Жаңа редакциядағы Конституциямызға муўапық, биринши мәрте аралас (мажоритар ҳәм пропорционал) система тийкарында өткерилген парламент сайлаўы буған айқын мысал бола алады. Сонлықтан, мәмлекетимиз басшысының Бас нызамымыз қабыл етилгениниң 32 жыллығы мүнәсибети менен Өзбекстан халқына жоллаған байрам қутлықлаўында атап өткениндей, "Мийнеткеш, кеңпейил халқымыздың Жаңа Өзбекстанды қурыў жолындағы ерк-ықрары, бирлиги ҳәм аўызбиршилиги, сиясий мәденияты анық көрсетилген бул сайлаўлардың нәтийжелерине бола, елимизде конституциялық ҳуқық ҳәм ўәкилликлери күшейген, жуўапкершилиги бир неше есеге артқан жаңа ўәкиллик системасы қәлиплескени әлбетте, бәршемизди қуўандырады".

Ҳақыйқатында да, бул процесслердиң барлығы Конституцияда белгиленген тийкарғы принциплерге сүйенген ҳалда әмелге асырылды. Усы сайлаў нәтийжесинде жаңа парламент қәлиплести.

Жаңа редакциядағы Конституцияны қабыл етиў мақсетлеринен бири пуқаралардың мүнәсип турмыс кешириўи, көп миллетли мәмлекетимиз халқының абаданлығын тәмийинлеўден ибарат. Соған муўапық, Конституциямызда Өзбекстанның социаллық мәмлекет сыпатындағы статусы беккемлеп қойылды. Социаллық мәмлекет ҳәммеге социаллық келип шығыўына қарамастан тең имканиятлар, мүнәсип турмыс кешириў ушын тең шараятлар жаратыў, кәмбағаллықты қысқартыў ҳәм халықтың турмыс абаданлығын арттырыўды нәзерде тутады.

Раўажланыў стратегиясында инсан қәдири үстинлиги ҳәм инсан ҳуқықларын тәмийинлеўде "ҳеш кимди итибардан шетте қалдырмаў" принципине тийкарланған. Халықтың көпшилигин көп балалы шаңарақлар қурайтуғыны, мәмлекетте жаслар улыўма халықтың 60 процентин қурағанын есапқа алсақ, бул әҳмийетли социаллық әҳмийетке ийе болған мәселе екенин көз алдымызға келтириў қыйын емес.

Өзбекстан демократиялық ҳуқықый мәмлекет сыпатында мәмлекетте инсан ҳуқықларын тәмийинлеў, нызам үстинлигин белгилеў айрықша әҳмийетке ийе. Соның ушын, Президентимиз "нызам үстинлиги индекси" жоқары дәрежедеги мәмлекетлер қатарынан орын ийелеў мәмлекетимиздиң тийкарғы ўазыйпаларынан бири екенин атап өткен еди.

Бул бағдардағы ҳәрекетлерди ҳуқықый жақтан беккемлеў мақсетинде Конституцияда инсанның ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў мәмлекеттиң ең әҳмийетли ўазыйпаларынан бири етип белгиленди.

Сондай-ақ, инсан ҳуқықларын қорғаўға айрықша әҳмийет берилди. Нәтийжеде жаңаланған Конституциямызда инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине байланыслы қағыйдалар дерлик еки есеге көбейип, оның конституциялық-ҳуқықый кепилликлери анық беккемлеп қойылды.

Мәмлекетлик уйымлар тәрепинен пуқараға қолланылатуғын ҳуқықый тәсир илажлары теңсалмақлылық принципине тийкарланыўы ҳәм нызамларда нәзерде тутылған мақсетлерге ерисиў ушын жетерли болыўы керек. Бул принцип ҳуқық қорғаў уйымларында, тергеў ҳәм оператив излеў жумысында кемситиўге жол қойылыўының алдын алыўға тийкар жаратады.

Инсан ҳәм мәмлекетлик уйымлар арасында жүзеге келген анықсызлықлар инсан пайдасына талқыланыўы, ҳуқықый тәсир илажлары мақсетке ерисиў ушын жетерли ҳәм тең салмақлы болыўы керек. Бул конституциялық принциплер Өзбекстанның социаллық ҳәм ҳуқықый мәмлекет сыпатындағы өзгешеликлеринен келип шығады ҳәм инсан мәплериниң үстинлигин тәмийинлеўге хызмет етеди.

Инсан ҳуқықларына байланыслы халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлерде мәмлекетлерге өз миллий нызамшылығында қыйнаўлар ҳәм барлық түрдеги зорлықларды қадаған етиў миннетлемеси жүкленеди. Бул халықаралық норма Өзбекстан Конституциясында өз көринисин тапқан, қыйнаўлар, зорлық ҳәм басқа да аяўсыз, инсапсызлық ямаса қәдир-қымбатты кемситетуғын қатнас ҳәм жазалар қадаған етилген. Инсанның абырайы ҳәм қәдир-қымбатына қол қатылмайды. Ҳеш нәрсе оларды кемситиў ушын тийкар бола алмайды.

Айыпсызлық презумпциясы инсан ҳуқықлары тараўындағы халықаралық стандарт сыпатында тән алынады. Бул халықаралық ҳуқықый норма Конституциямызда толық сәўлеленген болып, жынаят ислеўде айыпланып атырған шахс оның айыбы нызамда нәзерде тутылған тәртипте ашық-айдын суд додалаўы жолы менен дәлилленген ҳәм судтың нызамлы күшке кирген ҳүкими менен анықланбағанша айыпсыз деп есапланады. Бул конституциялық норманы әмелиятқа толық енгизиў, инсан ҳуқықларын суд арқалы қорғаў системасын буннан былай да жетилистириў мақсетинде 2024-жыл 10-июньде Президентимиздиң "Оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахстың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин және де күшейтиў илажлары ҳаққында"ғы пәрманы қабыл етилди. Пәрман менен инсан ҳуқықларын қорғаў системасын жаңа басқышқа көтериў, суд ҳәм ҳуқық қорғаў уйымларының жумысында шахс ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў кепилликлерин күшейтиў, жумысты судқа шекем алып барыўда тәреплердиң теңлиги ҳәм тартысыў принципин әмелде тәмийинлеў, сондай-ақ, оператив-излеў ҳәм тергеў жумысында шахс ҳуқықлары менен еркинликлериниң нәтийжели қорғалыўына ерисиў мақсетинде 2025-жыл 1-январьдан суд системасында тергеў судьялары институты енгизилмекте.

Бүгинги күнде Судьялар жоқары кеңеси тәрепинен Жоқары суд пенен биргеликте тергеў судьялары корпусын қәлиплестириў, усы жуўапкершиликли ўазыйпаға жетерли билим ҳәм тәжирийбеге ийе шахсларды таңлап алыў, олардың маманлығын арттырыў бойынша тийисли илажлар көрилмекте.

Суд-ҳуқық системасы менен биринши мәрте дус келген шахс өз ҳуқықларын жетерли дәрежеде билмеўи себепли белгили машқалаларға дус келиўи, ҳуқық ҳәм еркинликлериниң шеклениўине себеп болыўы мүмкин. Конституцияда айыпқа байланыслы барлық гүманлар, егер оларды сапластырыў имканиятлары тамам болған болса, пуқараның пайдасына шешилиўи белгиленген.

Конституциямызда әдил судлаўға байланыслы халықаралық ҳуқықый ҳүжжетлер ҳәм юридикалық әдебиятларда "Миранда қағыйдасы" сыпатында еслетилетуғын қағыйда, яғный шахсты услаў ўақтында оған түсиникли тилде оның ҳуқықлары ҳәм услап турылыўының тийкарлары түсиндирилиўи шәрт екенлиги беккемленди.

Ҳеш ким өзине ҳәм жақын туўысқанларына қарсы гүўа болыўға мәжбүр емес. Сондай-ақ, шахстың судланғанлығы менен байланыслы ҳуқықый ақыбетлер оның туўысқанларының ҳуқықларын шеклеў ушын тийкар болмайды. Бул норманың әҳмийети сонда, жақын өтмишимизде мәмлекетлик уйымларда ислеп атырған пуқара, ҳәтте ол тәжирийбели ҳәм үлгили хызметкер болса да, қандайда бир туўысқанының қәтеси себепли жумысынан кетиўге мәжбүр болған. Бул жүдә әдалатсыз нызам нормасы бийкар етилди.

Мәмлекетимиздеги мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли бағдарларынан бири жәмийетте миллетлераралық, динлераралық татыўлықты беккемлеўден ибарат. Пуқаралардың ҳүждан еркинлиги тараўындағы конституциялық ҳуқықларын тәмийинлеў, жәмийетте диний кеңпейиллик ҳәм динлераралық дослық-бирге ислесиў идеяларын буннан былай да беккемлеўге айрықша итибар қаратылмақта. Бүгинги күнде елимизде 130 дан аслам миллет ҳәм халық және 16 диний конфессия ўәкиллери тыныш-татыў, аўызбиршиликте жасамақта. Бул аўызбиршиликтиң ҳуқықый кепили Бас нызамымызда беккемлеп қойылған, яғный барлық пуқаралардың бирдей ҳуқық ҳәм еркинликлерге ийе болыўы, жынысы, расасы, миллети, тили, дини, исеними, социаллық келип шығыўы, социаллық статусына қарамастан, нызам алдында теңлиги Конституция менен кепилликленген.

Суд қарары менен тайынланған жазаны орынлаў тәртибинен ямаса нызамда нәзерде тутылған басқа жағдайлардан тысқары мәжбүрий мийнет қадаған етиледи. Мәжбүрий мийнетти қадаған етиў бойынша кепилликлер күшейтилип, мәжбүрий мийнет сапластырылды. Мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетинен пайдаланыўға шек қойылды.

Пуқаралар тек ғана миллий нызамшылық емес, ал халықаралық ҳуқықый нормалар тийкарында өз ҳуқықлары менен еркинликлерин қорғаў имканиятына ийе болды. Жаңа редакциядағы Конституция пуқараларға инсан ҳуқықларын қорғаўшы халықаралық уйымларға мүрәжат етиў ҳуқықын береди. Бул пүткиллей жаңа дәрежедеги инсан ҳуқықларын қорғаў механизми болып, пуқаралар халықаралық ҳуқықый қатнасықлардың қатнасыўшысына айланып атырғанын билдиреди.

Президентимиз Конституциямыз қабыл етилгениниң 27 жыллығы мүнәсибети менен шығып сөйлеген сөзинде" ... мәмлекетимизде демократиялық ҳуқықый мәмлекет ҳәм еркин пуқаралық жәмийетин қурыў ушын биз турмысымыздың барлық тараўларында конституциялық қадағалаўды күшейтиўимиз зәрүр", деп атап өткен еди. Конституциялық қадағалаўды күшейтиў Конституция ҳәм нызам үстинлиги принципин тәмийинлеў ҳәм ақырғы нәтийжеде елимизде конституциялық нызамшылықты беккемлеў, пуқаралардың конституциялық ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўдың зәрүр шәрти болып есапланады.

Конституция пуқараларға конституциялық ҳуқық ҳәм еркинликлерин қорғаў ушын Конституциялық судқа мүрәжат етиў ҳуқықын береди. Пуқаралар тәрепинен Конституциялық судқа шағым менен мүрәжат етиў ҳуқықының мәниси ҳуқық ҳәм еркинликлерин бузып атырған нызамның Конституция нормаларына сәйкеслигин тексериў талабында көринеди. Соның менен бирге, конституциялық шағым институтының әҳмийети тек ғана пуқаралардың конституциялық әдил судлаўға болған ҳуқықларын тәмийинлеўден ибарат емес, ал нызамлардың сапасын ҳәм нәтийжелилигин арттырыў, олардың конституциялылығын тәмийинлеў, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик турмысты және де демократияластырыўға тийкар жарататуғынын атап өтиў керек. Әлбетте, бул жаңалықлар инсан ҳуқықларын қорғаў системасында Конституциялық судтың ролин және де арттырады, пуқаралардың ҳуқықлары менен еркинликлерин исенимли қорғаўға хызмет етеди.

Конституциялық шағым институтының енгизилиўи ҳәммениң нызам алдында теңлиги, ҳеш ким нызамнан үстин болмаўы, пуқараларға нызамларға бойсыныўшылық ҳәм ҳүрмет руўхын сиңдириў, ҳуқықый мәдениятты қәлиплестириўде айрықша әҳмийетке ийе. Сондай-ақ, конституциялық шағым институты әҳмийетли демократиялық институт сыпатында Өзбекстанның "Ҳуқық үстинлиги индекси", "Жәҳән мәмлекетлери демократиясы индекси" сыяқлы халықаралық абырайлы рейтинглердеги орнының жақсыланыўына имканият береди.

Өзбекстандағы конституциялық реформалар халықаралық жәмийетшилик тәрепинен жоқары баҳаланбақта. Барлық тараўлардағы реформалар нәтийжесинде мәмлекетимиздиң дүнья жәмийетшилигиндеги орны ҳәм абырайы артып бармақта, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерине кепиллик берилген мәмлекет сыпатында тән алынбақта.

Өзбекстан ўәкили биринши мәрте БМШның Инсан ҳуқықлары кеңесиниң ағзалығына сайланды. Бул жаңалықты мәмлекетимиз басшысы кейинги жыллары елимизде демократиялық реформаларды әмелге асырыў, соның ишинде, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин және нызам үстинлигин тәмийинлеў бағдарында алып барып атырған әмелий жумысларымыздың дүнья жәмийетшилиги тәрепинен тән алыныўы сыпатында баҳалады.

Уллы бабамыз Әмир Темурдың "қай жерде нызам ҳүким сүрсе, сол жерде еркинлик болады", деген сөзлери бүгинги күнде де әҳмийетлилигин жоғалтпаған. Ҳақыйқатында да, мәмлекетлик басқарыўдың тийкарғы принциплеринен бири болған нызамшылық принципин қарар қабыл етиў күнделикли турмысымыз зәрүрлигине айланыўы керек.

АСҚАР ҒАФУРОВ,

Конституциялық суд баслығының орынбасары,

юридикалық илимлери докторы