"Жасыл мәкан" жасыл келешекке қарай қәдем

    25 қараша 2024 567

    Шаҳрисабз мәмлекетлик педагогикалық институтында "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары шеңберинде көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары избе-из даўам етпекте.

    Бизге белгили, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2023-жыл 23-ноябрьдеги "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбарын избе-из әмелге асырыў арқалы экологиялық турақлылықты тәмийинлеўге қаратылған пәрманы тийкарында мәмлекетимизде экологиялық жағдайды жақсылаў мақсетинде кең көлемли илажлар әмелге асырылмақта.

    Әлбетте бул жойбар халықтың турмыс сапасын арттырыў жолындағы әҳмийетли қәдем болып, мәмлекетимиздиң экологиялық теңсалмақлығын жақсылаўға қаратылған жумысларда айрықша орын ийелейди.

    Шаҳрисабз мәмлекетлик педагогикалық институтында да "Жасыл мәкан" улыўмамиллий жойбары шеңберинде көклемзарластырыў ҳәм абаданластырыў жумыслары избе-из даўам етпекте.

    Атап айтқанда, институт жанындағы академиялық лицейдиң ҳәўлисинде профессор-оқытыўшылардың басламасы менен 200 ге шамалас саяманлы терек нәллери отырғызылды. Сондай-ақ, институтқа бириктирилген Шаҳрисабз қаласындағы 22-улыўма билим бериў мектебинде 100 түп саяманлы ҳәм мийўели терек нәллери егилди.

    - Мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған бундай ийгиликли басламалар тек ғана тәбиятты қорғаў емес, ал қоршаған орталықтың ҳаўасын тазалаў, инсан саламатлығы ҳәм экологиялық теңсалмақлылықты тәмийинлеўге хызмет етпекте. Бул жумыслардың көлеми ҳәм әҳмийети тек ғана бүгинги күн ушын емес, ал келешек әўладлар ушын да бийбаҳа мийрас болып есапланады, - дейди институт ректоры Шерзод Нематов.