Мәмлекетлик сиясат биринши мәрте машқалаларды жасырмастан, ашықтан-ашық тән алыў, оларды анық санлар тийкарында таллаў ҳәм системалы шешиўге қаратылды. Бул болса жаңа Өзбекстан реформаларының тийкарғы өзгешелиги ҳәм үстин тәрепи болып есапланады.

Ҳәр қандай реформаның табысы, бәринен бурын, оның қай дәрежеде анық мағлыўматлар, исенимли статистика ҳәм қалыс таллаўларға сүйенгенлиги менен белгиленеди. Усы мәнисте халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў жаңа Өзбекстан реформаларының әҳмийетли тийкары болып есапланады. Себеби, мәмлекетти нәтийжели басқарыў ушын, бәринен бурын, мәмлекет қайсы халық пенен, қандай ресурслар менен ислеп атырғанын анық билиўи шәрт.

Халықты дизимге алыў арқалы мәмлекетте қанша халық жасап атырғаны, жас қурамы қандай, мийнетке жарамлы халықтың үлеси қанша, халықтың шама менен 60 проценти мийнет жасында, 51 проценти қалаларда, 49 проценти аўыллық жерлерде жасап атырғаны сыяқлы турмыслық әҳмийетли мағлыўматлар анықланады. Бул мағлыўматларсыз билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, пенсия, бәнтлик, турақ жай сиясатында дурыс қарар қабыл етиў мүмкин емес.

Мәселен, ҳәр жылы Өзбекстанда орташа 800-900 мың бала мектеп жасына жетеди. Халықтың орташа өмир сүриў даўамлылығы 73 жас әтирапында. Кекселердиң үлеси жыл сайын артып бармақта. Бул болса пенсия системасы, денсаўлықты сақлаў, социаллық хызметлерди алдыннан режелестириўди талап етеди. Мине усы режелестириўдиң илимий тийкары халықты дизимге алыў болып есапланады.

Президентимиздиң басламасы менен қабыл етилген "Халықты дизимге алыў ҳаққында"ғы нызам, тийисли пәрман ҳәм қарарлар бул процессти БМШтың Статистика комиссиясы және Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң халықаралық усынысларына муўапық өткериўди белгилеп берди. Нызамшылыққа бола, халықты дизимге алыў ҳәр 10 жылда кеминде бир мәрте өткерилиўи ҳәм оның нәтийжелери мәмлекетлик бағдарламалар ушын тийкар болыўы шәрт.

Аўыл хожалығын дизимге алыў да стратегиялық әҳмийетке ийе. Бүгин аўыл хожалығы мәмлекет жалпы ишки өниминиң 25-27 процентин, халықтың бәнтлигиниң дерлик 30-35 процентин қурайды. Мәмлекетте 4 миллион гектардан аслам суўғарылатуғын жер, мыңлаған фермер ҳәм дийқан хожалықлары бар. Аўыл хожалығын дизимге алыў арқалы қайсы аймақта жерден нәтийжесиз пайдаланылып атырғаны, суў тамтарыслығы қай жерде кескин екени, қайсы тармақларда өнимдарлық төмен екени анықланады. Бул болса аграр реформаларды мәнзилли етиў имканиятын береди.

Жаңа Өзбекстан реформаларының тийкарғы принципи - "дәслеп анық мағлыўмат, кейин дурыс қарар". Усы принцип тийкарында мәмлекетлик сиясаттың және бир әҳмийетли бағдары - кәмбағаллықты қысқартыў сиясаты қәлиплести. Соңғы тоғыз жылда "кәмбағаллық" түсиниги илимий ҳәм сиясий айланысқа ашық кирип келди. Бул тосыннан емес. Себеби айырым аймақларда кәмбағаллық дәрежеси 15-17 процентке шекем жеткени, айырым аўыллық жерлерде ҳәр бес шаңарақтың биреўи турақлы дәрамат дәрегине ийе емес екенлиги анық санлар менен көрсетилди.

Машқаланы ашықтан-ашық тән алыў - оны шешиўдиң биринши шәрти. Сол тийкарда Өзбекстанда Кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм бәнтлик министрлиги шөлкемлестирилди. Бул министрлик кәмбағаллыққа қарсы гүресиўди улыўма сүрен емес, ал мәҳәлле кесиминде ҳәм шаңарақ кесиминде анық механизмлер тийкарында алып бармақта. Ҳәр бир мәҳәлледе халықтың мийнет потенциалы, дәрамат дәреклери үйренилмекте, ҳәр бир аймақ, мәҳәлле, қалаберди, шаңарақларды қамтып алған "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы ислеп шығылды.

Кәмбағаллықты қысқартыўдың мақсети инсанды напақаға ғәрезли етиў емес, ал жумыслы етиў, исбилермен етиў, жақсы ҳәм абадан турмысқа алып шығыў болып табылады. Усы мақсетте әмелге асырылған жумыслардың нәтийжесинде соңғы жылларда кәмбағаллық дәрежеси азайып, миллионлаған халықтың турмысында реал өзгерислер болмақта. Атап айтқанда, кәмбағаллық дәрежеси 8,9 проценттен 5,8 процентке түсип, 1 435 мәҳәлле "кәмбағаллықтан жырақ" аймаққа айланған.

Бул процесс азық-аўқат қәўипсизлиги менен де тиккелей байланыслы. Бүгин дүньяда экономикалық кризислер, логистика машқалалары, азық-аўқат жетиспеўшилиги қәўпи артып бармақта. Усы шараятта Өзбекстан ушын халықты өз өнимлеримиз бенен толық тәмийинлеў турмыслық әҳмийетке ийе. Аўыл хожалығын дизимге алыў арқалы егислик майданлар оптималластырылды, өнимдарлық арттырылды. Айырым тийкарғы өнимлер бойынша өзин-өзи тәмийинлеў дәрежеси 90 проценттен асты.

Артықша өнимлерди экспорт етиў арқалы мәмлекет экономикасына миллиардлап доллар валюта түсимлери кирип келмекте. Ҳәзирги ўақытта "өзбек бренди"н дүньяға танытыў сиясаты жүргизилмекте. Президентимиздиң Мүрәжатында экономика ҳәм экспорт потенциалының артқаны ҳаққында анық санлар келтирилгени де бийкарға емес: усы жылы экспорт 23 процентке өсип, 33,4 миллиард долларға жеткерилиўи, жалпы ишки өним 145 миллиард доллардан артқаны айтылғаны. Бул санлар халықтың абаданлығына хызмет ететуғын реал экономикалық тийкар бар екенлигин көрсетеди.

Тарийхқа нәзер тасласақ, мәмлекет қүдирети бәрқулла анық есап-санаққа сүйенген. Әмир Темур дәўиринде де халық, жер, салық ҳәм әскерий ресурслар қатаң есапқа алынған. "Темур тузуклери"нде ҳәр бир аймақ имканиятларына қарап басқарылғаны атап өтиледи. Бүгин жаңа Өзбекстанда бул принцип заманагөй, санлы усыллар тийкарында даўам етпекте.

Ең әҳмийетлиси, халықтың тынышлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеў тек ғана бир қарар ямаса бир бағдарлама менен емес, ал турақлы таллаў, турақлы үйрениў ҳәм жәмийетлик пикирге сүйениў арқалы әмелге асырылады. Бүгинги реформалар дәўиринде мәмлекет "бир мәрте реже - өмирлик орынлаў" усылынан ўаз кешип, "турақлы мониторинг - турақлы жаңалаў" принципине өтпекте. Бул жерде социологиялық изертлеўлер шешиўши әҳмийетке ийе: халықтың кейпияты, мүтәжликлери, хызметлер сапасына баҳа, мәҳәлледеги машқалалар картасы, жаслардың бәнтлиги, ҳаял-қызлардың белсендилиги, миграция себеплери сыяқлы мәселелер турақлы үйренилсе, реформалар мәнзилли ҳәм нәтийжели болады.

Усы көзқарастан, жаңа Өзбекстан реформаларында турақлы социологиялық таллаўлар айрықша әҳмийетке ийе болмақта. Егер халықтың кейпияты, мүтәжликлери, машқалалары, мәмлекетлик хызметлерге мүнәсибети ўақты-ўақты менен үйренилмесе, ҳәттеки ең дурыс қарар да күтилген нәтийжени бермеўи мүмкин. Сонлықтан, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў бир мәртелик илаж емес, ал үзликсиз мониторинг ҳәм таллаў системасының басланғыш ноқаты болып есапланады. Дизимге алыў цифрларды береди, ал социологиялық изертлеўлер бул цифрлар артындағы реал турмысты ашып береди.

Соның ушын халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў тек ғана "мәмлекет ушын есабат" емес, ал ҳәр бир пуқара ушын пайда келтиретуғын процесс болып есапланады. Себеби дизимге алыў арқалы мәмлекетлик хызметлер қай жерде аз, қай жерде сапа төмен, қай жерде инфраструктура жетиспейтуғынын анықлайды. Демек, кейинги қарарлар да "улыўма" емес, ал мәҳәлле ҳәм шаңарақтың талабына қарап қабыл етиледи.

Бул процессте Өзбекстанның ҳәр бир пуқарасы белсене қатнасыўы оғада әҳмийетли. Дизимге алыўға қалыс мағлыўмат бериў - жәмийетлик қадағалаўдың бир көриниси. Себеби халық ҳаққындағы мағлыўматты ең жақсы билетуғын да, оның ҳақыйқыйлығын тәмийинлейтуғын да пуқараның өзи. Дурыс ҳәм анық мағлыўмат бермеў ямаса бийпәрўалық негизинде өз мәҳәллеси, өз шаңарағының мәпине бийпәрўалық болып есапланады. Анық мағлыўмат берилген жерде мектеп те, емлеўхана да, жумыс орны да анық мүтәжликке қарап жаратылады. Президент Мүрәжатта мәҳәллениң жәмийеттеги орнын атап өтер екен, мәниси жағынан оғада күшли пикир айтқан: "Мәҳәлле тыныш ҳәм татыў болса, жәмийетимиз тыныш... Мәҳәлле раўажланса, пүткил мәмлекетимиз раўажланады". Бул гәп дизимге алыў, социаллық қорғаў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм мәҳәллениң раўажланыўы бир шынжыр екенин және бир мәрте көрсетеди.

Бул реформалардың және бир әҳмийетли бағдары хызмет түрлерин санластырыў болып есапланады. Санластырыў тек ғана мәмлекетлик уйымлардың жумысын тезлестирип қоймастан, ал пуқараның өз ҳуқықы ҳәм мәпин қорғаў имканиятын да кеңейтеди. Санластырыў арқалы мәмлекетлик хызметлер халыққа жақынласпақта, артықша қағазпазлық, гезеклер ҳәм инсан факторына байланыслы тосқынлықлар қысқармақта. Ең әҳмийетлиси, санлы системалар пуқараға өз мағлыўматларын көриў, тексериў ҳәм қадағалаў имканиятын береди. Пуқара өз шаңарағы, жер майданы, аўыл хожалығы жумысы, социаллық жеңилликлери ҳаққындағы мағлыўматларды ашық көре алса, бул ашық-айдынлық ҳәм исенимди беккемлейди. Мәселен, санлы хызметлер арқалы пуқара өз мағлыўматларын тексериўи, өзиниң шаңарағы ямаса хожалығына байланыслы мағлыўматларды бақлаўы, жеңилликлер, субсидиялар, салықлар, жер есабаты, шарўа ҳәм егинлер ҳаққындағы мағлыўматларды тәртипке салыўы мүмкин. Бул болса ашық-айдынлықты арттырады, коррупция қәўпин азайтады, инсан факторына байланыслы кешигиўлерди қысқартады.

Усы көзқарастан қарағанда, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыўдың және бир үлкен ўазыйпасы мәмлекеттиң санлы басқарыўы ушын исенимли "тийкарғы мағлыўматлар базасы"н жаратыў болып табылады. Дизимге алыў мағлыўматлары толық ҳәм анық болса, санластырыў да мазмунға ийе болады: мәмлекетлик хызметлер "қағаз"ға емес, реал халық ҳәм реал ресурсларға сүйенеди. Демек, пуқара да өзин, шаңарағын, хожалығын қадағалаў ҳәм раўажландырыў имканиятына ийе болады.

