Япония корпорациясы бир қатар ири жойбарларды әмелге асырыўда бирге ислеседи

    4 шілде 2025 4371

    Усы жыл 3-июльде Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министриниң орынбасары Акрам Алиев " Sojitz Corporation" компаниясының президенти ҳәм бас атқарыўшы директоры Косуке Уемура менен ушырасыў өткерди.

    Sojitz Corporation - 2004-жылы шөлкемлестирилген япон корпорациясы болып, энергетика, инфраструктура, санаат, аўыл хожалығы ҳәм денсаўлықты сақлаў тараўларына қәнигелескен. Компанияның улыўма активлери 19,2 миллиард долларды, хызметкерлер саны болса 25,3 мың адамды қурайды. 2024-жыл июнь айында компания Ташкент қаласында өз ўәкилханасын ашқан, сентябрь айында болса бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған стратегиялық "Жол картасы"на қол қойылған.

    Ушырасыў даўамында Самарқанд қаласында мәмлекетлик-жеке меншик шериклик тийкарында көп тармақлы емлеўхана, Сырдәрья ўәлаятында 1 573 МВт қуўатлылыққа ийе пуў-газ электр станциясы, сондай-ақ, Наўайы ўәлаятында 1 ГВт қуўатлылыққа ийе самал электр станциясының қурылысы сыяқлы ири жойбарларды әмелге асырыў мәселелери додаланды.

    Тәреплер энергетика, денсаўлықты сақлаў ҳәм инфраструктура тараўларындағы инвестициялық жойбарлар портфелин кеңейтиў арқалы стратегиялық шерикликти буннан былай да беккемлеў әҳмийетли екенин атап өтти, деп хабар береди Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлигиниң баспасөз хызмети.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates