Негизинде көп қәрежет ҳәм үлкен күш жумсалатуғын бул ҳәрекеттен гөзленген мақсет не? Акция шеңберинде анықланған мағлыўматлар мәмлекет ҳәм жәмийеттиң раўажланыўында қандай әҳмийетке ийе?

Ҳәзирги ўақытқа шекем көплеген мәмлекетлерде бул илаж турақлы өткерилип келинбекте. Сол арқалы жыйналған мағлыўматларды таллаў арқалы дүнья халқының улыўма, кең көлемли көриниси жаратылады. Ҳәзир халықты дизимге алыў жумыслары БМШ усыныслары тийкарында көплеген мәмлекетлерде әмелге асырылады.

Мәмлекеттиң тийкарғы дәреги - халық ҳаққында анық мағлыўматқа ийе болмай турып заманагөй жаңа Өзбекстанды қурыў мүмкин емес. Себеби, халық ҳаққындағы анық мағлыўматлар ресурслардан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм дурыс бөлистириўге үлкен тийкар жаратады. Соның ушын халықтың қурамы, экономикалық белсендилиги, билимлендириў дәрежеси ҳаққында анық түсиникке ийе болыў ҳәр бир мәмлекет алдындағы тийкарғы ўазыйпа болып табылады. Соның ишинде, мәмлекетте қанша адам бар екенлиги ҳаққында емес, ал мигрантлар қай жерден келип, қай жерге кетип атырғаны, жас ҳәм жыныс қурамы сыяқлы көплеген мағлыўматлар реформа өткерип атырған ҳүкиметлер ушын оғада әҳмийетли болып табылады.

Өзбекстан ғәрезсизликке ерискеннен соң халықты дизимге алыў зәрүрлиги ҳаққында буннан сегиз-тоғыз жыл бурын жоқары минберлерде айтыла басланды. 2019-жылға келип Президентимиз халықты дизимге алыў илажын өткериў концепциясын тастыйықлады. 2020-жылы пүткил дүньяда бақланған коронавирус пандемиясы себепли бул улыўма миллий илаж кейинге қалдырылды.

Халықты дизимге алыў адам саны, жыныс ҳәм жас қурамы, жасаў шараяты ҳәм миграциясының толық көринисин қәлиплестиреди. БМШ халықты кеминде 10 жылда бир мәрте дизимге алыўды усыныс етеди. Себеби, дизимге алыў миллий сиясатты ислеп шығыў ҳәм режелестириў, сондай-ақ, мәмлекеттиң раўажланыўын бақлаў ушын тийкарғы мәлимлемелердиң усынылыўын тәмийинлейди.

Пуқаралардың турақ жай, үй-руўзыгершилик буйымлары, азық-аўқат өнимлери, кийим-кеншек, медициналық үскенелер ҳәм дәри-дәрмақ, социаллық хызметлер, жумыс орынларына болған зәрүрлигине байланыслы әҳмийетли мәлимлемени халық ҳаққындағы исенимли мағлыўматлар тийкарында ғана анықлаў мүмкин.

Халықты дизимге алыў арқалы ҳақыйқатында да аймақта жасап атырғанлар ҳаққында тек ғана пүткил мәмлекет бойынша емес, ал регионлар кесиминде де мағлыўматқа ийе болыў мүмкин. Пуқаралар ҳаққындағы мағлыўматлар ҳәр қыйлы ҳәкимшилик дәреклер ҳәм мәмлекетлик уйымлардың мағлыўматлар базаларында бар, бирақ олардың ҳәммесинде мәлимлеме толық емес. Бул толық көринисти қәлиплестириў имканиятын бермейди.

Мәселен, пуқаралықты рәсмийлестириў ҳәм миграция бөлимлеринде пуқаралар дизимге алынған орын ҳаққында мағлыўматлар бар. Негизинде болса бул адамлар басқа мәнзилде, ҳәтте басқа ўәлаят яки мәмлекетте жасап атырған болыўы мүмкин. Сайлаўшылар дизиминде де халық ҳаққында толық мағлыўмат жоқ. Оларда даўыс бериўде қатнаса алмайтуғын пуқаралар есапқа алынбаған.

Дүнья тәжирийбесинен белгили болғанындай, мәмлекетлер сораўнаманың жуўмақлаўшы вариантына киргизилетуғын сораўлар дизимин еркин белгилейди. Қағыйда сыпатында ҳәр бир мәмлекетлик уйым өзин қызықтырған мәселелерди сораўнамаға имканы болғанынша көбирек киргизиўди қәлейди. Бирақ сораўнама қанша үлкен болса, халықты дизимге алыў сонша қымбатқа түседи. Себеби халықты дизимге алыўшылардың ҳәр бир шаңарақ ушын көбирек ўақыт жумсалыўына туўра келеди.

Мәмлекетти раўажландырыў перспективасын белгилеўде халықтың демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық өзгешеликлери, турмыс дәрежеси ҳәм абаданлығы, аўыл хожалығының жағдайын анықлаў жүдә әҳмийетли. Бунда дизимге алыў айрықша әҳмийетке ийе.

Елимизде улыўма миллий дизимге алыў соңғы мәрте 1989-жылы өткерилген. Кейинги жыллары бул бағдарда бир қатар жумыслар орынланды. Соның ишинде, "Халықты дизимге алыў ҳаққында"ғы нызам қабыл етилип, пуқараларды ҳәр 10 жылда, аўыл хожалығын болса ҳәр 5 жылда кеминде бир мәрте дизимге алыў белгиленген. Сонлықтан, 2021-жылы халықты, 2022-жылы болса аўыл хожалығын сынаў тәризиндеги дизимге алыў илажлары өткерилди. Бирақ толық дизимге алыў процесин өткериў ушын зәрүр факторлар ҳәм халықаралық тәжирийбелерди үйрениў және тийисли илажларды ислеп шығыў белгили бир мүддетти талап ететуғыны себепли, бул илаж кейинге қалдырылған еди.

Өткен ҳәптеде Президентимиз жанында усы илажды шөлкемлестириў бойынша өткерилген презентацияда халықаралық тәжирийбеге тийкарланып, Жәҳән банки, UNFPA ҳәм FАО шөлкемлериниң қатнасыўында ислеп шығылған халықты ҳәм аўыл хожалығын бир ўақытта дизимге алыў усынысы көрип шығылды. Бул презентацияда Өзбекстанда дизимге алыў илажлары 2026-жыл 15-январьдан 28-февральға шекем өткерилетуғыны мәлим етилди.

Халықты дизимге алыў дәслепки 17 күн даўамында интернет арқалы, кейинги бир айда болса "мәҳәлле жетилиги" тәрепинен үйме-үй жүрип әмелге асырылады. Бул усыл арқалы қәрежет сезилерли қысқарып, 1,3 триллион сум қаржы үнемленеди. Сондай-ақ, дизимге алыў процеси әпиўайы ҳәм ашық-айдын тәризде шөлкемлестириледи. Сораўлар саны алдын режелестирилген 328 ден 71 ге қысқартылды. Дизимге алыў нәтийжесинде Европа статистика конференциясының 2020-жылдағы усыныслары тийкарында 38 миллион адамның қурамы ҳәм миграциясы, шаңарақлық жағдайы, жумыс түри, дәрамат дәреклери ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплестириледи. Мәмлекетимиздеги аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў жағдайы, шарўа маллары ҳәм қуслардың саны анықланады. Бул арқалы аўыл хожалығына бағдарланып атырған жыллық 25,6 триллион сум, соның ишинде, 2,2 триллион сум бюджет қаржысының нәтийжелилиги, тараўдағы хызметлердиң көлеми ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў ушын зәрүр мағлыўматлар топланады.

Дизимге алыў процесин нәтийжели әмелге асырыў ушын "мәҳәлле жетилиги" арнаўлы оқыў бағдарламасы тийкарында таярланады ҳәм хошаметленеди. Буның ушын Жәҳән банкиниң жәрдеминде әмелге асырылып атырған статистика системасын беккемлеў жойбарының қаржылары қаратылады. Сондай-ақ, ғалаба хабар қураллары, социаллық тармақлар арқалы кеңнен үгит-нәсиятлаў жолға қойылады ҳәм сол арқалы пуқаралардың хабардарлығы арттырылады.

Бул илажлар халық ҳәм аўыл хожалығының реал көрсеткишлерин анық белгилеў, мәмлекетлик бағдарламаларды мақсетли ҳәм нәтийжели әмелге асырыўда үлкен әҳмийетке ийе.

Миллий статистика комитети өткен ай жуўмағында Өзбекстан турақлы халқының саны 38 миллион адамнан артқанын мәлим етти. Соннан 19,1 миллионы еркеклер, 18,8 миллионға шамаласы ҳаял-қызлар.

Халық саны 2025-жылдың ҳәр бир өткен айында орташа 57,1 мың адамға артқан. Ҳәр күни болса орташа 1,9 мыңға көбеймекте. Атап айтқанда, жыл басынан берли 563,4 мың туўылыў дизимге алынған. Ташкент қаласы (2,3 процент), Сурхандәрья (2,3 процент) ҳәм Қашқадәрья ўәлаятларында (2,2 процент) халықтың саны ең тез өспекте.

Өзбекстан халқы арасында мийнетке жарамлы жастағылардың үлеси 56 процентти (21,2 миллион адам) қурайды. Январь айы басында пуқаралар саны бир жыл даўамында 2 процент өсип, 37,5 миллион адамнан асты. 2024-жылы туўылыў дәрежеси 2017-жылдан берли биринши мәрте 3,7 процентке азайған. 2024-жылы соңғы 10 жылдағы ең аз неке жағдайы да дизимге алынған.

Халықты дизимге алыў арқалы топланған мағлыўматлар социаллық қорғаў, инвестиция, турақ жай, денсаўлықты сақлаў, мәденият, туризм, билимлендириў, жол қурылысы ҳәм инфраструктура сыяқлы барлық бағдарларда мәнзилли бағдарламалардың ислеп шығылыўы ҳәм әмелге асырылыўында айрықша әҳмийетке ийе. Халықты дизимге алыў нәтийжелери келешекте ҳүкиметке усы бағдарламаларды әмелге асырыў нәтийжелерин баҳалаў, экономикалық прогнозлаў ҳәм демографиялық сиясатты қәлиплестириўде қол келеди.

Юнус БУРОНОВ,

"Янги Ўзбекистон" хабаршысы