баннер
23 Mar 2025
04:27

    Үй, көше, мәҳәлле абаданлығы кеўил абатлығы

    Тәбият даналыққа толы. Ондағы ҳәр бир өзгерис жәмийеттиң раўажланыўына, адамлардың турмысына тиккелей тәсир етеди. Марттың дәслепки күнлеринде жаўған қар-жаўыннан кейин ҳаўа-райы ысып, топырақ қызыўы менен аўылларда бәҳәрги жумыслар басланып кетти.

    Адамлардағы бул ҳәрекет мәмлекетимиздиң социаллық-экономикалық турмысында әмелге асырылып атырған үлкен өзгерислерге сәйкеслиги, уқсаслығы менен ҳәр бир адамның кеўлинде жақсылыққа, келешекке арзыў-үмитлерди оятады.

    Бәҳәр - жасарыў ҳәм жаңаланыў мәўсими. Ояныў, абатлық, дөретиўшилик пурсаты. Бәҳәр келиўи менен жасы үлкенлеримиз қолларын пәтияға ашып, тазалық ҳәм жыллылыққа, Наўрыз ҳәм сүмелекке жеткергенине шүкирлик етеди.

    Шығысқа тән жаңа жыл басланатуғын қутлы күн - Наўрыз әййямы әсирлер даўамында бәҳәр, жақсылық, мийрим-шәпәәт, мийнет ҳәм дөретиўшилик тымсалы сыпатында елимиздиң социаллық-руўхый турмысында шексиз орын ийелеп келмекте. Бул нурлы әййям кейинги жыллары елимизде әмелге асырылып атырған "Инсан қәдири ушын, инсан бахыты ушын", деген уллы идеяға үнлес болып, шын мәнисинде улыўмахалықлық байрамға айланды.

    Президентимиздиң "2025-жылғы Наўрыз улыўмахалықлық байрамына таярлық көриў ҳәм оны өткериў ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, быйыл мийрим-шәпәәт байрамы "Қәдириятларың мәңги болсын, Наўрыз!" деген бас идея тийкарында улыўмахалықлық сейиллер түринде жоқары дәрежеде белгиленди.

    Быйылғы мүбәрек Рамазан айының уллылығы ҳәм пайызлылығы Наўрыз байрамы салтанатларына уласып, өзине тән әжайып үнлеслик ийелеп атыр. Диний дереклерде келтирилиўинше, Рамазан айы айлардың султаны, сейиди, ең абзалы есапланған. Бул айда ийгиликли әмеллерге итибар және де күшейеди. Өкпелеўлер умытылады. Жаманлықтың жолы тосылады.

    Елимизде Наўрыз салтанатларына үнлес түрде және бир байрам - Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни кеңнен белгиленеди. Бул әййямның мине усындай қуўанышлы күнлерде өткерилип атырғанында да өзине тән рәмзий мәнис бар. Мәҳәлле әсирлер даўамында миллий үрп-әдет ҳәм дәстүрлеримизди бийтәкирар сақлап, халқымыз ушын жақсылық ҳәм тәрбия бесиги, жақсы қоңсышылық ҳәм аўызбиршилик мәканы болып келмекте.

    Тазалық бар жерде пайыз-берекет болады

    Абаданлық кеўилден басланады. Бул пазыйлет әсирлер даўамында қанымызға сиңип кеткен. Себеби пәклик, азадалық, тазалық бар жерде пайыз-берекет, жумыста өнимдарлық, халықтың кейпиятында көтериңкилик болады.

    Уллы бабамыз Әбиў Әлий ибн Сина "Медицина нызамлары" шығармасында гигиена қағыйдаларына әмел етиў менен бирге қоршаған орталықты таза тутыў, абаданластырыў жумыслары, жап ҳәм салмалар қазыў, бағлар жаратыў саламатлықты сақлаўда әҳмийетли қурал екенин атап өткен. Дийқаншылық, жерге ислеў бериў, қыйтақ жерден пайдаланыў "Авесто"да да жоқары дәрежеде өз сәўлелениўин тапқан. Онда тәбият, жер, суў, терек, өсимликлерди қәдирлеў, жерге ислеў берип, суўғарып, бағ, егинзарлар жаратыў ҳәм басқалар муқаддес есапланған.

    Абат мәҳәллелер тәртипли көше ҳәм шаңарақтан басланады. Кейинги жылларда "Абат аўыл" ҳәм "Абат мәҳәлле" бағдарламалары, "Абат көше", "Абат шаңарақ", "Абат мәҳәлле" нормалары, "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары турмысымызға кеңнен енгизилди. Нәтийжеде елатлы пунктлер, мәҳәллелердиң көриниси пүткиллей өзгерип, адамларымыздың турмыс тәризи, шаңарақларда молшылық және де артып бармақта.

    Тек ғана "Абат көше", "Абат шаңарақ", "Абат мәҳәлле" нормаларын алайық, бүгин усы принцип тийкарында ҳәр бир шаңараққа, ҳәр бир көше ҳәм мәҳәллеге дөретиўшилик руўхы кирип барды. Бул процессте ҳәр бир адам жуўапкершиликти терең сезинип, тазалық, азадалықты өз үйинен басласа, мәҳәллеси, көшесиниң тәртипли, пайызлы болыўына үлес қосса, бул мәҳәллелер ҳақыйқый абат орынларға айланатуғынын өз турмысы мысалында көрмекте.

    Пикиримизди анық мысаллар арқалы даўам еттирсек. Бул процессте Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы бир қатар ийгиликли басламаларды турмысқа енгизди. Соның ишинде, усы жылдың 10-февралынан 10-мартына шекем барлық мәҳәллелерде "әҳмийетли бир айлық" илажлары жәрияланды.

    Тийкарғы мақсет абатлық, пәклик, тазалық сыяқлы халықлық қәдириятларды қайта тиклеў, ғалаба ен жайдырыў, адамлардың жуўапкершилигин арттырыў, ҳәр бир шаңарақта тазалық руўхын жаратыў, сол арқалы елимиздиң абатлығын тәмийинлеўден ибарат болды.

    "Әҳмийетли бир айлық" илажлары шеңберинде 112 мың 801 көше, 2 миллион 368 мыңнан аслам шаңарақта абаданластырыў жумыслары орынланды. 741 мың 917 шаңарақтың қыйтақ жери исленди. 888 километр ишки жол асфальтланды, 2 201 километр жолға шебень төселди, 68 мың 498 түнги жақтыландырыў шырағы орнатылды. 1,9 миллионға шамалас гүл, 843 мыңнан аслам жүзим, 9 миллион 499 мыңға шамалас мийўели ҳәм саяманлы терек нәли егилди. "Абат шаңарақ", "Абат көше" ҳәм "Абат мәҳәлле" таңлаўына старт берилди.

    Жеке өзим Бухара ҳәм Наўайы ўәлаятларында ҳәр бир шаңарақ, көше ҳәм мәҳәллени абат етиў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслардың жағдайын үйрендим. Билесиз бе, адамларымызға азғана жол-жоба көрсетсеңиз, имканият жаратсаңыз, олар тақыр шөлди де бағ-бақшаларға айландырыўға уқыплы.

    Буны тек ғана Пешку районындағы Ибн Сина мәҳәллеси мысалында көрип, исеним пайда еттим. Бул жерде дийқаншылық, ыссыхана хожалығы бойынша өзине тән тәжирийбе мектеби жаратылған. 1 542 қыйтақ жер ийеси ықтыярындағы 185 гектар егислик майданынан нәтийжели пайдаланған ҳалда жылына еки-үш мәрте өним алады.

    Соның ишинде, Мустақим Тошов 10 сотих майдандағы ыссыханада жылына 1,2 миллион түп нәл, соннан 600 мың түп помидор, 400 мың түп қыяр, 100 мың түп болгар бурышы ҳәм 100 мың түп қаўын-ғарбыз нәли тәрбияланады. Жәми жыллық дәрамат 2 миллиард сум, соннан 1,6 миллиард сумы сап пайда. Бул ыссыханада 20 адамның бәнтлиги тәмийинленген.

    Мәҳәллелерди абат етиў бойынша жолға қойылған "Әҳмийетли бир айлық" илажлары күтилгенинен де көбирек нәтийжелерге бай болды. Бул процессте "мәҳәлле жетилиги", көп қәбатлы үй бийлери ҳәм көше бийлери, нураныйлар басламаны қолға алып, елимиздиң ҳәр бир мәҳәллесинде көмек шөлкемлестирди. Жәмийетлик қадағалаўды жолға қойып, шаңарақлар, көшелер абатлығын тәмийинледи.

    Тәжирийбе сыпатында әмелге асырылған баслама кең ен жайып, көплеген мәҳәллелер абаданлыққа бет бурғаны ҳақыйқат. Әйне усы процессте Президентимиздиң "Мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы бийлигиниң қабыл етилиўи бул бағдардағы жумысларды жаңа басқышқа көтерип, барлық мәҳәлле халқын руўхландырды, абаданлық ҳәрекетин тәртипли ҳәм системалы жолға қойыў имканиятын жаратты.

    Пәрманға тийкарланып, 2025-жыл 11-марттан баслап "Әҳмийетли бир айлық" мобилизациясы жәрияланды. Оның шеңберинде мәҳәллелерде 29 мың киши өндирис, хызмет көрсетиў ҳәм өнерментшилик жойбары әмелге асырылады. Халық хожалықларына 1,23 миллион бас қус, 24 мың шаңарақ пал ҳәрреси, 21 мың бас қой-ешки ҳәм қарамал жеткерип бериледи. 400 мың гектар халықтың қыйтақ жерлеринде ҳәм 180 мың гектар ижара жер майданларында овош, палыз, картошка, собықлы ҳәм басқа да дәраматлы егинлер егиледи.

    Мәҳәллелерде абаданластырыў жумыслары, ғалабалық көмеклер шөлкемлестириледи. "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде, сондай-ақ, кәмбағал шаңарақлардың шаңарақларына нәллер егиледи. Минитрактор ҳәм мотокультиватордан пайдаланған ҳалда халықтың қыйтақ жерлери егин егиўге таярланады. Кәмбағал шаңарақлардың ағзалары ҳәм жумыссыз пуқараларға финанслық жәрдем пакетлери (қолайлы ыссыхана, таўық, балық, шарўа маллары, пал ҳәрре қутылары, лимон, қурма ҳәм басқа да егинлердиң туқым ҳәм нәллери) бериледи.

    Дәстүрлер даўам етеди

    Абаданлыққа бир яки еки адамның ҳәрекети менен ерисип болмайды. Буның ушын адамларда жәмийетлик жуўапкершилик, тийисли сезимлерин күшейтиў зәрүр. Бул бағдарда халқымыздың әсирлер даўамында қәлиплесип келген қәдириятлары әҳмийетли орын ийелейди.

    Халқымызда "Қус уясында көргенин ислейди", деген нақыл бар. Перзентлеримиз қәлбинде абатлыққа меҳир оятыў, қоршаған орталыққа абайлы мүнәсибетте болыў сезимлерин тәрбиялаўда әйне шаңарақтың орны ҳәм тәсири шешиўши әҳмийетке ийе. Келиң буны айырым мысалларда көрип шығайық.

    Әзелден қызларымыз, келинлеримиздиң ерте таңда турып, ҳәўлиге суў себиўи, көше есигиниң алдын сыпырыўы дәстүрге айланған. Ҳәттеки, жаңа келиншеклер арасында ким ертерек турып, есик алдын сыпырыў бойынша өзине тән жарыслар бар екенлигиниң гүўасымыз. Мәселениң және бир нәзик тәрепи - егер қоңсының жас келини болмаса ямаса бийтап болып қалса, оның көшесин де тазалаў дәстүри ҳаял-қызларымыздың өзине тән кеңпейиллигинен дәрек емес пе!?

    Әзелден бир шаңараққа қыз сораўға барған жаўшылар, дәслеп, ҳәўлиниң тазалығына итибар қаратады. Әсте-ақырын гилемниң асты, асхана ҳәм ҳәжетхананы көзден өткерип, шаңарақтың турмысы, қыздың қаншелли шаққан ҳәм епшил екенин билип алған. Ҳәўлиге егилген ҳәм үй гүллери тәрбиясы да усы шаңарақ ийесиниң қаншелли тәбиятқа жақын екени, қәлбинде дөретиўшиликке умтылыўы ҳәм гөззаллықты сүйиўин көрсетип келген. Әсиресе, кешки ўақыт үйден таралған райхан ийислери кеўиллерге хош ийис алып кирген.

    Қызларымызға үйди жыйнастырып, таза сақлаў кереклиги бәрқулла ескертилип келинеди. Егер дәрўаза төбесинде ямаса үйлердиң алдына, терезе айнасында шаң болса ямаса қурым басқан болса, бул жағдай шаңарақтың қызларының абырайына зыян жеткерген. Бизиң апаларымыз жас қызларға таза үйге периштелер келиўин, егер оған әмел етпесе, үйден берекет кетиўин қайта-қайта түсиндиреди. Бақлаған болсаңыз, ҳәттеки қарлығашлар да берекет жаўған үйге уя қурып, сол жерде палапанын өсиреди.

    Ямаса атасы ҳәм әкеси менен бирге терек еккен, оны тәрбиялаўда қатнасқан, қыйтақ жериниң, ҳәўлисиниң тазалығын тәмийинлеген баланың сана-сезими өзгеше болады. Ана ўатанға меҳир ҳәм садықлық руўхында камалға келеди. Өзи еккен нәл өнип-өсип атырғанын көрген баланың қәлбиндеги арзыў-мақсетлери де жоқары болады.

    Көрип турғаныңыздай, халқымызда абаданлық, үйин, көшесин таза тутыў, нәл егип, бағ жаратыў әзелден ең ийгиликли әмеллерден есапланған. Халқымыз бәҳәр келгенин тек ғана байрам, ойын-заўық етип күтип алған жоқ. Биргеликте көше ҳәм қыябанларды, жолларды, салмаларды тазалады. Бундай ийгиликли дәстүрлер усы тәризде әўладтан-әўладқа өтип, қәдирият дәрежесине көтерилген.

    Бүгин әне усы дәстүрлерди, қәдириятларды қайта тиклеў, және де ғалаба ен жайдырыў ўақты келди! Перзентлеримиз қәлбинде абатлық, пәклик, мийнет тәрбиясын балалықтан қәлиплестириўге итибар қаратыў ўақты келди. Бул процессте ҳәр биримиз өз шаңарағымызды абат етиў бағдарында ислеп атырған әмелий жумысларымыз, ибратлы басламаларымыз, ҳақыйқый жанкүйерлигимиз бенен үлги болыўымыз керек. Адамларда тазалыққа, абатлыққа итибарды күшейтемиз! Өйткени, жүрис-турысы, турмысы пәк халықтың пикири де, нийети де пәк болады!

    Усы жерде бир нәрсе айтып өтиў керек: әлбетте, мойнымыздағы жумысларды әмелге асырыў өз-өзинен болмайды. Буның ушын ҳәр биримиз, бәринен бурын, "мәҳәлле жетилиги" ўәкиллери, көп қабатлы үй бийлери ҳәм көше бийлери, жәмийетлик структуралардың ағзалары белсенди болыўы, адамларды оятыўы, ҳәрекетке келтириўи зәрүр. Басламаны қолға алсақ, адамлардың дүньяға көз-қарасын, пикирин өзгертсек, социаллық белсендилигин күшейтсек, мәҳәлле шеше алмайтуғын мәселениң өзи болмайды!

    "Үйиң абат болса, көшең абат болады, мәҳәллең абат болса, қәлбиң абат болады", деген турмыслық сүрен ҳәр бир мәҳәлле хызметкери жумысының бағдарламасына айланыўы зәрүр!

    Қәсийетлер сәўлеленген орын

    Халқымыз бәҳәр келиўи менен жақсы нийет етип жерге туқым шашады, дийқаншылық жумыслары басланады. Нәл егилип, жасыллыққа умтылыў күшейеди. Бул да өзбек шаңарағының қәдирияты!

    Шаңарақта перзент туўылғанда, әлбетте, оған арнап терек егилген, мийўеси символикалық мәнисте әўладты аңлатқан. Егилген теректиң көкке бой созыўы перзент жетилисиўинен дерек берген. Некеден өтип атырған жаслар мине усындай бахытлы демлерден естелик сыпатында жақсы нийет пенен жерге нәл еккен.

    Жаслығымызды еслең, тереклерге өзгеше меҳир менен қарайтуғын едик. Қайсы бир зәрүрлик себепли терек кесиўге туўра келсе, орнына дәрҳал екеўин егип қоятуғын едик. Бул жасыллықтың мәңгилигин тәмийинлеген. Мүбәрек китапларда да нәл егиў инсанға тек тирилигинде емес, ал өлиминен кейин де пайда келтирип туратуғыны айтылады.

    Соның ушын, ҳәр бир шаңарақта ерте бәҳәрден нәл егиў әдетке айланған. Ата-бабаларымыздан мийрас болып қалған мине усы қәдирият, гөззал әдет бүгин жаңа мазмун-мәнис пенен байыды. Президентимиздиң басламасы менен "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбарына тийкар салынды. Бул жойбар ҳәзирги ўақытта улыўма халықлық ҳәрекетке айланды.

