Булардың қатарына және Ғәрезсизлик, Еслеў, Жеңис майданларын, Жазыўшылар қыябаны ҳәм комплекслерин, тарийхый зыярат орынларын, дем алыў бағларын, мектеп ҳәм жоқары оқыў орынларындағы үлкен-киши китапханалар, көркем дөгереклер, музейлерди қосыў мүмкин. Олардың арасында саўлаты менен айрықша орын ийелеп атырған Ислам цивилизациясы орайының комплекси болса қысқа мүддетте дүньяны өзине қарата алды, десек, қәте болмайды.

Бүгин дүнья көлеминде әҳмийетли геосиясий процесслер болып атырған бир ўақытта Президентимиздиң алға қойып атырған "Үшинши Ренессанс тийкарын жаратыў" идеясы дүнья жәмийетшилиги тәрепинен үлкен қызығыўшылық пенен қабыл етилмекте. Бул баслама көплеген экспертлер тән алғанындай, адамзат раўажланыўының жаңа цивилизациялық модели сыпатында жоқары баҳаланбақта.

Жаңа дәўир тосыннан қәлиплеспейди. Дәслеп, ол инсан санасында оянып, кейин турмысымызда көринеди. Цивилизациялардың жүзеге келиўи ушын инсанларды бирлестире алатуғын, олардың умтылысын раўажланыўға бағдарлай алатуғын үлкен ҳәм алдынғы идеялар туўылыўы шәрт. Бундай идеялар адамзат ой-пикирин, илим, мәденият, экономика ҳәм технологиялардың раўажланыўын түп-тийкарынан өзгерте алады. Мине, усындай идеялардың жемиси болған бул үлкен ҳәм сийрек ушырасатуғын жойбар Өзбекстан Президентиниң 2017-жыл 23-июньдеги қарарына муўапық басланып, 2018-жылы Рамазан ҳайыты күни тырнақ тасы қойылған еди.

Мәмлекетимиз басшысының баянатларынан биринде Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының шөлкемлестирилиўинен тийкарғы мақсет халқымыздың дөретиўшилик даңқы менен жаратылған әне усындай сийрек ушырасатуғын мийрасты илимий тийкарда ҳәр тәреплеме терең үйрениў, елимизден жетилисип шыққан уллы алым ҳәм ойшыллардың өмири ҳәм илимий-дөретиўшилик жумысы ҳаққында бир тутас түсиник оятыў, олар менен халық ҳәм дүнья жәмийетшилигин кеңнен таныстырыў, халықаралық көлемде динлераралық ҳәм цивилизациялараралық қарым-қатнасты жолға қойыў, инсан қәлби ҳәм санасын ийелеў ушын ҳәр қыйлы қәўип-қәтерлер күшейип баратырған бүгинги қыйын дәўирде ислам дининиң адамгершилик мәнисин ашып бериў екенин атап өткен еди.

Президентимиз жойбардың әмелге асырылыў процесин турақлы түрде бақлап барды. Ирге тасын қойыўдан баслап қурылыс ҳәм дөретиўшиликтиң ҳәр бир басқышында қурылыс майданына барып, жумыслардың барысын көзден өткериўди умытпады. Танысыў процесинде керекли мәсләҳәтлер берди, қәнигелердиң қатнасыўында комплекс жойбарына зәрүр өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизди, жетилистирди.

Теңи жоқ мегажойбар

Ағартыўшылық, илим ҳәм билимлендириў Үшинши Ренессансқа қарай исенимли қәдем қойып атырған мәмлекетимиздиң тийкарғы ҳәрекетлендириўши күшине айланды. Жаңа Өзбекстанда илим, инновациялық технологиялар ҳәм алдынғы ойлап табыўлар ҳәммемиз әрман еткен ояныў дәўирине руўхландырмақта. Ата-бабаларымыздың руўхый мийрасы болса заманагөй мәмлекетшилигимиздиң раўажланыўында беккем ҳәм мүнәсип көринисин таппақта.

Саўлатлы имарат әййемги архитектуралық естеликлеримиз түринде қурылған. Миллий гүмбез ҳәм аркалар, нағыслардың әжайып үйлесими оған айрықша көрик бағышлаған. Комплекстиң төрт тәрепинде бийиклиги 34 метрли аркалар, ортада 65 метрли гүмбез қурылған.

Орайдың ең тийкарғы бөлиминен Қураны кәрим залы орын алған. Бул жерде мусылман дүньясының руўхый дүрданалары - әййемги Усман Мусхафи жайластырылды. Сондай-ақ, муқаддес китаптың саманийлер, қараханийлер, хорезмшаҳлар, Өзбекхан, темурийлер ҳәм басқа да тарийхый династиялар дәўиринде жазылған нусқалары және ески өзбек тилиндеги мәнилердиң аўдармалары қойылды. Қураны кәримниң дүньядағы ең сийрек ушырасатуғын қолжазбаларынан үлгилер де орын алды.

Орайда 460 орынлық әнжуманлар залы бар. Бул жерде ҳәр қыйлы халықаралық ушырасыўлар, әнжуманлар өткериў ушын зәрүр шараят жаратылған, ең соңғы маркадағы техника қураллары менен орнатылған. Өткен жылы августта комплекс пенен танысыў ўақтында мәмлекетимиз басшысы Өзбекстан уллы тарийхқа ийе мәмлекет екенлиги, уллы ата-бабаларымыздың илимий-мәдений мийрасы адамзат тарийхында өшпес из қалдырғаны, дүнья жәмийетшилигин оннан хабардар етиўде бул орайдың орны шексиз екенин атап өткен еди.

Бул жерге кирген адам әсирлер даўамында илим, руўхыйлық, ағартыўшылық ҳәм мәденият жолында исленген шексиз жумысларға гүўа болады. Соның ишинде, Имам Бухарий, Мотуридий, Аҳмад Фарғаний, Абу Наср Фарабий, Муҳаммад Хорезмий, Абу Райхан Беруний, Абу Али ибн Сино, Бурханиддин Марғиноний, Маҳмуд Замахшарий, Мырза Улығбек, Әлийшер Наўайы, Заҳириддин Бабур, Али қусшы сыяқлы алым ҳәм ойшыллар зыяратшыларды жақсылық, адамгершилик ҳәм дурыс жолға шақырады.

Комплексте "Исламға шекемги цивилизациялар", "Биринши Ренессанс дәўири", "Екинши Ренессанс дәўири", "Өзбекстан XX әсирде", "Жаңа Өзбекстан - жаңа Ренессанс" сыяқлы бөлимлер шөлкемлестирилген. Бул дәўирлердиң тарийхы ҳәр қыйлы затлар, қолжазба дәреклер, сүўретлер ҳәм мультимедиа қураллары арқалы көрсетилген. Тарийхтағы жетик уламалардың ислам ағартыўшылығына қосқан үлеси ҳәр тәреплеме сәўлелендирилген.

Ҳәзирги ўақытта комплексте Бибиханым, Ханзадабегим, Гаўҳаршадбегим, Гүлбаданбегим, Надирабегим, Увайсий, Анбар атын сыяқлы тарийхымызда терең из қалдырған ҳаял-қызлардың илим-ағартыўшылық қәўендери сыпатындағы жумысы да сәўлелендирилген.

* * *

Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайы ҳәм оның әтирапында исленген дөретиўшилик жумыслар ҳәм өзгерислер ҳәр қандай адамды өзине тартады. Пайтахтымыздың тарийхый Қарасарай, оған тутас Зарқайнар көшелерин бүгин таныў қыйын. Қарасарай көшесинде автомобиллер ушын қурылған жер асты жолы, еки шетинде классикалық усылда бой тиклеген мийманханалар, саўда орынлары, Зарқайнардың Ески жуўа базарына алып шығатуғын тар ҳәм узын көшесиндеги ески усылдағы оңлаў жумысларынан ҳайран қаласыз. Әсиресе, комплекс, тутас имаратлар ҳәм тутас аймақлар кешки ўақытлары шырақлардың жақтысында айрықша сыйқырлылыққа ийе болады.

