Жарыс жуўмағында Өзбекстан Қорғаныў министрлигиниң командасы биринши орынды ийелеп, алтын медалды қолға киргизди. Екинши орын Малайзия сайланды командасына, үшинши орын АҚШ сайланды командасына несип етти, деп жазбақта «Дунё» МА.

Өзбекстан командасы ушын бул жарыстағы алтыншы жеңис болды.

Таңлаў сынақлары жоқары физикалық таярлық, шеберлик ҳәм арнаўлы көнликпелерди талап ететуғын қурамалы тапсырмаларды өз ишине алған. Өзбекстан әскерий хызметкерлери барлық басқышлардан табыслы өтип, исенимли түрде биринши орынды ийеледи.

Пәкистан Қурғақлықтағы әскерлер бас сәркардасы, фельдмаршал Асим Мунир жеке өзи Өзбекстан командасына бас саўға ҳәм сыйлықларды тапсырды.