Химия санаатында диверсисфикация: тармақты Өзбекстан экономикасының әҳмийетли драйверлеринен бирине айландырады

    Пикир 30 сәуір 2025 193

    Өзбекстан сийрек ушырасатуғын химиялық элементлер, түрли пайдалы қазылмалар, шийки зат ресурсларына бай географиялық мәканда жайласқан. Айтып өтиў керек болса, Менделеев кестесиндеги барлық химиялық элементлерди елимизде тәбийий ҳалда ушыратыў мүмкин.

    Сол себепли, Өзбекстан экономикасының тийкарларынан бири химия санааты болып есапланады. Бул тармақ аўыл хожалығы, қурылыс, тоқымашылық, фармацевтика ҳәм энергетика сыяқлы көплеген санаат бағдарларының раўажланыўы ушын да тийкар болып хызмет етиўи тараўдың раўажланыўына айрықша итибар менен қараў зәрүрлигин жүзеге келтиреди.

    Әсиресе, дүнья экономикасында турақсыз жағдай, экономикалық кризис ҳәўиж алып атырған ҳәзирги ўақытта химия санаатының раўажланыў жолын анық белгилеп алыў, сырт ел инвестициясы есабынан жаңадан-жаңа жойбарларды турмысқа енгизиў, химия санааты өнимлериниң түрин көбейтиў, тармақты диверсификациялаў керек. Соның ушын быйыл 22-апрельде мәмлекетимиз басшысы химия санаатындағы жойбарлар менен танысты.

    Кейинги жыллардағы реформалар нәтийжесинде тармақ аяққа турмақта. Президентимиз берген көрсетпелер болса тараўдың буннан былай да раўажланыўына, еле иске қосылмаған жаңа имканиятлардан белсене пайдаланыўға түртки болады.

    Экспертлердиң пикиринше, тараўдың избе-из раўажланыўы экспорт потенциалын арттырыўға, әҳмийетли химиялық өнимлер импортына байланыслылықты азайтыўға хызмет етеди. Ҳәзирги ўақытта Өзбекстанда 180 түрден аслам химия өнимлери ислеп шығарылады. Олар тек ғана ишки базарды тәмийинлеп қоймастан, ал сырт елге де экспорт етиледи. Соның ишинде, өткен 2024-жылы баҳасы 720 миллион долларлық 3,6 миллион тонна минерал төгин ислеп шығарылған. 520 миллион долларлық 50 ден аслам өним 40 тан аслам мәмлекетке экспорт етилди. Соннан 317 миллион доллары минерал төгинлер және 203 миллион доллары төгин емес ҳәм органикалық химия өнимлериниң үлесине туўра келди. Бул өнимлер Латвия, Румыния, Литва, Болгария, Эстония, Түркия, Қытай, Пакистан, Аўғанстан, Иран, Россия, Қазақстан, Түркменстан, Тәжикстанға жеткерип берилмекте.

    Бул бағдарда Өзбекстан химия санаатының тийкарғы ислеп шығарыўшылары - "Наўайыазот," "Максам-Шыршық," "Ферғанаазот," "Аммофос-Максам", “Uz-Kor Gas Chemical ҳәм Шортан газ-химия комплекслери, сондай-ақ, Дийқанабад калий заводы, Қоңырат сода заводы ҳәм Қызылқум фосфорит комплекси белсендилик көрсетпекте.

    Химия санаатын трансформациялаў дегенде заманагөй технологияларды енгизиў, өндирис процесслерин санластырыў, экологиялық стандартларды арттырыў нәзерде тутылады. Бул болса нәтийжелиликти арттырыў менен бирге, полимер материаллардан баслап фармацевтикалық субстанциялар сыяқлы жаңа өнимлерди ислеп шығарыўды жолға қойыў имканиятын береди. Бундай модернизация илажлары, өз гезегинде, глобал өндирис шынжырларына интеграцияны да күшейтеди.

    Тармақта базар принциплери енгизилип, инвестицияларға кең жол ашылды. Өндирис шынжырын кеңейтиў ушын Наўайы, Ферғана, Қоңыратта 3 химиялық кластер, Шыршық ҳәм Жиззақта 2 технопарк шөлкемлестирилди. Қоқанд суперфосфат заводы толық модернизацияланды. Соның ишинде, кейинги бес жылда 23 жаңа кәрхана ашылып, 4 мыңнан аслам жумыс орны жаратылды. Тармаққа халықаралық брендлер кирип келди, киши тоннажлы өнимлер таярлаў жолға қойылды.

    Булардың нәтийжесинде химия санаатында өндирис 1,5 есеге өсти. 2024-жылдың жуўмақлары бойынша мәмлекетимизде ислеп шығарылған химия өнимлериниң улыўма баҳасы 1,4 миллиард долларға баҳаланбақта.

    Химия тараўы дәстүрий тәризде, әсиресе, санаат кластерлери жайласқан аймақларда бәнтлик дәрежесиниң артыўын тәмийинлейди. Заманагөй химия кәрханаларының қурылысы менен инфраструктура раўажланады, қәнигелердиң маманлығын арттырыўға итибар күшейеди ҳәм аймақларда халықтың турмыс дәрежеси жоқарылайды. Жоқарыда атап өткенимиз бес жылда тараўда 4 мыңнан аслам жумыс орны жаратылғаны сөзимизди дәлиллейди. Санлардан да тармақтың қаншелли әҳмийетли ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўы, халқымыздың абаданлығы жолында драйвер тараўлардан бири екени белгили болады. Әлбетте, өсиў анық белгиленген мақсет ҳәм режелер Атап айтқанда, тараўдағы реформаларға мәмлекетимиз басшысының 2019-жыл 3-апрельдеги "Химия санаатын буннан былай да реформалаў ҳәм оның инвестициялық тартымлылығын арттырыў илажлары ҳаққында"ғы қарарына муўапық тастыйықланған 2019 - 2030-жылларда химия санаатын раўажландырыў бағдарламасында белгиленген ўазыйпалардың орынланыўы арқалы ерисилмекте.

    Келешекте болса буннан да жоқары шеклерди ийелеў мақсет етилген. Тек ғана 2025-жылдың биринши шерегинде тармақта 181 миллион доллар инвестиция өзлестирилген, 39 миллион долларлық 3 жойбар әмелге асырылған. Енди екинши шеректе 170 миллион доллар сырт ел инвестициясы өзлестирилиўи есабынан "жасыл" водород ҳәм циан дузлары кәрханаларын иске қосыў режелестирилген.

    Жақында мәмлекетимиз басшысына өткерилген таныстырыўда белгилеп берилген ўазыйпа ҳәм мақсетлер тараўдың раўажланыўын жаңа басқышқа алып шығады. Атап айтқанда, мәмлекетимиздеги кластерлер ҳәм технопарклерде 2025-2035-жыллары улыўма баҳасы 5 миллиард долларлық 56 инвестициялық жойбар есабынан суйық ҳәм қурғақ циан дузлары, "жасыл" водород, моноаммонийфосфат (МАФ), қурамалы минерал төгинлер (NPK), меламин, уксус кислотасы, винилацетат, полиоксиметилен (ПОМ) ҳәм басқа да өнимлер локализацияланады.

    Тармақты санластырыў процеси даўам еттирилип, бирге ислесиўши тараўлар менен интеграциясы кеңейтиледи. Химия заводларының бирден-бир ғазна системасында қосымша модуллер ашылады. "Бирден-бир санлы платформа" жуўмақланып, кәрханалардың 15 экономикалық көрсеткиши сәўлеленеди.

    Және бир әҳмийетли ўазыйпа - энергия нәтийжелилиги. Энергияны үнемлеў ҳәм өндирислик қуўатлықлардан пайдаланыў дәрежесин арттырыў арқалы өзине түсер баҳаны азайтыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Ең тийкарғысы, жуўапкерлерге ҳәзирги заман талаплары ҳәм келешектеги экономикалық прогнозлар тийкарында химия санаатын раўажландырыў бойынша жаңа бағдарлама ислеп шығыў ўазыйпасы қойылды. Онда жаңа бағдарларды өзлестириў арқалы тармақты диверсификациялаў, жоқары қосымша қунлы өнимлер ислеп шығарыўға айрықша әҳмийет қаратыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

    Кадрлар мәселесине итибар қаратылып, "жоқары билимлендириў мәкемеси - илим - өндирис" шынжырын жолға қойыў зәрүр екенлиги атап өтилди. Кадрлар таярлаў ҳәм оларды өндириске тартыў, илимий-технологиялық базаны раўажландырыўға қаратылған көп басқышлы бағдарламаны әмелге асырыў усынысы билдирилди. Бул бағдарлама шеңберинде химия санааты ушын кадрлар таярлаў ҳәм қайта таярлаў орайын ашыў нәзерде тутылды.

    Мине, усы бағдарда итибарға ылайық басламалардан және бири "Хим-Рго" тараўлық кәсиплик раўажланыў платформасын жаратыў жойбары болып табылады. Бул платформа химия-технологиялық ҳәм усы тараўға жақын бағдарларда билим алып атырған студентлер ушын өндирислик әмелиятын шөлкемлестириўге қаратылған. Булардың нәтийжесинде мәмлекетимиз ҳәр жылы химия тараўы ушын 2-3 мың маман қәниге, инженер таярлаў имканиятына ийе болыўы мүмкин.

    Ҳәзирги ўақытта әмелге асырылып атырған бағдарламалар, қолайлы инвестициялық орталықты есапқа алған ҳалда Өзбекстан химия санааты жақын 5-10 жылда турақлы өсиў пәтлерин көрсетиўи ҳәм жаңа индустриаллық экономикада орайлық орынлардан бирин ийелеўи күтилмекте. Химия тараўының раўажланыўы болса экономиканың бир қатар әҳмийетли тармақларының раўажланыўына тийкар жаратады. Өзбекстан экономикасының және де турақлы болыўы, еселеп өсиўине тийкар таярлайды.


    Санжар ЭШМУРОДОВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates