Сырт елден қайтқанлардың мәжбүрий АИВ тексериўинен өткерилиўин нәзерде тутатуғын нызам жойбары Сенатқа жиберилди

    Нызамшылық палатасы тәрепинен 90 күннен артық сырт елде болып қайтқан пуқараларды АИВ (инсан иммунитет жетиспеўшилиги вирусы) инфекциясына мәжбүрий медициналық тексериўден өткериўди нәзерде тутатуғын нызам жойбары үшинши оқыўда қабыл етилди.

    Нызам жойбары менен "Адамның иммунитет жетиспеўшилиги вирусы келтирип шығаратуғын кеселлик (АИВ инфекциясы) тарқалыўына қарсы гүресиў ҳаққында"ғы, "Халықтың санитариялық-эпидемиологиялық тынышлығы ҳаққында"ғы, "Жеке меншик бәнтлик агентликлери ҳаққында"ғы ҳәм "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызамларға бир қатар өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.

    Нызам жойбарына бола, 18 жастан 60 жасқа шекемги ҳәм сырт елде үзликсиз 90 күн ҳәм оннан артық мүддет болып қайтқан Өзбекстан пуқаралары, Өзбекстан аймағында турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар АИВ инфекциясына мәжбүрий медициналық тексериўден өткериледи.

    Сондай-ақ, мийнет етиў ушын Өзбекстанға келетуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар да бул тексериўден өтиўге мәжбүр болады.

    Жергиликли пуқаралар мәмлекетлик бюджет есабынан, сырт еллилер болса өз қаржысы, жумыс бериўшиси ямаса нызам менен қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан көриктен өткериледи.

    Басламашылардың пикиринше, АИВ вирусы организмде әдетте 90 күн ишинде анықланатуғын дәрежеге жетеди. Соның ушын усы мүддет тийкар етип алынған. Мағлыўматларға қарағанда, 2024-жылы сырт елден қайтқан 1,7 миллион пуқарадан 434 мыңы ықтыярлы түрде медициналық тексериўден өткен ҳәм олардан 1512си АИВ инфекциясына шалынғаны анықланған.

    Нызам жойбары, сондай-ақ, жеке меншик бәнтлик агентликлерине пуқараларды сырт елге жибериўден алдын баратуғын мәмлекет нызамшылығы ҳәм жасаў қағыйдалары бойынша оқытыў миннетлемесин де жүклейди.

    Депутатлардың атап өтиўинше, бул нызам жойбары АИВ инфекциясы тарқалыўының алдын алыў, халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм мийнет миграциясы процесслеринде социаллық қәўипсизликти тәмийинлеўге хызмет етеди.

    Нызам жойбары депутатлар тәрепинен үшинши оқыўда да қабыл етилди ҳәм Сенатқа жиберилди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates