Сырт ел инвесторлары кеңеси мәжилисинде ерисилген келисимлердиң орынланыўы тәмийинленеди

    21 шілде 2025 1350

    Өзбекстан Республикасы Президентиниң "Сырт ел инвесторлары кеңесиниң гезектеги мәжилиси шеңберинде ерисилген келисимлердиң орынланыўын тәмийинлеў илажлары ҳаққында"ғы қарары (ПҚ-226-санлы, 18.07.2025-ж.) қабыл етилди.

    Қарар менен Президент жанындағы Сырт ел инвесторлары кеңесиниң Өзбекстан тәрепиниң жаңаланған қурамы тастыйықланды.

    Қарарға бола, Кеңес секретариаты мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкем сыпатында шөлкемлестириледи ҳәм оның ағзалығына халықаралық финанс институтлары да тартылады.

    Кеңес секретариаты тәрепинен сырт ел инвесторлары менен тиккелей ислесиў арқалы мәмлекетимизде инвестициялық орталықты жақсылаў бойынша усыныслар ислеп шығылады, сондай-ақ, жойбарларды әмелге асырыў ушын инвестициялық қаржыларды тартыўға жәрдемлеседи.

    Буннан тысқары, Кеңестиң мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер менен байланыслы жумысын Кеңес секретариаты тәрепинен муўапықластырыў бойынша жергиликли ҳәм сырт ел компанияларының ўәкиллери менен мәсләҳәтлесиўлер шөлкемлестириледи.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates