Нызамда, атап айтқанда, 90 күн ҳәм оннан көбирек мүддет даўамында сырт елде болып қайтқан 18 жастан 60 жасқа шекемги пуқаралар, Өзбекстанда турақлы жасайтуғын сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар, сондай-ақ, мәмлекетке мийнет етиў мақсетинде кирип киятырған сырт елли шахслардың АИВ/АИВ бойынша мәжбүрий медициналық тексериўден өткерилиўи белгиленбекте.
Тексериў Өзбекстан пуқаралары ушын Мәмлекетлик бюджет есабынан, шет еллилер ушын болса өз қаржысы ямаса жумыс бериўши есабынан әмелге асырылады. Соның менен бирге, АИВ/СПИД ҳәм туберкулёз кеселликлери анықланған жағдайда, бундай шахсларға Өзбекстанда мийнет етиў ҳуқықын беретуғын тастыйықлама бийкар етиледи.
Нызам менен сондай-ақ, сырт елде жумыс излеп атырған пуқараларды қабыл етиўши мәмлекет нызамшылығы ҳәм қағыйдалары бойынша оқытыў жеке меншик бәнтлик агентликлери ушын мәжбүрий шәрт етип белгиленди.
Сенаторлар бул нызамды халықтың саламатлығын қорғаў ҳәм мийнет миграциясында социаллық қәўипсизликти тәмийинлеўге қаратылған әҳмийетли баслама сыпатында баҳалады.
Мағлыўмат ушын, 2024-жылы узақ мүддет сырт елде болып қайтқан 1,7 миллион пуқараның тек ғана 434 мыңы ямаса 25 проценти ықтыярлы түрде АИВ/АИЖСқа тексериўден өткерилген.
Олардың 1 512 инде бундай кеселлик анықланған. Сондай-ақ, 2024-жылы 12,7 мыңнан аслам сырт ел пуқаралары ҳәм пуқаралығы болмаған шахслар ықтыярлы түрде АИВ/АИЖСқа тексериўден өткерилген ҳәм олардың 81 инде усындай кеселликке шатылғаны анықланған.









