Сырт ел айдаўшылық ҳуқықларын тән алыў тараўындағы Россия нызамшылығындағы өзгерислер мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының әмелдеги миллий айдаўшылық гүўалықлары пуқаралар тәрепинен Россия Федерациясы аймағында транспорт қуралларын жеке басқарыў ушын пайдаланылыўы мүмкин екенлигин еслетип өтемиз.
Соның менен бирге, профессионал жумысты - такси, жүк ҳәм жолаўшы тасыў, сондай-ақ, коммерциялық хызметлердиң басқа түрлерин әмелге асырыў ушын Россия нызамшылығы белгиленген тәртиптен өткен ҳалда Россия айдаўшылық гүўалығын алыўды талап етеди.
Өзбекстан Республикасы елшиханасы Россия уйымлары менен турақлы байланыста болып, пуқараларды олардың ҳуқықлары менен мәплерине тийисли барлық өзгерислер ҳаққында өз ўақтында хабардар етип бармақта.









