Жас хоккейшилеримиз жәҳән чемпионатында жеңиске еристи

    Спорт 4 наурыз 2025 895

    Хоккей бойынша жаслар арасындағы жәҳән чемпионатында Ўатанымыздың абырайын қорғап атырған Өзбекстан U-18 сайланды командасы гезектеги турда жеңиске еристи.

    Атап өтилиўинше, Бангкоктағы “International Ice Hockey Arena” комплексинде III дивизионның "Б" топарында гүрес алып барып атырған жасларымыз Түркменстан сайланды командасын 8:2 есабында жеңди.

    Сайланды командамызға жеңис алып келген ойында түркменстанлылар дәрўазасына жолланған шайбаларға Рустамхонов (3), Камолов, Попов, Равшанов, Дадахўжаев, Азимов авторлық етти.

    Артта қалған 3 ушырасыўда табысқа ерискен жас хоккейшилеримиз "Б" топарында 9 очко менен жетекшилик етпекте. Жерлесимиз Жасурбек Рустамхонов шайбалар узатыўы ҳәм урылған голлар (9+7) есабы бойынша чемпионаттың гол ийеси болып тур.

    4-март күни Өзбекстан U-18 сайланды командасы гезектеги ойында Босния ҳәм Герцеговина командасы менен дусласады.

    Еслетип өтемиз, жәҳән чемпионаты беллесиўлери 6-мартқа шекем даўам етеди.

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates