Ушырасыўда еки мәмлекет арасындағы еки ҳәм көп тәреплеме қатнасықлардың ҳәзирги динамикасы додаланды.
"Сондай-ақ, ушырасыўда экономикалық дипломатия, мәлимлеме технологиялары, халықлар арасындағы байланыслар, мәденият ҳәм басқа да тараўлардағы бирге ислесиўимизди раўажландырыўға айрықша итибар қараттық. Елши мырзаға мәмлекетимизде табыслы жумыс алып барыўында әўмет тилеймиз", - деп жазады СИМ басшысы өзиниң Телеграм каналында.