"Орайлық Азия + Япония" биринши саммитиниң жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени, гөззал ҳәм жедел Токио қаласында көрсетилип атырған миймандослық ушын Япония Бас министри Такаичи ханымға билдирилген қызғын миннетдаршылық сөзлерине қосыламан.
Атап өтпекшимен, "Орайлық Азия +" биринши қарым-қатнасының басламашысы 20 жылдан аслам ўақыт алдын мине усы күншығыс мәмлекети болған еди. Бул қарардың қаншелли стратегиялық әҳмийетке ийе ҳәм дурыс болғанын ўақыт көрсетти.
Бүгинги саммит, әлбетте, тарийхый болып, бирге ислесиўимиздиң жаңа басқышын баслап береди.
Япония менен тығыз саўда ҳәм мәдений байланысларымыз Уллы жипек жолы дәўиринде-ақ раўажлана баслағанын атап өтиўди қәлер едим. Японияның әййемги пайтахты - Сиз туўылған Нара қаласы, Бас министр ханым, бул жолдағы ең әҳмийетли орайлардан бири болған.
Бизди уқсас дәстүр ҳәм үрп-әдетлер, руўхый, мәдений ҳәм шаңарақлық қәдириятлар да жақынластырады.
Булардың барлығы Орайлық Азия ҳәм Япония арасындағы көп қырлы бирге ислесиўди раўажландырыў ушын беккем тийкар болып есапланады.
Ҳүрметли Такаичи ханым!
Япония Орайлық Азия мәмлекетлери ғәрезсизликке ерискеннен кейинги пүткил дәўир даўамында бизиң исенимли шеригимиз болып киятырғаны, регионның социаллық-экономикалық раўажланыўына, инфраструктураны, санаат ҳәм энергетика базасын модернизациялаўға, илимий-билимлендириў ҳәм кадрлар потенциалын беккемлеўге салмақлы үлес қосып атырғанын биз жоқары қәдирлеймиз.
Соның ушын Орайлық Азия мәмлекетлери Японияның регионда кеңейип, және де белсенди болыўынан мәпдар.
Бизиң де айтарымыз бар. Регионымыз тәбийғый ресурсларға бай, жәҳән транспорт, саўда ҳәм энергетика жөнелислериниң кесилиспесинде жайласқан. Орайлық Азия мәмлекетлери экономикасының өсиўи 5-6 процентти қурамақта ҳәм бул пәт келеси жылларда да даўам етеди.
Бүгин регионда жүз берип атырған жедел жақынласыў ҳәм интеграцияласыў процесслери Япония менен кооперация ушын қолайлы тийкар жаратпақта.
Ҳүрметли Бас министр ханым, Орайлық Азия менен стратегиялық қатнасықларды раўажландырыўға исенимли умтылысыңыз ушын және бир мәрте миннетдаршылық билдиремен.
Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз бенен жаңа шеклерге ерисетуғынымызға исенемен. Япония ҳикметинде айтылғанындай, "егер күшлерди бирлестирсек, таўларды жылыстырыў мүмкин".
Ҳүрметли делегациялардың басшылары!
Бүгин мәмлекетлеримиз арасындағы шерикликти раўажландырыў бойынша алға қойылған әҳмийетли басламаларды қоллап-қуўатлайман.
Стратегиялық әҳмийетке ийе бағдарларда бирге ислесиўимизди беккемлеўге қаратылған Токио декларациясы қабыл етилгенин қоллап-қуўатлайман.
Өз гезегинде, "Орайлық Азия + Япония" форматындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша көзқарасымызды да билдирип өтпекшимен.
Биринши. Мәмлекет басшылары дәрежесиндеги саммитлерди еки жылда бир мәрте өткериўди усыныс етемиз, бул бирге ислесиўге қосымша күшли пәт бағышлайды. Бундай гезектеги ушырасыўлардан бирин Өзбекстанда өткериўге таярмыз.
Японияның әдиллик ҳәм ҳуқық тараўында жаңа турақлы механизм жаратыў ҳәм келеси жылы Токио қаласында әдиллик министрлериниң биринши ушырасыўын шөлкемлестириў басламасын қоллап-қуўатлаймыз.
Екинши. "Орайлық Азия - Япония - 2040" бирге ислесиў стратегиясын ислеп шығыў тәрепдарымыз.
Бул ҳүжжетке регион мәмлекетлериниң турақлы раўажланыўына ҳәм олардың глобал экономикалық процесслерге және де терең интеграцияласыўына жәрдемлесиўши анық бағдарлама ҳәм жойбарларды киргизиў мүмкин.
Жаңа идея ҳәм усынысларды ислеп шығыў, бирге ислесиўдиң кең көлемли күн тәртибин қәлиплестириў ушын мәмлекетлеримиздиң жетекши таллаў структураларының қатнасыўында Экспертлер форумын шөлкемлестириў әҳмийетли.
Биз додалаў майданын усыныс етиўге ҳәм Форумның биринши мәжилисин келеси жылы Ташкентте шақырыўға таярмыз.
Үшинши. Япония қаржы институтларының Орайлық Азиядағы саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық жойбарларды қоллап-қуўатлаўы кеңейип атырғанын алғыслаймыз.
Орайлық Азияның бай тәбийғый ҳәм кадрлар ресурсларын Японияның санаат ҳәм технологиялық потенциалы менен бирлестирип, биз синергия нәтийжесине ерисе аламыз, деп исенемен.
Усы мүнәсибет пенен Орайлық Азия инфраструктурасы ҳәм санаатын раўажландырыў инвестициялық фондын шөлкемлестириўди усыныс етемиз. Оның негизинде ўәлаятта ири инфраструктуралық жойбарларды әмелге асырыў ушын Япония инвестициялары, технологиялары, инженерлик стандартлары ҳәм экспертизасын тартыўға қаратылған "Сапалы инфраструктура" бағдарламасын иске қосыў мүмкин. Сондай-ақ, санаат кооперациясы, локализациялаў ҳәм технологиялар трансфери бойынша регионаллық платформа - Япония технопарклериниң Орайлық Азия тармағын жаратыўды усыныс етемиз. Технопарклер тармағын региондағы ҳәр бир мәмлекеттиң шийки зат ҳәм санаат имканиятларынан келип шығып бөлистириў мүмкин.
Төртинши. Бүгинги күнде санлы трансформация экономикалық өсиў ҳәм турақлылықтың тийкарғы элементине айланбақта.
Япония компаниялары санлы экономика сегментлери: санаатты автоматластырыў, робототехника ҳәм басқарыўдың интеллектуаллық системалары, булытлы ҳәм жаңа әўлад телекоммуникация платформаларында дүньяда жетекшилик етпекте.
Санлы шешимлер, жасалма интеллект, буйымлар интернети, киберқәўипсизлик ҳәм инновациялық экономика тараўларында бирге ислесиў ушын көп тәреплеме платформа - "Орайлық Азия - Япония" санлы хабын шөлкемлестириўди усыныс етемиз.
Бесинши. Заманагөй ҳәм исенимли транспорт инфраструктурасын қәлиплестириў бойынша үлкен тәжирийбеге ийе болған Япония регионда транзит ҳәм логистика тармағын раўажландырыўда әҳмийетли шериклерден бири болыўы мүмкин.
Биз тезжүрер темир ҳәм автомобиль жолларын қурыў, транспорт коридорларын санластырыў, аэропортлар ҳәм логистика орайларын қурыў жойбарларына Япония инвестицияларын, технологияларын ҳәм эксперт жәрдемин тартыўдан мәпдармыз.
Бул бағдарда «Sojitz LLC» компаниясы менен Ташкент халықаралық аэропортын қурыўдағы табыслы бирге ислесиўимизди айрықша атап өтпекшимен.
Алтыншы. Япония карбонат ангидрид шығарыўдың нолге тең муғдарына ерисиў бойынша ўазыйпаларды әмелге асырыўда дүньяда жетекши болып есапланады.
Биз Өзбекстанда 2035-жылға барып карбонат ангидрид шығарыўды 50 процентке қысқартыў, 2030-жылға барып "жасыл" энергияның улыўма генерациядағы үлесин 54 процентке жеткериўди мақсет еткенбиз.
Энергетикаға өтиў ҳәм "жасыл" энергетиканы раўажландырыў бойынша нәтийжели ыссылық станциялары, қуяш ҳәм самал энергиясын ислеп шығарыў қурылмаларын қурыў, когенерация технологияларын енгизиў, углекислотаның шығынларын қысқартыў, услап қалыў ҳәм оннан пайдаланыў сыяқлы анық жойбарларды биргеликте ислеп шығыўды усыныс етемиз.
Ташкент қаласында қайта тиклениўши энергетика тараўы ушын қәнигелер таярлаў аймақлық орайын шөлкемлестириў басламасын алға қоямыз.
Жетинши. Қабыл етилген Орайлық Азия ушын "Жасыл" күн тәртиби" регионаллық бағдарламасын әмелге асырыў бойынша бирге ислесиўди тереңлестириўди әҳмийетли, деп есаплаймыз. Ол Японияның "Жасыл трансформация" басламасы менен үнлес болып есапланады.
Төмендегилерди усыныс етемиз: мониторинг, фильтрлеў ҳәм шығындыларды азайтыў бойынша алдынғы шешимлерди қолланыў, халық ушын және де турақлы ҳәм қәўипсиз экологиялық орталық жаратыўға қаратылған Регионда ҳаўа сапасын жақсылаў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў; Аралбойының экологиялық машқалаларын шешиўге жәрдемлесиў ҳәм суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў жойбарларын өз ишине алған Климат өзгериўине қарсы гүресиў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў тараўында биргеликтеги Ҳәрекетлер режесин қабыл етиў;
Сегизинши. Японияның сейсмикалық қәўипсизлик тараўындағы үлкен тәжирийбесин есапқа алған ҳалда, Сейсмикалық турақлылықты баҳалаў ҳәм арттырыў бойынша биргеликтеги бағдарламаны иске қосыў тәрепдарымыз.
Мақсет - япониялы экспертлерди тартқан ҳалда Орайлық Азияның ири қалаларында комплексли сейсмологиялық диагноз қойыў, сейсмикалық турақлылықты арттырыў бойынша "жол карталары"н ислеп шығыў, япониялы моделлер тийкарында ерте хабардар етиў системаларын иске қосыў.
Япония стандартлары ҳәм протоколлары тийкарында инженерлер, архитекторлар, қутқарыў хызметлерин таярлаў ушын Ташкент қаласында Регионаллық маманлық арттырыў орайын ашыўды усыныс етемиз.
Тоғызыншы. Японияның билимлендириў ҳәм маман кадрлар таярлаў тараўындағы жәрдемин жоқары қәдирлеймиз. Билимлендириў, илим ҳәм академиялық алмасыўларды буннан былай да кеңейтемиз ҳәм қоллап-қуўатлаймыз.
Келеси жылы Өзбекстанда "Орайлық Азия + Япония" форматында билимлендириў министрлериниң биринши мәжилисин ҳәм регионның жетекши университетлери ректорларының биринши форумын өткериўди усыныс етемиз.
сондай-ақ, жаслар жәмийетшилиги арасында узақ мүддетли байланысларды қәлиплестириў, олардың дөретиўшилик, технологиялық ҳәм кәсиплик потенциалын жүзеге шығарыўға қаратылған Жасларды раўажландырыў регионаллық тармақ бағдарламасын қабыл етиў тәрепдарымыз.
Мәденият, көркем өнер ҳәм туризм фестивалларының турақлы өткерилип атырғаны халықларымыз арасындағы дослық байланысларын беккемлеўге хызмет етпекте.
Осака қаласында болып өткен "ЭКСПО" пүткил жер жүзилик көргизбесинде Өзбекстан павилоны Алтын сыйлыққа миясар болғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтпекшимен. Биз бундай илажларда буннан былай да белсене қатнасамыз.
Ҳүрметли саммит қатнасыўшылары!
Бизиң ушырасыўымыз дүнья сиясатының қатаң тынышсызланыўы, геосиясий кескинлик күшейип, ири мәмлекетлер арасында исеним төменлеп атырған бир дәўирде өтпекте.
Бундай шараятта тынышлықты сақлаў ҳәм турақлылықты беккемлеў жолында ҳәрекетлерди бирлестириў қәбилети айрықша әҳмийетке ийе.
Аўғанстан бирге ислесиўимиздиң әҳмийетли бағдарларынан бири болып қалмақта.
Биз бул мәмлекетти тыныш, турақлы ҳәм дөретиўшилик раўажланыўға бағдарланған ҳалда көриў нийетинде биргемиз.
Аўған халқын қоллап-қуўатлаў бойынша көп жыллар даўамында жетекши донор ҳәм шериклер қатарында болып киятырған Японияның избе-из позициясын жоқары қәдирлеймиз.
Биргеликтеги ҳәрекетлеримиз ҳәм улыўма үлесимиз турмыстың жақсыланыўына, социаллық-экономикалық ҳәм инфраструктуралық раўажланыўға, сондай-ақ, Аўғанстанды регионаллық экономикалық жойбарларға жедел тартыўға хызмет ететуғынына исенемен.
Ҳүрметли дослар!
Сөзимниң жуўмағында күн тәртибиндеги барлық мәселелер бойынша қабыл етилген қарарларды қоллап-қуўатлайман.
Бүгин алға қойылған басламалардың әмелге асырылыўы сөйлесиўимиздиң раўажланыўына әмелий үлес қосатуғынына, бирге ислесиўдиң үлкен потенциалын еллеримиз ҳәм халықларымыздың абаданлығы жолында иске қосыў имканиятын беретуғынына исенемен.