Додалаў ўақтында бюджет қаржыларын бөлистириўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеў, пуқараларды бюджет процесине тартыў имканиятларын кеңейтиў арқалы олардың мақсетли жумсалыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў бойынша системалы жумыслар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди. Буннан тысқары, нызамда бюджет қаржыларынан пайдаланыў ҳәм олардың финанслық еркинлигин тәмийинлеў бойынша басшылардың ўәкилликлерин кеңейтиў нәзерде тутылмақта.
Сенаторлар бюджет қаржыларынан пайдаланыў нәтийжелилигин арттырыў ҳәм жәмийетлик қадағалаўды күшейтиў мақсетинде есабат түрлери кеңейтилип атырғанын атап өтти. Мәмлекетлик бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабаттың структурасына бюджет шөлкемлериниң бюджеттен тысқары қорларының орынланыўы ҳәм мәмлекет қарызлары ҳаққындағы есабатлар киргизиледи.
Нызам менен әмелдеги нызам ҳүжжетлерине бюджет процесин жетилистириўге, бюджет тәртибине әмел етилиўин тәмийинлеўге қаратылған бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Район ҳәм қала ҳәкимликлерине жәмийетлик пикир тийкарында қәлиплестирилген илажларды қаржыландырыў ҳаққындағы мәлимлемени рәсмий веб-сайтлар ҳәм "Ашық бюджет" мәлимлеме порталына ҳәр шеректе жайластырып барыў ўазыйпасы жүкленеди.
Соның менен бирге, бюджет қаржыларынан пайдаланыў бойынша мақсетли көрсеткишлердиң орынланыўы ҳаққындағы есабатларды ҳәр шеректиң жуўмағы бойынша Нызамшылық палатасының комитетлеринде тыңлаў әмелияты енгизилмекте.
Буннан тысқары, Өзбекстан Республикасы Консолидацияласқан бюджеттиң орынланыўы ҳаққындағы жыллық есабат және Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң ярым жыллық орынланыўы ҳаққындағы есабатлар Нызамшылық палатасының қарары менен тастыйықланатуғыны белгиленбекте.
Сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджеттиң ҳәм мәмлекетлик мақсетли қорлары бюджетлериниң биринши шеректеги ҳәм 9 айлық орынланыўы ҳаққындағы есабатлар Нызамшылық палатасының жуўапкер комитетиниң қарары менен қабыл етилиўи нәзерде тутылмақта.
Өз гезегинде, бюджет шөлкемлери ҳәм бюджеттен қаржы алыўшылар тәрепинен қәрежетлер сметаларына бир жылда көби менен төрт мәрте өзгерислер киргизиў әмелияты сапластырылмақта.
Сенаторлар бул нызам пуқараларды бюджет процесине кеңнен тартыў имканиятларын кеңейтиўге, бюджет қаржыларын бөлистириўдиң ашық-айдынлығын тәмийинлеўге, бюджет қаржыларының мақсетли жумсалыўы үстинен жәмийетлик қадағалаўды күшейтиўге хызмет ететуғынын айрықша атап өтти.
Додалаў жуўмағында Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.