    Өткен жылы жойбар шеңберинде мәҳәллелердиң көше ҳәм жол бойлары, кәмбағал шаңарақлардың қыйтақ жерлери және "мәҳәлле бағлары"на 33 миллион 522 мың түп мийўели ҳәм саяманлы терек егилди. Быйылғы мәўсимде бул санды және де арттырыў нәзерде тутылған. Тек ғана Наўрыз қарсаңында "Жасыл мәкан" улыўма миллий жойбары шеңберинде 4,5 миллион түптен аслам мийўели ҳәм саяманлы терек нәли егиледи.

    Бәҳәрге, Наўрызға тән және бир дәстүр – шембиликлер шөлкемлестириў. Әзелден халқымызда кимдур үй қурса ямаса оңлаў жумысларын басласа, туўысқан ҳәм қоңсылар қарап турмаған. Еркеклер усталарға жәрдем берсе, ҳаяллар аўқат таярлаған. Бул бирлесиў, аўызбиршилик ҳәм өз-ара жәрдемниң әжайып үлгиси болып табылады.

    Бундай қәдириятлар бүгин де мәҳәллелерде даўам етпекте. Көмек салыў айырымлар ойлағанындай, адамларды мәжбүрий мийнетке тартыў емес, ал ата-бабаларымыздан өтип киятырған ийгиликли дәстүрлерди даўам еттириў, тазалық, пәклик бағдарында ата-бабалар тутқан ҳәм тән алған дурыс жолдан барыў дегени.

    Улыўма, халқымызға тән тилеклеслик, аўызбиршилик, татыўлық, өз-ара бир-бирин қоллап-қуўатлаў, мәҳәлле-көше, әтирапты таза ҳәм азада сақлаў пазыйлетлери шембиликлерде өз көринисин тапқан.

    Сақаўат, тилеклеслик ҳәм кеңпейиллик үнлеслиги

    Бүгин ҳәр бир ўатанласымыздың қәлбинде ата-бабаларымыздан мийрас болған сақаўатлылық, кеңпейиллик пазыйлетлери толып-тасып тур. Әсиресе, бул Наўрызда анық көринеди.

    Социаллық қорғаў мәселеси тарийхый жақтан ўатанласларымызға жақын түсиник. Бурынлары қоңсы-қобалар арасында дийўал да болмаған. Адамлар қандай да бир тағам таярлайтуғын болса, әлбетте, оннан қоңсысына да берген. Кимдур кесел болып қалса ямаса емлеўханада емленип шықса, жақсы аўқатлар таярлап, хабар алыўды үзликсиз ислеген. Усы бәне менен бир-биринен кеўлин сорастырып, руўхый хошамет берген.

    Бул ўақытта, әсиресе, қоңсылар менен байланыслар жүдә жақсыланады. Бир нәрсе керек болса, ул-қызын жәрдемге жиберип, жәрдемге таярланады. Ата-аналар бәрқулла перзентлерине қоңсылар менен дослық қатнаста болыўды ҳәм оларға жәрдем бериўди үйретеди. Мәҳәлледе мине усындай қәдириятлар себепли ҳәмме бир-бирин таныйды, бәрқулла жәрдемге таяр.

    Шүкир, бул тәреплер бүгин де мәҳәллелерде даўам етпекте. Кекселерди қәдирлеў, ҳүрмет-иззет көрсетиў, ҳалынан хабар алыўға барыў, олардың пәтиясын алыўды елеге шекем жасларымыз перзентлик парызы деп биледи. "Кәмбағаллықтан абаданлыққа қарай" бағдарламасы шеңберинде қыйналған, жәрдемге мүтәж шаңарақларды қоллап-қуўатлаў, олардағы жумыссызлардың бәнтлигин тәмийинлеў турақлы итибарда.

    Тек ғана 2024-жылы Өзбекстан мәҳәллелери ассоциациясы, мәҳәллелердиң жәрдеминде 754 мыңнан аслам жумыссыз пуқараның бәнтлиги тәмийинленди, 194 мыңға шамалас пуқара исбилерменлик жумысын жолға қойды, 472 мыңнан аслам пуқараға кредит ҳәм 48,2 мыңына субсидия ажыратылды. 165 мың 729 адам (соннан, 69,6 мың ҳаял-қыз ҳәм 96,1 мың жас) кәсип-өнерге, исбилерменлик көнликпелерине оқытылды.

    Ажырасыўға келип қалған 30 мың 513 шаңарақ жарастырылды. 197 мың 201 кем тәмийинленген шаңарақтың турақ жайлары көмек жолы менен оңланды. Сайхунабад, Зарбдор, Ғиждувон, Уйчи тәжирийбелери тийкарында 4,7 миллион шаңарақта қыйтақ жерден қосымша дәрамат алыў системасы жолға қойылды. "Темир дәптер"ге киргизилген 24 мың 964 шаңарақ, "Ҳаял-қызлар дәптери"ндеги 106 мыңнан аслам ҳаял-қыз ҳәм "Жаслар дәптери"ндеги 97 мыңға шамалас жасқа материаллық жәрдемлер көрсетилди.

    Социаллық қорғаў, сақаўат, қайыр-сақаўат сыяқлы ийгиликли әмеллер мүбәрек Рамазан айында және де айқын көзге тасланбақта. Мәмлекетимиз басшысының "Мүбәрек Рамазан айын мүнәсип түрде өткериў ҳаққында"ғы қарарына тийкарланып, бул пазыйлетли әййям елимизде "Рамазан - сақаўат, тилеклеслик ҳәм кеңпейиллик айы" идеясы тийкарында өткерилмекте.

    Бул теберик күнлерде мүтәжлер, илим-ағартыўшылық жолында изленип атырған жасларға жәрдем берилмекте. Шаңарақлық байланысларды беккемлеў, мәҳәллелерде өз-ара түсинисиў ҳәм исеним орталығын күшейтиў, ҳүрмет ҳәм мийрим-шәпәәт қәдириятларын улығлаўға итибар қаратылмақта. Нураныйлар, наўқаслар, кеўли ярымлардың ҳалынан хабар алыў, оларға хошамет бериўге байланыслы жумыслардың көлеми барған сайын кеңеймекте.

    Жәмийеттиң жарқын жүзи, ҳүжданымыз айнасы

    22-март - Мәҳәлле системасы хызметкерлери күни! Бул байрам жасарыў ҳәм жаңаланыў, мийрим-шәпәәт әййямы - Наўрыз салтанатлары даўам етип атырған қуўанышлы күнде өткерилип атырғанында да өзине тән рәмзий мәнис бар.

    Биз мәҳәлле дегенде, дүньяда сийрек ушырасатуғын, инсанды жәмийет пенен үнлес болып жасаўға үйретип, кеңпейиллик руўхында тәрбиялайтуғын, халық пенен мәмлекет арасындағы исенимли көпир ўазыйпасын атқаратуғын бийбаҳа структураны түсинемиз. Ҳәзирги ўақытта ҳәр бир инсан, миллети, тили ҳәм динине қарамастан, өзиниң турмысын, қуўаныш ҳәм тәшўишлерин мәҳәлледен ажыралған ҳалда көз алдына келтире алмайды.

    Быйылғы байрам шеңберинде "Мәҳәлле - жәмийетимиздиң жарқын жүзи ҳәм ҳүжданының айнасы" идеясы тийкарында 22-28-март күнлери барлық аймақларда "Мәҳәллелерде миллий қәдириятларды беккемлеў ҳәптелиги"н өткериў нәзерде тутылған.

    Ҳәптелик шеңберинде ҳәр бир мәҳәлледе "Абат шаңарақ", "Абат көше" ҳәм "Абат мәҳәлле", "Ең үлгили "мәҳәлле жетилиги" таңлаўлары, "Ең жақсы мәҳәлле китапханасы", "Қызлар әдебин үгит-нәсиятлаўшы" таңлаўлары шөлкемлестириледи. Халық арасында миллий ойынлар ҳәм аския сейиллери өткериледи.

    Жаслар арасында "Мен оқыған китап" таңлаўы, "Мәҳәллем - мениң нәзеримде" сүўретлер ҳәм фотосүўретлер таңлаўы, "Мәҳәллемди жырлайман" сүрени астында қосықлар таңлаўын өткериў арқалы жигит-қызлардың қәбилети жүзеге шығарылады. Көшпели театрлар ҳәм кинофильмлер көрсетиў өткериледи, сондай-ақ, бос жумыс орынлары ҳәм китап ярмаркалары шөлкемлестириледи.

    "Шаңарақ муқаддес" сүрени астында шаңарақларды жарастырыў ҳәм социаллық-руўхый орталықты беккемлеў илажлары көриледи. Жаслар арасында "Қуўнақ спартакиада", футбол бойынша "Мәҳәлле кубоги" жарысы, кекселер арасында шахмат бойынша "Ақыл шарқы" турнири өткериледи. Нураный кекселерди ҳүрметлеў, жәрдемге мүтәж инсанларға жәрдем бериў, шаңарақларында ҳәм қыйтақ жеринде шембилик өткериў менен байланыслы қайырқомлық илажлары шөлкемлестириледи.

    Үлгили мәҳәллелердиң тәжирийбелери, сондай-ақ, "туризм аўылы", "туризм мәҳәллеси" статусын алған аўыл ҳәм мәҳәллелердиң жумысын ғалаба ен жайдырыў бойынша семинарлар шөлкемлестириледи. Халық депутатлары, барлық дәрежедеги мәмлекетлик басқарыў уйымлары басшыларының өз мәҳәллелеринде халық пенен сөйлесиўлери болып өтеди.

    ***

    Абатлық кеўилден, кеўилди алыўдан, ислеген ислеримиздиң нәтийжеси ҳәм халықтың разылығынан басланады. Абатлық бар жерде қут-берекет, турақлы раўажланыў ҳәм келешекке исеним болады. Әсиресе, мәҳәллеңиз таза болса, қәлбиңиз қуўанышқа толып, мийнетке, ўазыйпаңызға да усындай кейпият пенен кирисесиз.

    Пурсаттан пайдаланып, Президентимиздиң "Мәҳәллелерде қыйтақ жерлерден нәтийжели пайдаланыўды шөлкемлестириў арқалы халықтың бәнтлигин ҳәм дәраматларын арттырыўға қаратылған жумысларды буннан былай да жеделлестириў ҳаққында"ғы бийлигиниң орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде "мәҳәлле жетилиги", мәҳәлле белсендилери, көп қабатлы үйлер бийи ҳәм көше бийлери, жыйынлардағы жәмийетлик структуралардың ағзалары төмендеги тийкарғы ўазыйпаларға айрықша итибар қаратыўы зәрүр, деп есаплаймыз:

    - Наўрыз байрамына таярлықты бүгиннен баслаў, мәҳәллелерде, қала ҳәм аўылларда тазалық, ғалабалық ҳәм абаданластырыў илажларын шөлкемлескенлик пенен өткериў;

    - журт абаданлығы, жыйынлар абаданлығы жолында аўызбиршилик болыў, бирлесиў, ҳәр бир шаңарақ, көше ҳәм мәҳәллелер абатлығы ушын жуўапкершиликти мойнымызға алып, адамларды бир мақсетке қарай ҳәрекетке келтириў;

    - социаллық жуўапкершилик, мийнет тәрбиясы, тийислилик сезимин күшейтиў, перзентлеримизде балалықтан ҳадаллық, пәклик пазыйлетлерин қәлиплестириў.

    Бул жерде, бәринен бурын, оларға өзимиз үлги болып, үйимиз, қыйтақ жеримиздиң тазалығын тәмийинлеўимиз, биргеликте терек егип, экологиялық мәдениятқа үлес қосыўымыз зәрүр. Ҳақыйқатында да, үйде алынған тәрбия, ата-ананың өрнеги перзент келешегинде әҳмийетли орын ийелейди.

    Азан менен көше есигиниң алдын сыпырып, ҳәўли ҳәм көшелерди таза сақлаў негизинде әзелий әдет ҳәм қәдириятқа айланған. Бул қәдириятлар менен үнлес тәризде перзент туўылғанда оған арнап нәл ексе, некеден алдын жасларымыз жақсы нийет пенен жерге нәл ексе, мәҳәллелеримиз қысқа ўақытта жасыллыққа бөленеди.

    Терек егиў ҳәм оны тәрбиялаўды миннетлеме емес, қәдирият сыпатында қабыл ететуғын болсақ, бизден перзентлеримизге абат, жасылға бөленген гөззал ўатан мийрас болып қалады.

    Қаҳрамон ҚУРОНБОЕВ,

    Өзбекстан мәҳәллелери аўқамы баслығы,

    сиясий илимлер докторы, профессор

    Телеграм каналымыз
    Text to speech