Илажда Қытайдың министрликлери ҳәм уйымлары, ири өндирислик ҳәм туристлик компанияларының басшылары, исбилермен топарлар, сырт мәмлекетлер ҳәм шөлкемлердиң дипломатлары ҳәм ҒХҚ ўәкиллери қатнасты.
Форум қатнасыўшылары Өзбекстанда түрли тараўларда әмелге асырылып атырған реформалар процеси менен таныстырылды. Мәмлекетимиздиң саўда-экономикалық жақтан тартымлылығы ҳәм сырт ел инвесторлары ушын жаратылып атырған қолайлы шараятлар ҳаққында айтып өтилди.
Қытай машина қурылысы ҳәм электрон өнимлер импорты ҳәм экспорты бойынша саўда палатасының президенти Чжан Юйцзин өзиниң шығып сөйлеген сөзинде Өзбекстандағы саўда ҳәм инвестициялық орталық және сырт ел инвесторлары ушын жаратылған имканиятларды жоқары баҳалап, Палатаға ағза Қытай компаниялары мәмлекетимизде инфраструктура, энергетика ҳәм жоқары технологиялы санаат жойбарларын әмелге асырыўда белсене қатнасып атырғанлығын атап өтти.
Илаж даўамында Өзбекстанның саўда-экономикалық, инвестициялық, мәдений ҳәм туризм потенциалын көрсетиўши видеороликлер көрсетилди, деп хабар береди "Дунё" ХА.