"Дунё" МАның хабар бериўинше, сөйлесиўлер даўамында Өзбекстанда "жасыл" энергетика, аўыл хожалығы, МКТ, туризм сыяқлы тараў қәнигелери ушын алдынғы халықаралық стандартлар тийкарында қайта таярлаў ҳәм маманлығын арттырыў бағдарламаларын ислеп шығыў мәселелери додаланды.
Тәреплер, сондай-ақ, Өзбекстан студентлери ушын Қытайдың жетекши жоқары оқыў орынларында грантлар ажыратыў ҳәм талабанларды таңлаў бойынша пикир алысты.
Ушырасыў жуўмағында “JC Finance Interconnect Holdings” компаниясы ўәкиллериниң Өзбекстанға сапарын шөлкемлестириўге келисип алынды. Сапар даўамында Өзбекстан пуқараларын билимлендириў ҳәм кәсиплик жумысқа таярлаў бойынша хызметлер көрсетиў орайын ашыў бойынша тийисли министрликлер ҳәм уйымларда ушырасыўлар өткерилиўи режелестирилген.