа ағза мәмлекетлер менен тығыз дослық ҳәм стратегиялық шерикликти кеңейтип атырғаны атап өтилди.

    Ушырасыў жуўмағында газетада Өзбекстанға бағышланған бир қатар мақалаларды басып шығарыў ҳәм бул бағдардағы бирге ислесиўди кеңейтиўге келисип алынды, деп хабар береди "Дунё" ХА.