Бул нызам жойбары менен халыққа пенсия тайынлаў системасына заманагөй мәлимлеме технологияларын жедел енгизген ҳалда мәмлекет тәрепинен көрсетилип атырған хызметлердиң сапасын буннан былай да арттырыў мақсет етилген.
Соннан келип шығып, "Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында"ғы нызамға пенсия алыў жасына жеткен (ерлер 60 жас, ҳаяллар 55 жас) пуқараларға жасқа байланыслы пенсияны олардың өз алдына мүрәжатын талап етпеген ҳалда проактив түрде тайынлаў тәртибин белгилеўге байланыслы өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилмекте.
Сондай-ақ, социаллық қорғаўға мүтәж халық қатламларына барлық напақаларды тайынлаў ҳәм төлеў Социаллық қорғаў миллий агентлигиниң ўәкиллигине өткерилгенлиги мүнәсибети менен "Мәмлекетлик бажы ҳаққында"ғы ҳәм "Халықтың бәнтлиги ҳаққында"ғы нызамларға да өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў усыныс етилмекте.
Фракция ағзалары нызам жойбары менен бир қатар жеңилликлер берилип атырғаны, артықша әўерегершиликлердиң алды алынатуғынын атап өтип, оны қоллап-қуўатлады.