Итибарлысы, өткен жылы орынланған жумысларымыз мәмлекетимиз басшысының итибарына түсип, пүткил мәмлекетимиз бойлап Зарбдор тәжирийбесин кеңнен енгизиў тапсырмасы берилди. Бул тән алыў районымыз халқы ушын үлкен мақтаныш.

Районымыз халқы 100 мыңға шамалас адам. Бул пүткил ўәлаят халқының 6 процентинен асламын қурайды. Халықтың еки мыңнан асламы жумыссыз. Және еки мыңнан асламы сырт елде ислемекте. Тийкарғы мақсетимиз бул санларды және де азайтыў.

Усы күнге шекем 5200 шаңараққа 20 миллиард сумнан аслам жеңиллетилген кредит, 1 миллиард сумнан аслам субсидия, 700 гектардан аслам жер бөлип бердик.

Районымыздың тийкарғы экономикалық өсиў драйвери - шарўашылық, қусшылық, текстиль ҳәм тоқымашылық және аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў. Районда Зарбдор тәжирийбесин қолланыў нәтийжесинде 2024-жылы 3 жойбар иске қосылды ҳәм мыңға шамалас адамның бәнтлиги тәмийинленди. Соның ишинде, "Зарбдор парранда" ЖШЖ кооперация түринде "гөш жетистириў ушын қус жетистириў" жойбарын жолға қойыў нәтийжесинде 670 жумыс орны, "Ютуқ майдони" фермер хожалығы "мини пахта заводы" жойбарын иске қосыў нәтийжесинде 200, “LOGIDEC LINE” ЖШЖ "транспорт хызмети" жойбарын шөлкемлестириў нәтийжесинде 50 жумыс орны ашылды.

Басқа жойбарларда да жумыс қызғын. Соның ишинде, 90 гектар майданда жүзимзарлық, 10 гектарында голубика, малина, ежевика, қулпынай сыяқлы жоқары дәраматлы мийўелер плантациясын шөлкемлестириў ушын "ЗАРБДОР АКТИВ" ЖШЖ тәрепинен “Тоза уруғ” мәҳәллесиндеги 105,5 гектар жер әтирапы темир-бетон үстинлер менен қоршалған. Бул жерде 60 адам ислемекте. 75,5 гектар жер болса тегисленген. 2 гектар жерге "Чарос" сортлы жүзим егилген.

Сондай-ақ, райондағы "Үмит" балалар дем алыў бағын заманагөй көриниске келтириў жойбары да әмелге асырылмақта. "Равот" МПЖда жайласқан бул дем алыў бағы аймағында жаңа ҳәм заманагөй аттракционлар орнатыў және 50 ден аслам хызмет көрсетиў шақапшаларын шөлкемлестириў бойынша мәмлекетлик бюджеттен 1,5 миллиард сум ажыратылып, “DAVR PROEKT” ЖШЖ тәрепинен жойбарлаў жумыслары орынланбақта.

Кәмбағаллықты қысқартыў бағдарындағы ең әҳмийетли ҳәрекетлерден бири қыйтақ жерден өнимли пайдаланыў болып есапланады. Районда бул мәселеге айрықша итибар қаратылған. Он мыңнан аслам шаңарақ турмысына қыйтақ жеринен берекет кирип келмекте. Зарбдорлылар жақын жылларға шекем қыйтақ жеринде өним жетистириў, дәрамат табыў ҳаққында ойламас еди. Бүгинги реформалардан келип шығып енгизилип атырған турмыслық тәжирийбелер район халқын оятты, десек, қәте болмайды.

Райондағы 24 мәҳәлледе жасайтуғын шаңарақларға пал ҳәррешилик, балықшылық, ыссыхана жетистириў, қус жетистириў, қыяр жетистириў сыяқлы дәрамат келтиретуғын миллий жойбарлар пакети усыныс етилди. Халықтың талабы тийкарында бул шаңарақларға 60 қути пал ҳәрре, 73 ыссыхана үскенеси, 28,5 мың таўық, 6,7 мың нәл, 3,6 мың жоңышқа, 555 бас қой ҳәм 25 мотокультиватор жеткерип берилди. Бул өнимлердиң қарыйдары сыпатында 23 жетекши исбилермен бириктирилген. Нәтийжеде халықтың бәнтлиги тәмийинленип, ҳәр бир шаңарақ 50-60 миллион сумға шекем дәрамат алмақта.

Буннан тысқары, 24 мәҳәллеге 4 мәмлекетлик коммерциялық банк бириктирилип, ҳәр бир мәҳәллениң бизнес-режеси толық ислеп шығылды ҳәм ҳәр бир мәҳәллеге бириктирилген банклер ҳәм ҳәким жәрдемшилери тәрепинен орташа 5-7 кем дәраматлы - жәми 170 ге шамалас шаңарақ таңлап алынып, оларға жәрдем берилди.

Раёнымыздың 2025-жылға мөлшерленген режеси де салмақлы. Зарбдор тәжирийбеси тийкарында 11 ири жойбар әмелге асырылады. Олардың баҳасы 118,4 миллион долларды қурап, 3200 ден аслам жумыс орны ашылады. Мәселен, баҳасы 15 миллион доллар болған "фарфор өнимлерин ислеп шығарыў" жойбары себепли 400 жаңа жумыс орны пайда болады. Жойбарға "Алоқабанк" тәрепинен 13 миллион доллар муғдарында кредит ажыратылыўы белгиленген. Баҳасы 28 миллион доллар болған "суйылтырылған минерал төгин ислеп шығарыўды шөлкемлестириў" жойбарының иске қосылыўы нәтийжесинде және 300 жумыс орны ашылады. Сондай-ақ, 15 түрдеги социаллық ҳәм хызмет көрсетиў объектлериниң қурылысы нәтийжесинде қосымша 250 жумыс орны пайда болады.

Зарбдор тәжирийбеси тийкарында 2025-жылы исленетуғын жумыслар арасында қудық қазып суў шығарыў есабынан 100 гектар жерди кооперация тийкарында ижараға берип, экспортқа қолайлы, жоқары дәраматлы егинлер жетистириў де бар. Бул тәжирийбе табыслы сынақтан өтти. Себеби, 2024-жылдың өзинде районның "Жаслық" ҳәм "Ташкесген" мәҳәллелеринде жәми 50 гектар жерде мине усындай өнимлер жетистирилип, жоқары дәрамат алынды.

Жақсы өним алыў нәтийжели суўғарыў системасын талап етеди. Сол себепли Зарбдор районында 2025-жылға мөлшерленген жойбарлар арасында "Зарбдор районынан өтетуғын "ДМ-3" каналынан суў алыўшы жабық ишки суўғарыў системаларының 160 километр бөлегин реконструкциялаў" жойбары да бар. Буны әмелге асырыў нәтийжесинде артықша суў жумсалыўының алдын алынады ҳәм аймақтың суўдан пайдаланыў коэффициенти 93-95 процентке жетеди, суў есабын жүргизиў ушын имканият жаратылады.

Нәтийжеде, пайдаланыўдан шыққан жер қайта пайдаланыўға киргизилип, аўыл хожалығы өнимлерин жетистириў көлеми қосымша 35 мың тоннаға артады. Аймақта артықша насос агрегатлары ҳәм артезиан қудықларына жумсалып атырған 13 миллион киловатт электр энергиясын суўды үнемлейтуғын технологияларды қолланыў ушын бағдарлаў имканияты пайда болады. Сондай-ақ, келешекте 270 километр узынлықтағы жабық қубырларды толық автоматикалық басқарыў системасына өткериў ушын тийкар жаратылады.

Бүгин районда Зарбдор тәжирийбеси дегенде, көпшилик "Зарбдор парранда" ЖШЖ тәрепинен шөлкемлестирилген қусшылық кооперациясын мысал етип келтиреди. 2024-жылы шөлкемлестирилген қусшылық кооперациясының жыллық өндирис қуўатлылығы мың тонна, жәми жыллық қаржы айланысы 33 миллиард сум. Онда 65 хызметкер мийнет етпекте. Кәрхана тәрепинен 2024-жылы райондағы 415 шаңараққа 240 мың бас қус тарқатылып, қосымша 730 жумыс орны ашылған. Кәрхананың 2025-жылға мөлшерленген мақсетлери және де салмақлы. Быйыл кооперация тәрепинен райондағы 12 мәҳәлледе жасайтуғын 1046 шаңараққа 1 миллион данаға шамалас қус тарқатып, 1500 пуқараның бәнтлигин ҳәм дәрамат дәрегин тәмийинлеў белгиленген.

Буннан тысқары, Президентимиздиң жол бойларында саўда ҳәм хызмет көрсетиў объектлерин көбейтиў тийкарында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бойынша тапсырмалары шеңберинде “Тоза уруғ” МПЖ аймағында тийисли банклердиң 21,7 миллиард сум қаржысы тийкарында А-376 жолының 1,8 гектар майданында 5 улыўма аўқатланыў, 2 мийманхана, 5 саўда дүканы, 1 саламатландырыў орайы, 2 ҳәжетхана, 2 электр қуўатлаў орны, 30 басқа түрдеги сервис шақапшасы шөлкемлестирилмекте. Нәтийжеде усы жылы бул жойбар тийкарында 250 жаңа жумыс орны жаратылады.

Мәмлекетимиз басшысының районымызға сапары ўақтында биринши гезектеги ўазыйпа сыпатында халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, турмыс шараятын жақсылаў, бүгинги реформалардан разы етиў, кәмбағаллықты қысқартыў бойынша берилген тапсырмалардың орынланыўы бойынша исленген жумыслар себепли халықтың да кеўли тоқ, районымыз да абат болмақта.

Қиличбек НУРМАТОВ,

Зарбдор районы ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳәм кәмбағаллықты

қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары