Жерлесимиз “дәс көтериў” шынығыўында 169 килограмм нәтийжени көрсетип,
төртинши орынды ийеледи. “Силтеп көтериў” де 219 кг, еки гүрес жыйындысы бойынша
388 кг салмаққа ерисип, еки бағдар бойынша бронза медальын қолға киргизди.
Солай етип, Өзбекстан жас аўыр атлетикашылары жәҳән чемпионатын бир гүмис
ҳәм үш бронза медаль менен жуўмақлады.