Euronews телеканалы Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайына бағышланған, оның сийрек ушырасатуғын архитектуралық шешимлерин сәўлелендиретуғын арнаўлы репортажларын бир неше күн эфирге берди.

"Ўатан ҳаққында қосық"

Көп жыллар бурын, кәсибимниң сырларын толық түсинип жетпеген ўақтымда бир газетада тап усындай атама менен мақала шыққан еди. Авторы ядымда жоқ, бирақ белгили шайыр яки жазыўшы емес еди. "Ўатан ҳаққында қосық" қандай да бир қосық ямаса қосықтың анализи болса керек, деген ой менен мақала оқыўға кирискенимди еслеймен. Текстте назым, ырғақ, нама ҳәм атқарыў ҳаққында ҳеш нәрсе айтылмайды, бирақ ол қосықтай тегис оқылатуғын еди, ырасында да қосықтай өзинен ырғақ тарататуғын еди. Автор мақалада Ўатаны, журты, тәбияты, үрп-әдети ҳәм адамларын мақтаған еди.

Бүгин Ташкенттиң Ески қала бөлимине жолы түскен ҳәр бир адам таңланыўын жасыра алмай атыр. Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайындағы дөретиўшилик жумыслары әпиўайы туристти де, абырайлы делегация ўәкиллерин де, мәмлекет басшыларын да ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы өз тәсирлерин бөлисиўге ийтермелемекте. Бул кеўил билдириўлерин болса, олардағы ыссылық ҳәм жыллылық себепли Ўатан ҳаққында қосық, бизиң Ўатанымыз ҳаққында қосық сыпатында қабыл етиў мүмкин.

Александр Вучич, Сербия Президенти:

- Мен алдын Өзбекстанға келмей, үлкен қәтеликке жол қойғанман. Бул мәмлекетке, әлбетте, келиң! Мен бул мәмлекетке алдынырақ келмей жүдә үлкен қәтеликке жол қойғанман. Имканиятыңыз болды ма, бул мәмлекетти көриўге, әлбетте, келиң.

Сантьяго Пенья, Парагвай Республикасы Президенти:

- Өзбекстан тарийхы ҳақыйқатында да шексиз. Ол бес мың жыллық раўажланыўды қамтып алған үлкен цивилизация болып есапланады. Бир миллетти аңлаў ушын оның тарийхын билиў керек. Бул жерде болса тарийх жүдә бай. Инсаният цивилизациясына үлкен үлес қосқан көплеген илимий ҳәм мәдений жетискенликлер әйне усы жерден келип шыққан. Өзбекстанның ең үлкен байлығы тарийхый мийрасы, илимий жетискенликлери ҳәм мәдений цивилизациясы болып есапланады. Мәселен, алгебра ямаса медицина тараўындағы дәслепки жетик илимий тийкарлар усы елден келип шыққанын көпшилик билмейди. Мен бул сапар етиўден жүдә руўхландым. Парагвай Өзбекстан менен келешектеги перспективалы бирге ислесиўге таяр.

Рана Иҳсаан Афзал, Пакистан Бас министри аппаратында саўда бойынша координатор:

- Бундай орайды дүньяның ҳеш бир жеринде көрмегенмен. Бул жерге кирген адам тарийхтың түрли дәўирлерине саяхат еткендей болады. 3D сахналар, мультимедиа презентациялары ҳәм илимий түсиниклер өтмишти тиккелей көз алдыңызда жанландырады. Өзбекстан бир неше мың жыллық илимий мийрасты бир жерге жәмлеп, заманагөй түрде көрсете алғаны - оғада үлкен жетискенлик.

Өзбекстан - Пакистан байланыслары ҳәзирги ўақытта жаңа басқышқа көтерилген. Саўда, транспорт ҳәм дипломатиялық бирге ислесиў көлеми жыл сайын кеңеймекте. Еки мәмлекет арасында тиккелей авиарейслердиң жолға қойылғаны да бул бирге ислесиўге айқын мысал болып есапланады.

Мита Танжунг, Индонезия мусылман ҳаж шөлкемлестириўшилери ассоциациясының баслығы:

- Бул орай Өзбекстан цивилизациясы, тарийхы, данышпанлығы ҳәм мәнаўиятының пүткил тартымлылығын өзинде жәмлеген. Ҳәр бир бөлимдеги экспонатлар жүдә баҳалы. Комплекстеги барлық гөззаллық, әжайып мағлыўматлар, тарийхый байлықларды көриў - мен ушын үлкен бахыт. Өзбекстанда әййемнен ҳәзирги күнге шекемги пүткил цивилизация жәмленгениниң гүўасы болдым. Визуал зал, әсиресе, Кааба кисўасы көрсетилген бөлим жүдә үлкен тәсир қалдырды. Бул жер индонезиялы мусылман туристлер ушын да жүдә әҳмийетли. Келешекте биз де Өзбекстанның уллы цивилизациясы, тарийхы ҳәм мәдениятын және де көп адам келип көретуғынына үлес қосамыз.

Муҳаммад Ғазалий, Индонезия Умра ҳәм Ҳаж саяхат агентликлери ассоциациясының регионлар баслығы:

- Бул орай оғада шырайлы, әййемги цивилизация мийрасы заманагөй ҳәм алдынғы технологиялар менен үйлестирилгени оғада таң қаларлық. Оған киргениңизде тап сол дәўирге түсип қалғандай, тарийх бетлери қатарында сейил етип жүргендей боласыз.

Орай музейинде Биринши ҳәм Екинши Ренессанс және Жаңа Өзбекстан дәўирлериниң саўлаты бар. Мениңше, бул жүдә қызықлы ҳәм өзине тән тәжирийбе. Сол себепли Индонезиядағы ўатанласларымызды да бул жерге келип, тас дәўиринен ислам дининиң кирип келиўине шекемги раўажланыўды өз көзи менен көриўге шақыраман.

Таҳир Фарооқ, “Daily Ittеhad” медиа топары бас редакторы:

- Өзбекстан өз тарийхын тек ғана сақлап қалған емес, ал оны жаңа әўлад ушын ең заманагөй усылда жанландырып бере алмақта. Ҳәр бир залда илим бар, ҳәр бир экспозиция өтмиштиң жаңа бетин ашады. Жасалма интеллект ҳәм мультимедиа технологияларының бундай үйлесими тарийхты және де терең аңлаўға жәрдем береди.

Қуран залындағы сийрек ушырасатуғын қолжазбалар, уллы ойшыллардың мийрасы, орай концепциясының избе-из илимий тийкарланғанлығы ҳәм ағартыўшылық руўхын айрықша атап өтиў керек. Ислам цивилизациясы орайы - "тарийхты жанландырған, илим ҳәм технологияны үйлестирген бийбаҳа ғәзийне" болып, оны дүнья көлеминде кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүр.

Муҳаммад бин Сулайым, Халықаралық автомобиль федерациясы (FIA) президенти:

- Өзбекстан ҳүкиметине ҳәм жеке Президентине бул орайды өз көзимиз бенен көриў имканиятын бергени ушын шын жүректен миннетдаршылық билдиремен. Бул жерде бурын өзим билмеген көплеген мағлыўматларды көрдим. Мениңше, бул Өзбекстанның жасырын ғәзийнеси. Бул журт дүньяға жайған илимий мийрас ҳаққында көпшилик еле де жетерли дәрежеде хабардар емес. Қуранға бағышланған залда тийкарғы қолжазбаларды көргеним, жойтылып кеткен ямаса ҳәр қыйлы жоллар менен басқа мәмлекетлерге өтип кеткен сийрек ушырасатуғын дәреклерди қайта жыйнаў бойынша Президенттиң жеке басламасы ҳаққында еситкеним мени терең толқынландырды.

Бул орын дүнья көлеминде және де кеңнен үгит-нәсиятланыўы керек. Муҳаммед Хорезмий, Имам Бухарий, Абу Али ибн Сино сыяқлы уллы шахслардың илимий мийрасын глобал көлемде көрсетиў - бизиң де ўазыйпамыз. Өзбекстанның исламға шекемги дәўирден ҳәзирги күнге шекемги раўажланыўы, ислам мәдениятына қосқан үлкен үлеси - булардың барлығы мени таң қалдырды. Ең әҳмийетлиси, бул орын адамды тийкарғы ҳақыйқатқа қайтарады: тарийхтан сабақ алып, исенимли алға барыў керек деген идеяны береди.

Абу Райхан Беруний, Муҳаммед Хорезмий, Абу Наср Фарабий, Имам Термизий, Имам Бухарий, Абу Али ибн Сино сыяқлы уллы инсанлар жәҳән илимий раўажланыўының тийкарына айланған илимий жетискенликлерди жаратқан болса да, бүгин дүньяның көплеген мәмлекетлеринде олар ҳаққында жетерли билим жоқ. Орайдың жумысы тарийхый мийрасты глобал көлемде үгит-нәсиятлаў жолындағы оғада әҳмийетли баслама болып есапланады.

Жаля Азизова, Халықаралық Қызыл атанақ комитетиниң Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша регионаллық координаторы:

- Орайдың архитектуралық шешими, зал ҳәм жоллардың концепциясы, тарийхый дәўирлердиң басқышпа-басқыш ашып берилиўи - жүдә тәсиршең. Исламға шекемги естеликлерден баслап, Шығыс ояныў дәўирлерине шекемги процесстиң бундай профессионаллық сәўлелениўи мени жүдә илҳамландырды.

Жулиан Ананда, Индонезия “Halal Tour” туристлик агентлигиниң ағзасы:

- Өзбекстандағы ислам цивилизациясы орайы - оғада әжайып орын. Бул жерде қараңғылық дәўиринен алтын дәўирге шекемги, яғный ислам цивилизациясы қәлиплескен дәўирге шекемги бай тарийх жәмленген.

Бул үлкен комплекс Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламасы менен қурылған болып, оның архитектурасы, дизайни ҳәм мазмуны менен келген ҳәр бир адамды таң қалдырады. Өзбекстанға келген мийманлар, әлбетте, бул жерде болыўы керек. Себеби бул комплекс тек ғана гөззал емес, ал терең руўхый ҳәм тарийхый мазмунға ийе.

Билжана Милосевич, Халықаралық Қызыл атанақ комитетиниң Орайлық Азия бойынша регионаллық делегациясының басшысы:

- Бул орайға биринши мәрте келип атырмыз ҳәм шын жүректен айтыўым керек: мен бул жерде көргенлеримнен ҳайранман. Экспозициялар тек ғана илимий тийкарланған емес, ал жүдә заманагөй ҳәм тәсиршең етип исленген. Интерактив бөлимлер арқалы тарийх түбине түскендей боласыз.

Ең әҳмийетлиси, бул жердиң адамзат мийрасының қәдирин жоқарылататуғын, тынышлық ҳәм өз-ара ҳүрмет идеяларын жырлайтуғын теберик орын екенинде. Өзбекстан халқына ҳәм Президентине бундай үлкен жойбар ушын миннетдаршылық билдиремен.

***

Бундай нама ҳәм ырғаққа айланатуғын шын кеўилден жазылған жазыўлар адамның кеўил түпкиринен шығады. Орайдың орайлық ағартыўшылық орайы алдына қойылған әҳмийетли ўазыйпалардан гөзленген мақсет те усы - миллий тарийхымыздың жаңаланған көринисин жаратыў ҳәм жас әўлад қәлбинде елимиз ойшылларының өлмес мийрасына жоқары муҳаббат оятыў болып табылады. Өз Ўатанын сүйген, тарийхы ҳәм қәдириятларын улығлаған инсанлар ғана мүнәсип келешек даўамшылары бола алады. Оларды тәрбиялаўда болса Өзбекстандағы Ислам цивилизациясы орайының орны шексиз.

Нодир МАҲМУДОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы