Әмиўдәрьяның еки жағасындағы бул үлкениң өтмиши, мәнаўияты ҳәм турмыс тәризи бир теректиң қос шақасындай тутасып кеткен, оларды бир-биринен ажыратып көз алдымызға келтириў мүмкин емес.

Топыраққала (б.э.ш. I-III әсирлер) Африғийлер династиясы ҳүкимдарлығы дәўиринде Хорезмшаҳлар мәмлекетиниң административлик, әскерий, диний орайы болған. Қорған дийўаллары ҳәм сарай архитектурасы сол дәўирде жоқары цивилизация болғанлығын тастыйықлайды. Сол дәўир Африғийлер мәдениятында Кушан патшалығы менен байланыслылық, халық дүнья қарасына индуизм, буддизм, зардуштийлик ҳәм әййемги грек диний идеяларының тәсири сезиледи. Топыраққалада әййемги Хорезм жазыўы табылған. Және бир мысал, Аязқала. Беруний районындағы бул тарийхый орын өз дәўиринде қамалға шыдамлы қорғаныў имараты болған. Ол ҳәзир туристлерге тарийх, инженерлик ҳәм әскерий архитектураның әжайып үлгисин усынады.

Қарақалпақстан аймағында жайласқан және бир әҳмийетли тарийхый орай - Миздақхан некрополы болып табылады. Бул комплекс Хожели районында жайласқан болып, ол туристлер ушын тек зыярат емес, ал мәдений изертлеў дәреги сыпатында да үлкен қызығыўшылық оятады.

Беруний районындағы Султан Уайс зыярат етиў орны ислам дининде үлкен әҳмийетке ийе зыярат орны. Бул орын пүткил Орайлық Азия бойлап зыяратшыларды тартыў имканиятына ийе. Сондай-ақ, Беруний районындағы және бир тарийхый пайтахт қала - Ақшаханқала да оғада қызықлы орынлардан.

Кейинги жыллардағы өзгерислерден көрип турғанымыздай, туризм бағдарында Қарақалпақстанның тәбийғый потенциалы да үлкен. Мәселен, Ахчакөл - таза ҳаўа, тәбийғый суў бассейни, қуяш ҳәм пляж инфраструктурасына ийе аймақ. Усы жағынан ол туристлер ушын оғада қызықлы. Бул аймақта экотуризм ҳәм саламатландырыў туризми (wellness tourism) бағдарлары енгизилсе, қоңсы мәмлекетлерден де туристлер ағымы көбейеди, деп ойлаймыз.

Туризмге экономиканың драйвери деп қарайды. Себеби, оның менен бирге хызмет көрсетиў, транспорт, азық-аўқат санааты, өнерментшилик, мәдений мийрасты сақлаў сыяқлы тараў раўажланады. Усы тәрептен Президентимиз алға қойып атырған баслама "Хорезм - Қарақалпақстан" туризм айланбасы көплеген экономикалық-социаллық мәселелерге шешим береди. Бәринен бурын, Қарақалпақстан ҳәм Хорезмде жаңа жумыс орынлары жаратылады. Бул жергиликли халықтың абаданлығын арттырады.

Бул жойбар тарийхый мийрасты сақлаўға, экономикалық турақлылықты, көп миллетли халқымыз арасындағы аўызбиршиликти буннан былай да беккемлеўге хызмет етеди. Президентимиздиң сөзлери менен айтқанда, "бул еки халық тәғдирлес" екенин туризм айланбасы мысалында да әмелде көриўимиз мүмкин болады.

Қонақбай ТУРДЫБАЕВ,

Қарақалпақ мәмлекетлик университети профессоры,

филология илимлериниң докторы