Қарарға бола, 2025-жылы ҳаял-қызлар жойбарлары ушын қосымша 200 миллион доллар ажыратылатуғыны белгиленди. Бул қаржылар төмендегише бағдарланады.
Бунда:
Тиклениў ҳәм раўажланыў қоры еки ҳәпте мүддетте жети жыл мүддетке жыллық Орайлық банктиң тийкарғы ставкасында жәми 100 миллион доллар эквивалентинде, АК "Халқ банки"не 35 миллион доллар,
"Бизнести раўажландырыў банки" АКБне 35 миллион доллар
"Микрокредитбанк" АКБға 30 миллион доллар муғдарында кредит ресурслары ажыратылады.
Коммерциялық банклер "Мәҳәлле жойбары" бағдарламасы шеңберинде жойбарларды қаржыландырыў ушын сыртқы финанс базарларынан 100 миллион доллар тартатуғыны белгиленди.
Ҳаял-қызлардың жойбарларын қаржыландырыўға:
"Бизнести раўажландырыў банки" АКБға ажыратылған қаржылар есабынан "ҲАМРОҲ" исбилермен ҳаял-қызларды қоллап-қуўатлаў бағдарламасы шеңберинде белгиленген тәртип ҳәм механизмлер тийкарында;
АК "Халық банки" ҳәм АКБ "Микрокредитбанк"ке ажыратылған қаржылар есабынан шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде белгиленген тәртип ҳәм механизмлер тийкарында кредитлер ажыратылады.
Қарардың орынланыўын ҳәр айда додалап барыў, орынлаў ушын жуўапкер уйымлардың жумысын муўапықластырыў ҳәм қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленди.