Өз-ара исеним, әдиллик ҳәм ашық-айдынлық экономикалық турақлылық тийкары

    Жақында салық системасынан хабары бар достым менен сөйлесип қалдым. Оның айтыўынша, бүгин елимиз салық системасында әҳмийетли жаңаланыўлар әмелге асырылып атырған екен.

    Әсиресе, электрон есап-фактуралар (ЭЕФ) менен байланыслы тәртиплерге үлкен итибар қаратылып атырғанын түсиндирип, таң қаларлық бир ўақыяны да мысал сыпатында келтирди.

    Усы жылдың июль айында жаңа ғана дизимнен өткен ҳәм рәсмий түрде шарўашылық жумысы менен шуғылланыў ушын шөлкемлестирилген ЖШЖ өзиниң дәслепки шәртнамасы шеңберинде дерлик 1 триллион сумлық, анығырағы, 896 миллиард сум (соннан 96 миллиард сумы ҚҚС) муғдарындағы қара металл сатыў бойынша электрон есап-фактура рәсмийлестирген. Бул жағдайды еситкеннен кейин, орынлы сораў туўылады: шарўашылық хожалығы қалайынша санаат көлеминде металл сатыў дәрежесине жетеди?

    Енди мәселеге кеңирек қарайық. Негизинде бундай жағдайлар тек ғана бир шахстың епшиллиги ямаса табысқа умтылыўы менен түсиндирилип атырған жоқ. Бул кеңирек түсиникти аңлатады. Тек ғана салық системасының исенимлилигин емес, ал улыўма экономикалық орталықты да гүман астында қалдырады. Себеби есап-санақларға сүйенген жәмийетте, егер есабындағы санлар реал экономикалық жумысты сәўлелендирмесе, ҳәр қандай бизнес қатнасығының тийкары болған өз-ара исенимге зыян жетеди. Бир ҳүжжет артындағы жалған мағлыўмат тек ғана мәмлекетти емес, ал тиккелей қарыйдарды, бирге ислесиўшини, ҳәттеки базарда өз орнына ийе болған басқа да ҳадал исбилерменди де алдап, экономикалық қатнасықлар шынжырында үзилис пайда етеди.

    Себеби, жәмийеттеги өз-ара исеним экономикалық көлемниң көринбес шынжыры болып есапланады. Бир исбилермен ҳүжжетте реал жумысқа сәйкес келмейтуғын мағлыўматты киргизиўи басқа исбилерменде надурыс түсиник пайда етеди. Бул болса оның менен дүзилген келисимде алдаў ямаса белгили бир финанслық қәўиплерге алып келеди. Улыўма нәтийжеде "исенимли бирге ислесиў" деген түсиниктиң қәдири төменлейди. Жәмийетте ҳадал ҳәм нызамлы жумыс алып барып атырған исбилермен де өзин сақлаўға, ҳәттеки исенбеўге мәжбүр болады. Бул базар экономикасындағы раўажланыўға қарсы жағдай.

    Әне усындай қәўипли тенденциялардың алдын алыў мақсетинде мәмлекет тәрепинен салық ҳәкимшилигинде түпкиликли реформалар әмелге асырылмақта. Олардан бири электрон есап-фактураларды қәўип дәрежесине бола автомат түрде баҳалаў системасы болып есапланады. Бул жаңа система 2026-жыл 1-январьдан баслап толық әмелиятқа енгизиледи.

    - Жаңа системаның әҳмийетли тәрепи сонда, электрон есап-фактураны рәсмийлестириў процесиниң өзинде-ақ ҳүжжеттеги мағлыўматлардың исенимлилиги, экономикалық тийкарланғанлығы ҳәм нызам бузылыў итималы автомат түрде талланады. Қәўип дәрежеси жоқары деп табылса, бул мағлыўмат сатып алыўшыға да көрсетиледи. Бул болса жәмийетте исенимсизлик емес, ал қырағылық, қалыс баҳа бериў ҳәм жуўапкершиликти арттырыўға хызмет етеди. Себеби биз көбинесе "исенимли ҳүжжет" деп қабыл еткен мағлыўмат тийкарында қайта тексерилиўи керек болған қуралға айланып қалмақта, - дейди Салық комитетиниң жәмийетшилик пенен байланыслар басқармасы баслығының орынбасары Музаффар Назаров. - Ҳәзирги ўақытта бул система сынақ тәртибинде ислемекте. Ол арқалы исбилерменлер жол қойып атырған көплеген қәтеликлер ҳәм гүманлы есап-санақлар автомат түрде анықланбақта. Бирақ бул жағдайлар бойынша ҳәзирше жаза илажлары қолланылмай атыр. Бул дәўир реформаға таярлық басқышы, салық тәртибин қәлиплестириў ҳәм ҳуқықый сананы арттырыў ушын зәрүр нормаларды белгилеў ўақты болып есапланады.

    Мәселен, белгили бир кәрхананың атына көп миллиард сумлық есап-фактура рәсмийлестириледи, бирақ кәрханада жумысшы күши, үскенелер ямаса логистика қураллары жоқ. Яғный экономикалық операция қағазда бар, бирақ турмыста жоқ. Бундай жағдайлар нызамбузыўшылық деп аталмаса да, әмелде жәмийетте исенимли экономикалық қатнасықларға қәўип есапланады.

    Жаңа системада жоқары қәўипли деп баҳаланған электрон есап-фактуралар улыўма есап бериў дәўириндеги ҳүжжетлердиң 10 процентинен артпаўы керек. Қалаберди, усындай есап-фактураларда көрсетилген ҚҚС (қосымша қун салығы) суммалары тек ғана тийисли төлемлер мәмлекетлик бюджетке әмелде төленгеннен соң ғана есапқа алынады. Бул болса "қағазда емес, ақшаларда" деген принципти алға қояды ҳәм экономикалық қатнасықларда "рәсмийлестириў" емес, ал "әмелге асырыў" өлшемин үстин етеди.

    Негизинде бул автоматластырылған системаның енгизилиўине себеп болған жағдайлар бир неше жыл даўамында топланған тәжирийбе, бақлаў ҳәм таллаўлар тийкарында қәлиплескен. Экономикалық жумыстың ҳақыйқый көринисин сәўлелендирмейтуғын ҳүжжетлер - электрон есап-фактуралар арқалы жүз берген бузылыўлардың көлеми үлкен машқалаға айланған еди.

    2025-жылдың июль-сентябрь айларындағы таллаўларға бола, 27 салық төлеўшилер тәрепинен экономикалық мазмунға сәйкес келмейтуғын операциялар әмелге асырылған. Бул кәрханалар арқалы 281 басқа юридикалық тәрепке 5,9 триллион сумлық есап-фактуралар рәсмийлестирилген ҳәм нәтийжеде 706 миллиард сум ҚҚС есапқа алынған. Бул санлар тек ғана бухгалтерия қәтеси ямаса техникалық насазлық нәтийжеси емес, қастан исленген ҳәрекетлердиң белгиси болып есапланады.

    Гәп жумысшы күши жоқ, мүлкке ийелик етпейтуғын, ҳәттеки, офис ҳәм қоймаханасы болмаған, бир неше айлар даўамында жумыс ислемеген, бирақ бир неше күн ишинде жүзлеген миллиард сумлық товар айланысын ҳүжжетте сәўлелендирген кәрханалар ҳаққында бармақта. Бундай жағдайлар жәмийеттеги әдил бәсеки принциплерине соққы береди. Егер елеге шекем бундай әмелиятларға жол қойылатуғын болса, ҳадал ислеп атырған исбилермен ушын нызам ҳәм базар қағыйдалары өз әҳмийетин жоғалта баслайды.

    Соның ушын да салық уйымлары тәрепинен жаңа системаның енгизилиўи тек ғана фискал қадағалаўды күшейтиў емес, ал бизнес орталығын саламатландырыўға қаратылған әҳмийетли қәдем сыпатында баҳаланбақта. Бул системада инсан қәтеси ямаса субъектив көзқарас ушын орын қалдырылмаған барлық баҳалаў автомат түрде алгоритмлер арқалы әмелге асырылады. Бул болса исбилерменлерге тең шараят, ашық-айдын есап-санақ ҳәм әдил бәсеки орталығын жаратыўға хызмет етеди.

    Итибарлысы, соңғы айларда Салық комитети өзиниң рәсмий веб-сайты ҳәм мәлимлеме каналлары арқалы исбилерменлер тәрепинен жол қойылып атырған қопал қәте ҳәм нызамбузыўшылық жағдайларын ашық жәриялап бармақта. Бул әмелият бир неше тәрептен пайдалы: бәринен бурын, исбилерменлер үйренеди, қәтелеринен жуўмақ шығарады. Екиншиден, жәмийетте есап-санақлардағы анықлық, жумыстағы жуўапкершилик ҳәм экономикалық қатнасықлардағы исеним нормалары беккемленеди.

    Соның менен бирге, бул жаңалық исбилерменлердиң ҳуқықлары менен мәплерин қорғаўға да хызмет етеди. Себеби қарыйдар ямаса бирге ислесиўши есап-фактураның қәўип дәрежеси ҳаққында алдыннан ескертиледи. Бул оған қарар қабыл етиўде және де жуўапкершиликли болыў, гүманлы шәртнама дүзиўден сақланыў ҳәм бизнесин қәўип-қәтерден қорғаў имканиятын береди.

    Жана бизнеске кирип киятырған жас исбилермен ямаса нийет еткен исбилермен ушын ең үлкен тосқынлықлардан бири белгисизлик ҳәм исенимсизлик орталығы. Егер базарда жалған айланыслар ҳүким сүрсе, бул ҳақыйқый мийнет ҳәм баслама арқалы жумыс баслаған адамлардың руўхын сындырады. Сонлықтан, жаңа система тек ғана "тексериўши механизм" емес, ал реформалар арқалы әдилликти орнатыў қуралы болып есапланады.

    Өз-ара исеним, әдиллик ҳәм ашық-айдынлық экономикалық турақлылықтың тийкары болып есапланады. Егер есап-санақларда жалған мағлыўматларға жол қойылса, бул фундаментке зыян жетеди. Бирақ барлық қатнасыўшы - мәмлекет, исбилермен ҳәм жәмийет биргеликте, әсиресе, санлы структуралар арқалы ашық-айдын система жаратыўға ҳәрекет етсе, бул тек ғана салық жыйымларын арттырып қоймастан, ал мәмлекеттеги улыўма раўажланыўға хызмет етеди.

    Электрон есап-фактураларды қәўип дәрежесине бола баҳалаў системасы Өзбекстанда салық тараўындағы түпкиликли реформалардың логикалық даўамы болып есапланады. Бул система жәмийеттеги исеним орталығын қайта тиклеў, бизнесте әдилликти енгизиў ҳәм жумысты санлы системалар тийкарында нызамлы жолға қойыўдың әҳмийетли тийкары.

    Экономикалық қатнасықларда исеним тикленсе, төленген ҳәр бир салық өз орнында қәдирленеди. Исеним күшейсе, бирге ислесиў кеңейеди. Бирге ислесиў кеңейсе, жумыс нәтийжелилиги артады. Нәтийжели жумыс болса, сөзсиз, халықтың абаданлығы ҳәм мәмлекеттиң раўажланыўына хызмет етеди.

    Сардор ТОЛЛИБОЕВ,

    "Янги Ўзбекистон" хабаршысы

    No date selected
    December 2025
    1
    2
    3
    4
    5
    6
    7
    8
    9
    10
    11
    12
    13
    14
    15
    16
    17
    18
    19
    20
    21
    22
    23
    24
    25
    26
    27
    28
    29
    30
    31
    Use cursor keys to navigate calendar dates