Энергетика министрлигиниң мәлим етиўинше, бүгин саат 15:30 жағдайына бола, Өзбекстандағы қуяш ҳәм самал электр станциялары тәрепинен 2025-жылдың басынан берли ислеп шығарылған электр энергиясының муғдары 2 млрд кВт.саатты қурады.

Мағлыўматларға бола, усы ўақытқа шекем қуяш электр станциялары тәрепинен 1 млрд 169,9 млн кВт⋅саат, самал электр станциясы тәрепинен болса 830,1 млн кВт⋅саат электр энергиясы ислеп шығарылған.

2025-жылдың басынан бүгинги күнге шекем самал электр станциялары тәрепинен ислеп шығарылған электр энергиясының муғдары 2024-жылы самал электр станциялары тәрепинен жыл даўамында ислеп шығарылған жәми электр энергиясының муғдарынан (799 млн кВт·саат) көп екенлигин атап өтиў керек.

Буның нәтийжесинде:

- 600 миллион куб метр тәбийий газ үнемлениўине ерисилди;

- атмосфераға 1 млн 176 мың тоннадан аслам карбонат ангидрид ҳәм 1 мың 176 тонна азот оксидлериниң шығыўының алды алынды.

Қалаберди, усы жылдың басынан бүгин, 12-апрель саат 15:30 ға шекем Өзбекстандағы барлық гидроелектр станциялары ҳәм қуяш және самал электр станциялары тәрепинен 3 млрд 707 млн кВт·саат электр энергиясы ислеп шығарылды.

Буның нәтийжесинде:

- 1 млрд 112,1 млн куб метр тәбийий газ үнемлениўине ерисилди;

- атмосфераға 2 млн 179 мың 716 тонна карбонат ангидрид ҳәм 2 мың 179,7 тонна азот оксидлериниң шығыўының алды алынды.

Мағлыўмат ушын: бул көлемдеги электр энергиясы 4 миллион 633 мың 750 шаңарақтың 4 айлық ямаса 1 миллион 544,6 мың шаңарақтың бир жыллық нормативлик базасын қурайды.