Бәринен бурын, сиз, әзизлерди жаслар арасында өткерилген V Параазия ойынларында ерискен уллы тарийхый жеңисиңиз бенен қызғын қутлықлайман.
Бирлескен Араб Әмирликлериниң Дубай қаласында Азия континентиниң 35 мәмлекетинен 1 мың 500 ден аслам спортшылар қатнасқан кескин ҳәм маўасасыз беллесиўлерде сизлер шын мәнисиндеги мәртлик ҳәм жигерлилик пазыйлетлерин көрсетип, шын мәнисинде жарыс қаҳарманларына айландыңыз ҳәм Өзбекстан паралимпия ҳәрекети тарийхында және бир жарқын бет аштыңыз.
Бул абырайлы спорт әнжуманы даўамында сизлерди мәмлекетимиздиң көп миллетли халқы қоллап-қуўатлап, шын жүректен жеңис ҳәм табыслар тиледи.
Сизлерди мине усындай жоқары исенимди ақлап, 99 алтын, 57 гүмис ҳәм 41 бронза медалды қолға киргизип, континент бойынша улыўма командалық есапта биринши орынды ийелегениңиз ҳәм сыйлы орынлардың ең жоқары қатарына көтерилип атырғаныңыз бенен шын жүректен қутлықлайман!
Турнир даўамында Өзбекстан гимни дерлик 100 мәрте жаңлағаны сизлердиң Ўатанымыздың абырайын жәҳән көлеминде жоқарылатыўға қосып атырған шексиз үлесиңиздиң айқын көриниси болып есапланады.
Сизлер өзиңиздиң үлкен мәртлигиңиз, бүгилмейтуғын ерк-ықрарыңыз ҳәм умтылысыңыз бенен миллий спортымыз жедел раўажланып атырған Иран, Япония, Таиланд, Индонезия сыяқлы мәмлекетлердиң ең күшли сайланды командаларын артта қалдырыўға еристиңиз.
Бундай рекорд нәтийже ҳәм бундай уллы жеңис Өзбекстанның Параазия ойынларындағы қатнасыўы тарийхында ҳеш қашан болмаған.
Ҳеш гүмансыз, сизлер - елимиз спортының даңқлы тарийхы ҳәм дәстүрлерин қәлиплестирип атырған жас әўлад ҳәм жоқары маманлықтағы қәнигелер ең жоқары итибар ҳәм хошаметлерге мүнәсипсиз.
Пүткил халқымыз, пүткил Ўатанымыз сизлер менен мақтанады. Сизлер Өзбекстан паралимпия ҳәрекетиниң алтын әўладысыз.
Қаҳарман ул-қызларымызға даңқ!
Пара пауэрлифтерлеримиз - Баҳриддин Холбутаев, Элбек Фарҳадов, Айшажан Ражаббаева, Рухшан Ўктамова өз салмақ категорияларында жәҳән рекордларын, Нурилло Инобиддинов, Эзоза Абдужабборова, Азизбек Пердебаев, Рухшан Ўктамова, Зиёдахон Боқижонова, Зуҳра Йўлдошева, Гулюз Нематуллаева Азия рекордларын орнатқанын айрықша атап өтиў керек.
Және бир әҳмийетли тарийхый нәтийже: спортшыларымыз Мадина Мухторова, Фароғат Муҳаммадқулова, Моҳичеҳра Ибрагимова пара жеңил атлетикада ядро ылақтырыў ҳәм найза ылақтырыў бойынша қарсыласларына ҳеш қандай имканият қалдырмады ҳәм Өзбекстанға медалларды толық алып берди.
Бул жетискенликлердиң барлығы сизлердиң тынымсыз мийнетиңиз, бүгилмейтуғын ерк-ықрарыңыз, талант ҳәм шеберлигиңиз, инсан қәдирин ҳақыйқый тәмийинлеўге қаратылған избе-из мәмлекетлик сиясаттың нәтийжеси болып есапланады.
Сизлердиң мине усындай уллы жеңисиңиз Жаңа Өзбекстан жасларының қандай жоқары шеклерге ерисе алатуғынын және бир мәрте әмелде көрсетти. Бул жеңис, әлбетте, мыңлаған ул-қызларымыз ушын мақтаныш ҳәм руўх, үлкен тәжирийбе мектеби болады.
Пурсаттан пайдаланып, мине усындай мәрт ҳәм уллы перзентлерди тәрбиялаған ата-аналарыңызға, пидайы ҳәм жоқары профессионал тренерлериңизге, бул жолда бәрқулла қоллап-қуўатлап киятырған барлық жанкүйерлериңизге шын жүректен миннетдаршылық билдиремен.
Әзиз спортшыларым, ҳүрметли тренерлер!
Хабарыңыз бар, жақында елимизде паралимпия ҳәрекетин буннан былай да раўажландырыўға қаратылған айрықша қарар қабыл етилди.
Бул қарар келешектеги жумысыңыз ушын қосымша шараят ҳәм жаңа имканиятлар жаратып, спорттағы жетискенликлериңизди және де беккемлеўге хызмет етеди, деп исенемен.
Әҳмийетлиси, кейинги жыллары Социаллық қорғаў миллий агентлиги шөлкемлестирилип, өз алдына Адаптив спорт түрлери ассоциациясының жумысы жолға қойылды.
Буннан тысқары, бул системада "Мәртлик мектеби" ҳәм тараўда профессионал кадрлар таярлайтуғын арнаўлы институт шөлкемлестирилди.
Нәтийжеде мәмлекетимиздеги мәҳәллелерде спорттың бейимлесиўшең түрлери бойынша бағдарлар саны 89 ға жеткерилди, бул спорт түрлери менен турақлы шуғылланыўшылар саны 45 мыңнан асты.
Инклюзив жәмийетти қәлиплестириў ҳәм майыплығы болған шахслардың социаллық бейимлесиўин тәмийинлеўге қаратылған реформалар буннан былай да избе-из даўам еттириледи.
Ўатанға муҳаббат ҳәм садықлық, беккем ерк-ықрар ҳәм мәртлик пазыйлетлери менен миллионлаған ўатанласларымызға үлги болып киятырған сиз, әзиз ул-қызларымды жаслар арасындағы Параазия ойынларында ерисилген тарийхый жеңисиңиз бенен және бир мәрте қызғын қутлықлап, бәршеңизге беккем денсаўлық, алдағы жумысларыңызда жаңа үлкен табыслар ҳәм жеңислер тилеймен.
Шавкат Мирзиёев,
Өзбекстан Республикасы Президенти








