Атап өтилиўинше, жәҳән чемпионатында дәслепки мәрте қатнасқан Өзбекстан жаслар сайланды командасы топардағы барлық ушырасыўларда жеңиске ерисип, 1-орын менен кейинги басқыш қатнасыўшысына айланды.
Топардағы соңғы ойында жасларымыз үй ийелерин 3:2 есабында жеңип шығыўға еристи. Бул жеңис командамызға келеси жылы 3-дивизионның "А" топарында қатнасыў имканиятын берди.







