Бәринен бурын, Россия Федерациясы Президенти, ҳүрметли Владимир Владимирович Путинге көрсетилген миймандослық ҳәм бүгинги ушырасыўымыз жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ушын билдирилген миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.

Беларусь тәрепи, Беларусь Республикасы Президенти Александр Григорьевич Лукашенконың Евроазия экономикалық аўқамына нәтийжели басшылық еткенин айрықша атап өтпекшимен, бул дәўирде көп тәреплеме әмелий бирге ислесиў жаңа пәт алды.

Глобал базарлардың өсип баратырған бөлеклениўи, логистика шынжырларының қыйынласыўы ҳәм инвестициялық ресурсларды бөлистириўдеги тийкарғы бағдарлардың өзгериўи шараятында биз ушын стратегиялық ҳәм тәбийғый шериклеримиз - Евроазия экономикалық аўқамы мәмлекетлери менен прагматикалық ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўди тереңлестириў принципиаллық әҳмиетке ие.

Ҳүрметли мәжилис қатнасыўшылары!

Бақлаўшы мәмлекет статусындағы кейинги төрт жылда Өзбекстанның ЕАЭК мәмлекетлери менен сыртқы саўда айланысы дерлик еки есеге артты.

Экономикалық байланыслар структурасында жоқары қосымша қунлы өнимлердиң үлеси артып атырғаны, кооперациялық жойбарлардың кеңейиўи турақлы пәтти көрсетип атырғаны айрықша әҳмийетке ийе.

Бул шериклеримиздиң өндирис шынжырларын беккемлеўге болған ҳақыйқый қызығыўшылығын көрсетеди.

Өзбекстан әҳмиетли Евроазия форматларында белсене қатнаспақта.

Евроазия экономикалық комиссиясы менен саўда, санаат, қаржы, агрокомплекс ҳәм транспорт тараўларында 40 қа шамалас анық илажларды өз ишине алған үш жыллық реже әмелге асырылмақта.

Биргеликтеги Жумысшы топар форматындағы жумысларымыз даўам етпекте - оның бесинши мәжилисин келеси жылы Ташкентте өткериўди режелестиргенбиз.

Сондай-ақ, ЕАЭКның электрон саўданы раўажландырыў, жүк тасыўды санластырыў ҳәм климат өзгерислерине қарсы гүресиў бойынша тармақ бағдарламаларында қатнаспақтамыз.

Өзбекстан ҳәм ЕАЭК бажыхана шегаралары арқалы алып өтилетуғын товарлар ҳәм транспорт қураллары ҳаққында мәлимлеме алмасыў ҳаққындағы келисимди дүзиў бойынша сөйлесиўлерди баслаў ҳаққындағы қарарды қоллап-қуўатлаймыз.

Трансшегаралық мағлыўматлар алмасыўы бажыхана қадағалаўының нәтийжелилигин арттырыўға, кешигиўлерди азайтыўға хызмет ететуғынына ҳәм транспорт системаларымыздың Евроазия коридорларына интеграцияланыўына хызмет ететуғынына исенемиз.

Өзбекстанның Евроазия раўажланыў банкине қосылыўы бирге ислесиўди беккемлеўде әҳмийетли басқыш болды. Банк пенен биргеликте инфраструктура, энергетика, металлургия, химия ҳәм басқа да тармақларда перспективалы жойбарлар портфели қәлиплестирилди.

Ҳүрметли кәсиплеслер!

ЕАЭК менен бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша тийкарғы бағдарларымызды қысқаша белгилеп өтпекшимен.

Биринши. Саўда тосқынлықларын басқышпа-басқыш сапластырыў тийкарғы ўазыйпа болып қалмақта.

Техникалық тәртипке салыў, санитариялық ҳәм фитосанитариялық нормалардағы көзқарасларды жақынластырыў ушын ҒМДА ҳәм ЕАЭК институтлары арасындағы муўапықласыўды жеделлестириў зәрүр, деп есаплаймыз.

Артықша тәртип-қағыйдаларды сапластырыў ҳәм талапларды бирдей етиў бойынша "жол картасы"н ислеп шығыў мақсетке муўапық.

Техникалық жақтан тәртипке салыў, сертификатлаў ҳәм бажыхана ҳәкимшилигиндеги өзгешеликлер менен байланыслы мәселелерди жедел шешиў ушын тариф ҳәм тариф емес тосқынлықлар бойынша "Өзбекстан - ЕАЭК" биргеликтеги Муўапықластырыўшы топарын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.

Екинши. Санаат кооперациясын раўажландырыўға айрықша итибар қаратпақтамыз.

Машина қурылысы, энергетика, агросанаат комплекси, химия ҳәм басқа да тармақлардағы жойбарлар дизимин биргеликте қәлиплестириў зәрүр.

Өзбекстанның ЕТРБға қосылыўы мүнәсибети менен шерикликтиң стратегиялық бағдарларын биргеликте белгилеп алыў, инфраструктуралық ҳәм "жасыл" жойбарларды, киши ҳәм орта бизнести қоллап-қуўатлаўды қамтып алған "жол картасы"н ислеп шығыў мақсетке муўапық.

Банк тек ғана қаржыландырыў дәреги емес, ал интеграция жойбарларына инвестицияларды тартыўдың катализаторы бола алатуғынына исенимимиз кәмил.

Үшинши. Санлы технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди күшейтиў ниетиндемиз.

ЕЭК пенен санлы платформаларды, соның ишинде, электрон саўда ҳәм санлы маркировканы өз-ара байланыстырыў бойынша "жол картасы"н таярлаўды усыныс етемиз.

Бажыхана ҳәкимшилигин санластырыў ҳәм жүк тасыўдың "тигиссиз" моделине өтиўди де тийкарғы бағдар сыпатында көремиз.

Төртинши. Биз ЕАЭКның биомедицина, жаңа материаллар, агротехнологиялар, энергетика, робототехника сыяқлы бағдарларды қамтып алған технологиялық платформаларына қосылыўдан мәпдармыз.

Бесинши. Туризм тараўында интеграцияласқан мәлимлеме ресурсын қәлиплестириўге де қосылыўға таярмыз.

Бундай қатнас мәмлекетлеримиз туризм өнимлериниң өз-ара байланыслылығын тәмийинлеў имканиятын береди.

Ҳүрметли дослар!

Өзбекстан ЕАЭК менен әмелий бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў тәрепдары.

Пурсаттан пайдаланып, Қазақстан Республикасы Президенти ҳүрметли Қасым-Жомарт Кемелевич Тоқаевқа Бирлеспеге басшылық Қазақстанға өтиўи мүнәсибети менен табыслар тилеймен.

Бәршеңизди ҳәм дос халықларымызды кирип киятырған Жаңа жыл менен және бир мәрте қызғын қутлықлап, тынышлық-парахатшылық, абаданлық ҳәм раўажланыў тилеймен.

Итибарыңыз ушын рахмет.