Ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў бойынша реже тастыйықланды

    2 желтоқсан 2024 196

    Министрлер Кабинетиниң ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў системасын жетилистириў бойынша илажлар белгиленген.

    Ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Онда төмендегилер белгиленген:

    ири базарларда жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў, сондай-ақ, айрықша жағдайлардың алдын алыў ҳәм сапластырыў илажларын шөлкемлестириў тәртиби;

    видео бақлаў камералары, сигнализация системалары, өрт сигнализациясы, тез жәрдем шақырыў түймелери ҳәм даўыслы хабардар етиў қураллары сыяқлы қәўипсизлик қураллары менен ири базарларды үскенелеў талаплары;

    жәмийетлик тәртипти ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеў бойынша бөлимлер (шөлкем хызметлери) хызметкерлериниң (әскерий хызметкерлердиң) ҳуқықлары ҳәм миннетлемелери;

    объект ҳәкимшилиги, сатыўшылар ҳәм объектке келетуғын шахслардың жәмийетлик тәртипти сақлаў ҳәм өрт қәўипсизлигин тәмийинлеўдеги ҳуқық ҳәм миннетлемелери.

    Ҳүжжетте Өзбекстан аймағындағы ири базарлардың тастыйықланған дизими де келтирилген.

    Ири базар - Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси, ўәлаятлар ҳәм Ташкент қаласы ҳәкимликлери тәрепинен белгиленетуғын орынларда турақлы ямаса ўақтынша жумыс алып барыўшы 300 ҳәм оннан артық турақлы саўда шақапшалары ҳәм дүканлары болған мүлк комплекси.

    Ҳүжжет Нызам ҳүжжетлери мағлыўматлары миллий базасында мәмлекетлик тилде жәрияланған ҳәм 01.03. 2025-жылдан күшке киреди.


    No date selected
    December 2024
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates