Бул илаж ўатанласларымыздың саны, жасы, миллий қурамы, турмыс шараяты, бәнтлиги сыяқлы анық статистикалық мағлыўматларды қәлиплестириўге қаратылған әҳмийетли процесс болып есапланады. Өткен бир неше жылда буған үлкен таярлық көрилгени, әмелият айырым аймақларда сынақ түринде де өткерилгени айтылмақта.
Енди мине усы дизимге алыў илажы улыўма миллий тәризде шөлкемлестириледи. Дурыс, ҳәзир де елимиздиң халқы ҳәм жер майданы ҳаққындағы мағлыўматлар, статистика көрсеткишлери бар. Бирақ олар әдеўир бурын, қалаберсе, ески усылларда қәлиплескен. Анығырағы, елимизде соңғы мәрте 1989-жылы халықты улыўма миллий дизимге алыў өткерилген. Өткен 35 жылдан аслам ўақыт даўамында демографиялық ҳәм социаллық-экономикалық көрсеткишлерде жақсы өзгерислер болған. Әсиресе, соңғы он жыллықта Өзбекстанның раўажланыўы да ҳәм халықтың абаданлығы да бурынғыдан пүткиллей өзгешеленеди. Өсиў ҳәм өзгерис оғада үлкен. Халықтың саны да соған сәйкес түрде артып бармақта. Есимде, бурынлары халық санына байланыслы цифрлардағы өзгерислер бир неше жылда бир өзгеретуғын еди. Ҳәзир санлар жылына сезилерли өспекте, әллеқашан 38 миллион адамнан астық.
Булардың барлығы унамлы көрсеткиш, әлбетте. Мине, усы өзгерислердиң барлығы елимизде халық ҳәм аўыл хожалығы жерин дизимге алыўдың жаңа басқышын өткериў зәрүрлигин жүзеге келтирди. Анығырағы, бул зәрүрлик пайда болғанына бир неше жыл болды. Тек ғана процесс ең заманагөй ҳәм халықаралық стандартлар тийкарында өткерилиўи ушын қатаң таярлық көрилди. Ақырында келеси жылдың басында мәмлекетимиз бойлап улыўма миллий дизимге алыў илажы шөлкемлестириледи.
Ал, бул бизге не береди? Биринши гезекте, халық ҳәм турмыс шараяты ҳаққындағы исенимли мағлыўматлар әйне дизимге алыў процесинде қәлиплестириледи. Мәселен, Ферғанада неше адам жумыссыз? Әндижанда неше шаңарақ турақ жайға мүтәж? Сырдәрьяда және неше билимлендириў мәкемеси қурылыўы керек? Қашқадәрьяда халық турақ жайлары тийкарынан қайсы жыллары қурылған? Ташкент қаласында негизинде қанша адам жасайды ҳәм басқалар. Халықты дизимге алыў әмелияты усы сыяқлы көплеген сораўларға жуўап, машқалаларға шешим табыў имканиятын береди.
- Дүнья тәжирийбесине бола, мәмлекет халқының анық саны, жасы, жынысы, пуқаралығы, миллий қурамы, шаңарақлық жағдайы, кәсиби, бәнтлиги, дәрамат дәреги ҳәм басқа да тәреплери бойынша толық мағлыўмат жыйнаўдың ең нәтийжели усылы халықты дизимге алыў болып есапланады, - дейди Миллий статистика комитети баспасөз ҳәм жәмийетшилик пенен байланыслар бөлиминиң баслығы Камола Исмоилова. - Раўажланған мәмлекетлердиң әмелиятында ҳәр он жылда бир мәрте халықты, ҳәр бес жылда бир мәрте аўыл хожалығы жерлерин дизимге алыў дәстүри жолға қойылған. Онда бар статистикалық санларды және де анықластырыў, ең соңғы мағлыўматларды қәлиплестириў мақсет етиледи. Усы жағынан бул процесс Өзбекстан ушын да әҳмийетли. 2020-жылы Өзбекстан Республикасының "Халықты дизимге алыў ҳаққында"ғы нызамы қабыл етилип, онда халықты кеминде ҳәр 10 жылда, аўыл хожалығын болса ҳәр 5 жылда дизимге алыў зәрүр екенлиги белгиленген.
Дәслеп 2021-жылы халық ҳәм 2022-жылы аўыл хожалығы майданы сынаў тәризинде дизимге алынды. Бул әмелият елимизде ғәрезсизлик жылларында биринши мәрте өткерилип атырғанын есапқа алып, оны шөлкемлестириўге пуқта таярлық көрилди. Толық дизимге алыў ушын зәрүр техникалық таярлық жумыслары орынланып, ҳуқықый тийкарлар ислеп шығылғаннан соң, улыўма миллий илаж 2026-жылы өткерилетуғыны белгиленди. Процесте халық ҳәм аўыл хожалығы үнлес түрде дизимге алынады. Бул ҳәм ўақытты, ҳәм қәрежетти үнемлеп, сораўларды оптималластырыў имканиятын береди. Бул қатнас мәмлекеттиң финанслық ҳәм шөлкемлестириў ресурсларын нәтийжели басқарыўға хызмет етиўи менен бирге, мағлыўматлардың толықлығы ҳәм сапасын арттырады.
Ҳәр бир пуқара тең шараятта жасаў, барлық хызметтен бирдей пайдалана алыў, ең шетки аймақлардың халқы да суў, газ, электр тәмийнатына ийе болыўды қәлейди. Бүгин мәмлекетимиз өз алдына қойған тийкарғы ўазыйпа да усы. Ҳәмме бирдей абадан турмыс кешириўи ушын зәрүр илажлар көрилмекте. Усы мақсетте әмелиятта қолланылып атырған өзимизге тән тәжирийбе, атап айтқанда, мәҳәлле кесиминде ислесиў системасының нәтийжесин басқа мәмлекетлер де тән алмақта. Исленип атырған жумыслардың нәтийжелилиги және де артыўы, ҳәр бир ўатанласымыздың жақсы жасаўы ушын да дизимге алыў әмелияты әҳмийетли.
- Процесс үш басқышта шөлкемлестириледи, - дейди Камола Исмоилова. - Дәслепки 17 күнде халыққа интернет арқалы мағлыўматларды киргизиў имканияты жаратылады. Онда пуқаралар census.stat.uz порталы арқалы OneID системасы жәрдеминде дизимнен өтеди. Буннан кейин өзи ҳәм шаңарақ ағзалары ҳаққындағы сораўнаманы өз бетинше толтырыўы мүмкин. Сораўнамада 71 сораў болып, 54 и халыққа, 17 и аўыл хожалығына байланыслы. Соның ишинде, тийкарғы демографиялық көрсеткишлер, халықтың дәрамат дәреги, бәнтлиги ҳәм билимлендириў дәрежеси, турақ жайдың өзгешеликлери, айырым категориялар, сырт ел пуқаралары және аўыл хожалығы бойынша сораўлар орын алған.
Кейинги бир айда болса "мәҳәлле жетилиги" ағзаларының қатнасыўында үйме-үй жүрип, мағлыўматлар жыйналады. Буның ушын дәслеп "мәҳәлле жетилиги" ағзалары арнаўлы бағдарламалар тийкарында таярланады ҳәм олардың жумысы хошаметленеди. "Жетилик"тиң халық пенен турақлы байланыста болыўы ҳәм пуқаралардың талабы және шараятларын жақсы билиўи дизимге алыў процесиниң сапасы, ҳақыйқатлығы ҳәм анықлығына кепиллик береди.
Дизимге алыў жумысларында мәҳәлле институты системасынан жедел пайдаланылады. Себеби, мәҳәлле белсендилери пуқараларды жақсы биледи, адамлар да оларға исенеди. Есикти қағып барғанында мағлыўматларды екиленбестен усынады. Айтайық, бул мәселеде пуқаралардың шаңарағына бийгана адам барса, жумыс көбирек ўақыт алыўы мүмкин. Дизимге алыў ушын келген адам арнаўлы хызметкер екенине адамлар исениўи ушын да бираз ўақыт кетеди. Мәмлекет тәрепинен ислеп шығылған жеке мағлыўматлардың қолқатылмаслығына байланыслы пуқта илажлардың нәтийжеси сыпатында, әйне ҳәр бир шахс өзи таныйтуғын "мәҳәлле жетилиги" ағзаларына ғана исенип мағлыўматларды усыныўы дурыс болады.
Белгиленген мүддетте дизимге алыў процеси жуўмақланғаннан соң, мағлыўматларды қайта ислеў ҳәм таллаў басқышы басланады. Қәнигелердиң түсиндириўинше, дизимге алыў нәтийжелери Европа статистика конференциясының 2020-жылғы усынысларына муўапық улыўмаластырылады. Усы тәризде мәмлекетимиз халқының демографиялық қурамы, миграция процесслери, шаңарақлық жағдайы, жумыс түрлери ҳәм дәрамат дәреклери ҳаққында бирден-бир мағлыўматлар базасы қәлиплеседи. Буннан тысқары, аўыл хожалығы жерлеринен пайдаланыў, шарўашылық ҳәм қусшылық тараўына байланыслы көрсеткишлер анықланады.
Улыўма миллий дизимге алыў илажы халық ҳәм аўыл хожалығы тараўы ушын салыстырмалы аз ҳәрекетленетуғын қыс мәўсимине туўра келиўи менен де қолайлылық жаратады. Бул ўақытта аўыл хожалығында мәўсимлик жумыслар азайған болып, фермерлер ҳәм дийқанлар ушын мағлыўматларды усыныў ўақты қолайлы болыўы айтылмақта. Мәўсимлик факторларды есапқа алыў, сондай-ақ, шөлкемлестириў имканиятларынан нәтийжели пайдаланыў дизимге алыў процесиниң анықлығы ҳәм толықлығын тәмийинлейди. Мәселен, қыс мәўсиминде шарўа малларының саны ҳәм жер ресурсларынан пайдаланыў жағдайын анықлаў аңсатырақ болып, бул мағлыўматлардың исенимлилигин арттырады.
- Халықты ҳәм аўыл хожалығын улыўма миллий дизимге алыў ғәрезсиз Өзбекстан әмелиятында жаңалық ҳәм үлкен ўақыя болып, бул тарийхый ҳәдийсе халықаралық шөлкемлер тәрепинен де жоқары баҳаланбақта, - дейди Камола Исмоилова. - Атап айтқанда, БМШ Халықтаныў қоры ҳәм Азық-аўқат ҳәм аўыл хожалығы шөлкеминиң экспертлери Өзбекстанның халық ҳәм аўыл хожалығын дизимге алыў бойынша таярлық жумыслары ҳәм бул процесстиң биргеликте шөлкемлестирилиўине унамлы жуўмақлар билдирген. Бул халықаралық шөлкемлердиң қоллап-қуўатлаўы елимиздеги дизимге алыў процесиниң глобал стандартларға муўапықлығын ҳәм оның нәтийжелери халықаралық көлемде тән алынатуғынын көрсетеди.
Қысқасы, дизимге алыў процеси әпиўайы илаж емес, ал халықаралық әҳмийетке ийе ўақыя болып есапланады. Бул тек ғана мәмлекетлик уйымлар ушын статистикалық мағлыўматлар жыйнаў қуралы емес, ал пүткил жәмийеттиң абаданлығы ҳәм келешектеги раўажланыўын тәмийинлеўге хызмет ететуғын әҳмийетли илаж. Топланған мағлыўматлар республика ҳәм аймақларды социаллық-экономикалық раўажландырыў, жаңа жумыс орынларын ашыў, халықтың саламатлығын жақсылаў ҳәм шаңарақларға жәрдем көрсетиў бойынша бағдарламаларды мәнзилли ислеп шығыўда әҳмийетли мәлимлеме базасы болып хызмет етеди. Сонлықтан, дизимге алыўда ҳәр биримиздиң белсенди ҳәм жуўапкершиликли қатнасыўымыз усы тарийхый процесстиң табыслы болыўын тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе.
Ирода ТАШМАТОВА,
"Янги Ўзбекистон" хабаршысы