Бул улыўма бағдарлар "Өзбекстан - 2030" стратегиясында белгиленген мақсетлерге де хызмет етеди. Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў мине усы мақсетлердиң ҳәр бирине хызмет етиўши тийкарғы қурал есапланады. Стратегияның өзинде реформалардың избе-из, сапалы ҳәм өз ўақтында әмелге асырылыўы, жәмийетлик қадағалаў ҳәм пуқаралық қатнасыўының әҳмийетли екенлиги атап өтилгени бул процессте халықтың қатнасын күшейтиўге шақырық болып есапланады.

Президентимиз өзиниң Мүрәжатында бир неше мәрте айрықша атап өткениндей, инсан қәдирин улығлаў, халықтың дәртин тыңлаў ҳәм қарарларды халық мәпине сай қабыл етиў мәмлекетлик сиясаттың баслы өлшеми болып есапланады. Халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў әне усы идеяларды әмелий турмысқа енгизеди, мәмлекет пенен пуқара арасында исенимди беккемлейди.

Сондай-ақ, Мүрәжатта 2026-жылға айрықша руўх ҳәм мақсет берилип, 2026-жыл "Мәҳәллелерди раўажландырыў ҳәм жәмийетти жетилистириў жылы" деп жәрияланды. Бул атаманың өзи де халық пенен ислесиў, мәҳәлле системасын күшейтиў, социаллық турақлылық, тәрбия, жәмийетлик қадағалаў ҳәм абаданлықты тәмийинлеўде мәҳәллениң шешиўши орны бар екенлигин аңлатады. Демек, халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў әйне усы жылдың тийкарғы ўазыйпаларын әмелий жақтан тәмийинлейтуғын ең зәрүр қураллардан бири: ким қайсы мәҳәлледе жасап атыр, қандай мүтәжлик бар, қандай ресурс бар, қандай машқала бар - анық мағлыўмат болмаса, усы жылдың аты ҳәм оның мазмуны толық ашылмайды. Дизимге алыў жылды ҳәм келешекти әмелий нәтийжеге айландыратуғын әҳмийетли қурал болып есапланады.

Жоқарыда келтирилген барлық реформалар, бағдарламалар ҳәм стратегиялық мақсетлердиң соңғы нәтийжеси, бәринен бурын, халықтың тынышлығы ҳәм абадан турмысын тәмийинлеўге қаратылған. Тынышлық тек ғана қәўипсизлик ямаса тынышлық емес, ал инсанның ертеңги күнге исеними, өз шаңарағы, шаңарағы ҳәм мийнети менен мүнәсип жасаў имканияты болып есапланады. Мине усы исенимди тәмийинлеў ушын мәмлекетлик қарарлар тосыннан емес, ал турақлы таллаў, турақлы үйрениў ҳәм жәмийетшилик пикирине сүйенген ҳалда қабыл етилиўи зәрүр.

Жуўмақ орнында айтқанда, барлық ўатанласларымыз халықты ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў процесинде пуқаралық жуўапкершилигин арттырып, берилип атырған мағлыўматлардың дурыслығы оның мәҳәллеси ҳәм шаңарағының мәпине хызмет ететуғынын аңлап жетиўи керек.

Себеби, халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў жаңа Өзбекстан реформаларының тек ғана бир бағдары емес, ал барлық реформаларды байланыстырып туратуғын стратегиялық тийкар болып есапланады. Ол инсан қәдири, халықтың тынышлығы, абадан турмыс, турақлы экономикалық өсиў ҳәм раўажланған мәмлекет қурыў мақсетлерине хызмет етеди. Мине, усы процессте ҳәр бир пуқараның белсене қатнасыўы болса мәмлекетимиз келешегин белгилейтуғын ең әҳмийетли фактор болып есапланады.

Азизбек АМАНОВ,

социология илимлери бойынша философия докторы